Әскерий тараў хызметкерлерине жаңа турақ-жайлардың гилтлери тапсырылдыҲүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен барлық тараўлар қатарында әскерий хызметкерлерди ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, әскерий қалашаларды абаданластырыў, заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Бүгин Нөкис қаласындағы әскерий қалашада бир топар әскерий тараў хызметкерлери ушын арнап қурылған көп қабатлы турақ жайлардың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды 14-январь – «Ўатан қорғаўшылары күни» ҳәм байрам қарсаңында жана турақ жайлардың тапсырылыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады. Сондай-ақ, бир қатар әскерий тараў хызметкерлерине жаңа үй гилтлерин тапсырды.
—
Ҳарбий соҳа ходимларига янги уй-жойларнинг калитлари топширилдиҲурматли Президентимизнинг алоҳида эътибори билан барча соҳалар қатори ҳарбий хизматчилар ва уларнинг оила аъзоларини ижтимоий қўллаб-қувватлаш, ҳарбий шаҳарчаларни ободонлаштириш, замонавий инфратузилмани шакллантириш бўйича тизимли ишлар амалга оширилмоқда.
Бугун Нукус шаҳридаги ҳарбий шаҳарчада бир гуруҳ ҳарбий соҳа ходимлари учун қурилган кўп қаватли уйлар фойдаланишга топширилиши муносабати билан тадбир бўлиб ўтди.
Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, йиғилганларни 14 январь - "Ватан ҳимоячилари куни" ва байрам арафасида янги уй-жойлар фойдаланишга топширилиши муносабати билан самимий табриклади. Шунингдек, бир қатор ҳарбий соҳа ходимларига янги хонадон калитларини топширди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube