️Жәрийма баллары 12 баллдан асса айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады
Нызам менен, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине киргизилген қосымшаларға бола, төмендегилер ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди:
Жол ҳәрекети қағыйдабузарлықлары бойынша есапланатуғын жәрийма баллары белгиленген муғдардан асқаны ушын ҳәкимшилик жаза қолланылыўы;
👉 @Karakalpak24

✅ Бунда:
️Белгиленген ҳуқықбузарлықлар исленгени ушын транспорт қуралының басқарыўшысына усы ҳуқықбузарлықларда нәзерде тутылған тийкарғы жаза менен бирге жәрийма баллары есапланады. Бунда исленген ҳәр бир ҳуқықбузарлық ушын есапланатуғын жәрийма балының ең жоқары муғдары 2 баллдан артпаўы керек.
Жәрийма баллары белгиленген ҳуқықбузарлықлардан бири биринши мәрте жүз берген күннен баслап бир жыл даўамында есаплап барылады. Усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықлар ушын есапланған жәрийма баллары бир жыл өткеннен кейин транспорт қуралының басқарыўшысынан автоматластырылған түрде есаплап шығарылады.
️Есапланған жәрийма баллары бир жыл даўамында 12 баллдан асқан жағдайларда, соңғы исленген ҳуқықбузарлық ушын белгиленген тәртипте қосымша жаза түринде айдаўшы транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылады. Бундай ҳуқықтан айырыў мүддети 6 айдан кем болмаўы белгиленди.
👉 @Karakalpak24