Кеўил билдириў
Усы жылдың 7-январь күни, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери, медицина тараўы пидайысы, Мусаева Бибимарям 76 жасында дүньядан өтти.
Мусаева Бибимарям 1971-жылы Ташкент мәмлекетлик медицина институтын табыслы тамамлап, өзиниң мийнет жолын 1971-жылы Тахтакөпир районы орайлық емлеўханасында акушер-гинеколог шыпакер болып ислеўден баслап, қырық бес жыл медицина тараўында тынымсыз мийнет етти.
Ол мийнет жолы даўамында уқыплы, тәжирийбели ҳәм қолы жеңил шыпакер екенлигин көрсете алды ҳәм 1996-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери» атағы берилип, 2021-жылда «Мўътабар аёл» көкирек белгиси ийеси болды.
Мусаева Бибимарям Халық депутатлары районлық Кеңесине бир неше мәрте депутат болып сайлаған. Ол басшылық еткен дәўирлерде бир неше шәкиртлер таярлады ҳәм ҳәзирде шәкиртлери Республика ҳәм район халқына жоқары медициналық хызмет көрсетип келмекте.
Оның жарқын келбети ҳәм жақсы пазыйлетлери бизиң ядымызда мәңги сақланып қалады.
Мусаева Бибимарям апамыздың қайтыс болыўы мүнәсибети менен оның жақынлары, туўған-туўысқанлары ҳәм шаңарақ ағзаларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
Тахтакөпир районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими
Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси