Каракалпак 24


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Новости и СМИ


Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot
📊 Реклама: @kk24_reklama

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Новости и СМИ
Статистика
Фильтр публикаций


☎️ Ҳәмме билиўи керек болған телефон номерлер дизими:

🚒 101 – өрт өшириў хызмети;
🚔 102 – ишки ислер органлары;
🚑 103 – тез медициналық жәрдем хызмети;
🔥 104 – газ хызмети;
📣 1050 – қутқарыў хызмети;
🌦 1001 – ҳаўа райын билиў ушын байланыс хызмети;
🕰 1004 – анық ўақытты билиў ушын байланыс хызмети;
💊 1069 ямаса (78)140-19-19 - дәрихана ҳәм дәри-дәрманларды табыў ушын байланыс хызмети;
📞 1009 – барлық шөлкемлердиң мәнзили, телефон номерлери, халық - аралық қалалар аралық телефон кодлары, қалалар индекслери ҳәм басқа мағлыўматларды усыныўшы байланыс хызмети.

👉 @Karakalpak24


Ҳаўаны патаслаған қурылыс компанияларының басшылары жазаланыўы мүмкин

Нызамшылық палатасының Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитетинде тийисли нызам жойбары дәслепки тәризде көрип шығылды.

Қурылыс майданларында атмосфера ҳаўасы талапларын бузғаны ушын қурылыс шөлкеминиң лаўазымлы шахсларын БЕМның 10 есесинен 50 есесине шекем жәриймаға тартыў усыныс етилмекте.

👉 @Karakalpak24


❗️Өзбекстанда айдаўшы 6 мәрте қызыл шырақтан өтип кетсе, айдаўшылық гүўалығынан айырылады

Енди жәрийма баллары "Е-jarimaball" системасында есапланады. Бир жыл даўамында, 8 баллға шекем смс арқалы ескертиледи, егер 12 баллдан артып кетсе кеминде 6 ай транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады.

Баллар нелер ушын бериледи?
➖ Светофор қызыл шырақғы - 2 балл.
➖ Қадаған етилген орынларда қуўып өтиў - 1,5 балл;
➖ Тезликти асырыў - 0,5-2 балл;
➖ Рухсатсыз тонировка - 1-2 балл.
➖ ️Айдаўшылық гүўалығысыз, қамсызландырыўсыз ямаса дизимнен өтпестен басқарыў - қағыйдабузарлыққа қарап тийисли баллар бериледи.

️👉 @Karakalpak24


Обьектлер дизими.docx
48.5Кб
Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы және бир өз алдына әҳмийетли пәрманы қабыл етилди
Усы пәрман менен:
Коммерциялық банклердиң балансындағы мүлк объектлерин базар баҳасында қайта баҳалап, 10 жыл даўамында бөлип-бөлип төлеў шәрти менен электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылыўына рухсат етилди.

Атап айтқанда:
▪️Халқ банк 49 дана,
▪️Бизнести раўажландырыў банк 28 дана,
▪️Микрокредитбанк 7 дана,
▪️Миллийбанк 5 дана,
▪️Санаатқурылысбанк 4 дана,
▪️Асака банк 2 дана,
▪️Алақабанк 1 дана
▪️Туран банк 1 дана;

🔹Нөкис қаласы 28 дана,
🔹Қоңырат районы 9 дана,
🔹Тақыятас 9 дана,
🔹Хожели 9 дана,
🔹Елликқала 8 дана,
🔹Қанлыкөл 5 дана,
🔹Нөкис район 5 дана,
🔹Шымбай 5 дана,
🔹Беруний 3 дана,
🔹Бозатаў 3 дана,
🔹Мойнақ 3 дана,
🔹Əмиўдəрья 2 дана,
🔹Кегейли 2 дана,
🔹Қараөзек 2 дана,
🔹Төрткүл 2 дана,
🔹Шоманай 2 дана объектлерди электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылып сатылмақта.
 
☎️ Мағлыўмат ушын тел:
Халқ банк (97) 650-55-00;
Бизнести раўажландырыў банк (97) 788-68-86;
Микрокредитбанк (91) 270-89-89;
Миллийбанк (97) 789-05-50;
Санаатқурылысбанк (91) 266-96-69;
Асака банк (97) 059-11-31;
Алақабанк (97) 220-12-10;
Туран банк (90) 701-87-87;

Реклама


Ҳәзирги ўақытта әмелдеги жәриймалар муғдарлары менен танысып шығың:

➖ Ремен тақбаў – 187 500;
➖ ️Техникалық көрик, биринши медициналық жәрдем топламы – 187 500;
️➖ Ҳүжжетсиз айдаў – 375 000;➖ ️Қамсызландырыўсыз айдаў – 375 000;
➖ Қызылда өтиў – 750 000;
➖ Нызамсыз парковка – 750 000
️➖ Автомобилди мәмлекетлик номерсиз басқарыў – 1 млн 875 мың сум;
➖ Тезлик (+20 км/саат) – 375 000;
️➖ Тезлик (+20-40 км/саат) – 1 млн 875 мың сум;
➖ ️Тезлик (40+ км/саат) – 3 млн 375 мың сум;
➖ ️Қарама-қарсы ҳәрекетлениў – 3 млн 750 мың сум;
➖ ️Мәс ҳалда транспорт қуралын басқарыў – 9 млн 375 мың сум ҳәм 3 жылға шекем машина басқарыў ҳуқықынан айырыў;
➖ ️Рухсатсыз рең бериў – 9 млн 375 мың сум.

👉 @Karakalpak24


❗️️Паспортыңыздың әмел етиў мүддетин тексерип қойың

Мүддети өткен паспортты 1 ай ишинде алмастырмағанлар жәрийма төлейди.

➖ паспортының әмел етиў мүддети таўсылғаннан кейин ямаса фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған жылы ҳәм миллети өзгергенде паспортын 1 ай мүддетте ID-картаға алмастырыўы керек.

➖ әмел етиў мүддети өткен биометрикалық паспортын өз ўақтында ID-картаға алмастырмаў ҳақыйқый емес еки яғный 223-статьясына муўапық ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады.

➖ Бундай ҳуқықбузарлық БЕМның 3 есеси, яғный 1 125 000 сумға шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

️👉 @Karakalpak24


ЖҲҚХ хызметкерлери жеңил автомобиллерде авариялық балға жоқлығы ушын жәрийма салыўға ҳақлы емес

Еслетип өтемиз: авариялық балға тек қана М2 ҳәм М3 категориясына кириўши автобуслар ҳәм жолаўшы тасыўшы транспорт қураллары ушын мәжбүрий болып есапланады.

👉 @Karakalpak24


2,3-klasslar ushın online test!

- Matematika - 10 soraw
- Inglis tili - 10 soraw

📝 Online test @edu_panda telegram kanalında boladı.

🚨 Test waqtı búgin 21:00 de !

❗️Erteń 4-klass oqıwshıları ushın da test boladı!


Xabardı 2,3,4-klass mektep oqıwshıları hám ata-analarına tarqatamız.

Kanalġa aġza bolıń👉🏻@edu_panda

Реклама


️Жәрийма баллары 12 баллдан асса айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады

Нызам менен, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине киргизилген қосымшаларға бола, төмендегилер ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди:

Жол ҳәрекети қағыйдабузарлықлары бойынша есапланатуғын жәрийма баллары белгиленген муғдардан асқаны ушын ҳәкимшилик жаза қолланылыўы;

Бунда:
️Белгиленген ҳуқықбузарлықлар исленгени ушын транспорт қуралының басқарыўшысына усы ҳуқықбузарлықларда нәзерде тутылған тийкарғы жаза менен бирге жәрийма баллары есапланады. Бунда исленген ҳәр бир ҳуқықбузарлық ушын есапланатуғын жәрийма балының ең жоқары муғдары 2 баллдан артпаўы керек.

Жәрийма баллары белгиленген ҳуқықбузарлықлардан бири биринши мәрте жүз берген күннен баслап бир жыл даўамында есаплап барылады. Усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықлар ушын есапланған жәрийма баллары бир жыл өткеннен кейин транспорт қуралының басқарыўшысынан автоматластырылған түрде есаплап шығарылады.

️Есапланған жәрийма баллары бир жыл даўамында 12 баллдан асқан жағдайларда, соңғы исленген ҳуқықбузарлық ушын белгиленген тәртипте қосымша жаза түринде айдаўшы транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылады. Бундай ҳуқықтан айырыў мүддети 6 айдан кем болмаўы белгиленди.

👉 @Karakalpak24


‼️Ҳүрметли пуқаралар!

Телеграмда танысларыңыздан яки танымаған инсанлардан, соның менен бирге, топарлар арқалы "Видеодағы сизбе", "Сизиң фотосуўретлериңизди таўып алдым" мазмунындағы хабарлар менен" "APK" форматтағы файл келсе ашпаң. Бул вирус программа болыўы ҳәм жеке мағлыўматларыңызға ийелик етип, есабыңыздағы пулларды талан-тараж қылыўы мүмкин.

Бул хабарды контактыңыздағы барлық танысларыңызға жеткериң.

Өзиңиздиң ҳәм жақынларыңыздың қәўипсизлигин тәмийинлең!

👉 @Karakalpak24


📊 Қарақалпақстанда жоқары категорияға (ААА) ийе болған исбилерменлердиң улыўма саны 128 ге жетти

Усы жылдыӊ 15-февраль жағдайына муўапық, «Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги» бойынша, Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы жәми 25 700 исбилерменлик субъектлеринен:

•  «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми 128;
•  «АА» категориясына ийе жәми 244;
•  «А» катергориясына ийе жәми 279;
•  «ВВВ» (орта) катергорияға ийе жәми 1047;
•  «ВВ» катергориясына ийе жәми 1911;
•  «В» катергориясына ийе жәми 2534;
•  «ССС» (қанаатландырарлы) категорияға ийе жәми 1483;
•  «СС» категорияға ийе жәми 6072;
•  «С» категорияға ийе жәми 4291;
•  «D» (тѳменги) категорияға ийе жәми 7711 бизнес субъектлери ҳәрекет етип келмекте.

Егер де, кәрханаӊыздыӊ рейтингин бүгинниӊ ѳзинде билмекши болсаӊыз Саўда-санаат Палатасыныӊ веб-сайты арқалы толық мағлыўмат алыўыӊыз мүмкин.

👉 @Karakalpak24


🥳 Maxsus taklif aksiyasida maxsus chegirmalar!

Xonadoningiz uchun yangi texnikalar sotib olishga nima deysiz? Yoki o'zingiz uchun yap-yangi smartfon olishgachi?

Batafsil:
📞 71-203-1203 | Elmakon Chat

Bizning saytimiz | Do‘konlarimiz

Реклама


Өзбекстанда өзине кредит ажыратыўды қадаған ететуғын нызам мақулланды

Сенаттың 20-февральдағы жалпы мәжилисинде өзине кредит ажыратыўды қадаған етиўди нәзерде тутатуғын нызам мақулланды.

Нызамға муўапық:

➖ Физикалық тәреплер менен кредит келисимлерин қадаған етиў ҳәм бундай шахсларды Кредит келисимин дүзиў қадаған етилгенлер реестрине киргизиў тәртиби белгиленди;

➖ Алдаўшылық жолы менен пуқаралардың атына олардың хабарысыз кредит рәсмийлестириўдиң алдын алыў механизмлери жаратылды;

➖ Кредит бюроларының миннетлемелери ҳәм нызамбузыўшылықлар ушын жуўапкершилик илажлары белгиленди.

Нызам пуқаралардың хабарысыз кредит рәсмийлестириў менен байланыслы алдаў жағдайларының алдын алыўға қаратылған.

👉 @Karakalpak24


⚡️Қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын айрықша жеңилликлер берилди

✅ Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы және бир өз алдына әҳмийетли пәрманы қабыл етилди. Усы пәрман менен бир қатар жеңилликлер берилди.

❗️Атап айтқанда:

Министрлер Кеңесиниң қарары тийкарында 2025-2027-жылларда Нөкис қаласында кеминде 500 мың АҚШ доллары, Әмиўдәрья, Хожели, Қоңырат ҳәм Нөкис районлары ушын 300 мың АҚШ доллары, сондай-ақ  Елликқала, Беруний, Төрткүл, Тақыятас, Кегейли, Бозатаў, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир, Шоманай, Қанлыкөл, Мойнақ районлары ушын 100 мың АҚШ доллары эквивалентинде болған ири инвестициялық жойбарлар ушын (соның ишинде, сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларға, еркин экономикалық зоналар, киши санаат зоналары, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары аймақларында) жер участкаларын узақ мүддетли ижара ҳуқуқы менен бериў тәртиби енгизиледи.

2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасында санаатты раўажландырыў ушын тармақларға ажыратылған қаржылар есабынан 100 млн  АҚШ  доллар ажыратылды.

❗️Бунда:

- Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Нөкис, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында киши санаат зоналары шөлкемлестирилип, барлық қолайлықлар ҳәм инфраструктураға ийе болған имаратлар қурылады ҳәм инвесторларға усынылады;

- Киши ҳәм орта бизнес жойбарларын қаржыландырыў ушын исбилерменлерге 10 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи, яғный, кредитлер жыллық 14 процент ставкада, 7 жылға шекемги мүддетке, соның ишинде, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен ажыратылады.

👉 @Karakalpak24


☎️ Зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар қай жерге мүрәжат етиўи керек?

Республикада зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларға жәрдем көрсететуғын 10 нан аслам шөлкемлер бар.

▪️ИИМ Ҳаял-қызларға қарата зорлыққа қарсы гүресиў исеним номери: 1259
▪️Республика зорлық қурбанларын реабилитация ҳәм бейимлестириў орайы: 1146
▪️ИИМ исеним телефоны: 1102
▪️ИИМ Ҳаял-қызлар менен ислесиў басқармасы: +998 (71) 256-14-18

👉 @Karakalpak24


Өзбекстан ҳәм Әзербайжан ID-карталарын өз-ара тән алыў мәселесин додаламақта

ID-карталардан пайдаланыў Өзбекстан ҳәм Әзербайжан пуқараларына сырт ел паспортын алмастан шегараны кесип өтиў имканиятын береди, бул болса саяхат етиў қолайлығын арттырады ҳәм мәмлекетлер арасындағы интеграцияны беккемлейди.

Сондай-ақ, бул қарардың қабыл етилиўи Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы саўда-экономикалық, мәдений ҳәм туристлик байланыслардың раўажланыўына унамлы тәсир көрсетиўи күтилмекте.

👉 @Karakalpak24


Бүгин болып өткен Сенат жалпы мәжилисиндеги жағдай бойынша рәсмий мағлыўмат

Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде "уйқылап қалған" хызметкер денсаўлығы жаманласқаны себепли бөлмеден шықпай турғаны мәлим болды.

👉 @Karakalpak24


Президент Шавкат Мирзиёев жаслар келешеги ҳәм исбилерменлиги ушын 400 миллион доллар ажыратыўға қаратылған 3 қарарды жәриялады

🔹Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў қоры шөлкемлестириледи ҳәм оған 100 миллион доллар ажыратылады.

🔹Жоқары оқыў орны питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеў ушын "Келешекке қәдем" бағдарламасы иске түсириледи ҳәм оның ушын Миллий банкке 100 миллион доллар ажыратылады!

🔹Алоқабанк "Жаслар банки"не айланады - жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын 200 миллион доллар қаржы қаратылады!

ЕҢ ӘҲМИЙЕТЛИСИ: Ҳаял-қызлар исбилерменлигине — банк кредитлериниң кеминде 30%и қаратылады!

Жасларға қандай жаңа имканиятлар жаратылмақта?

️➖ 2,5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредитлер;
2 миллиард сумға шекем стартап инвестициялары;
➖ ѳзин-ѳзи бәнт еткен жаслар - 100 миллион сумға шекем 7 жыл мүддетке жеңиллетилген микроқарыз;
➖ ️20 жасты жумыс пенен тәмийинлеген исбилерменлерге
5 миллиард сўмға шекем 7 жыл мүддетке жеңиллетилген кредит.

️👉 @Karakalpak24


Oqilona investitsiya kiriting: Bashkent TJMda ta'mirlangan xonadonlarga 30% chegirma

1,2 yoki 3 xonali xonadon sotib oling va 100% to‘lovda 30% chegirmaga ega bo‘ling.
Bashkent TJM sotuvlar ofisi ochilgandan keyin 5 kungina muddatda ta'mirdan chiqqan xonadonlarni xarid qilishda 30% gacha chegirmaga ega bo‘ling: ta'mirlangan 1 xonali xonadon 18 ming dollar turadi!

Sizni 22-fevral, soat 13:00 da ochilish marosimida kutamiz. Boshqa aksiyalar va sovg‘alardan bexabar qolmang!

Tafsilotlar telefon orqali: 78 148 55 55

Реклама


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем тайынлаўға онлайн арза жибериў тәртиби менен төмендеги видео арқалы танысың.

👉 @Karakalpak24

Показано 20 последних публикаций.