❗️«Көринбес жынаятшы» углерод оксиди (CO) зәҳәрли газ
Жанылғылар күнделикли турмысымызда кең қолланылады ҳәм ҳәр күни турар жайларымызда қолланылады. Ысытыў қазанлары ҳәм двигателлерде жандырылған газ, нефт, көмир, ҳәттеки ағаш материалларында да углерод оксидин (CO) зәҳәрли газ шығарыўы мүмкин.
Ысытыў үскенелери (котёл) туўры орнатылғанда ҳәм де оларға техникалық хызмет турақлы түрде көрсетилгенде, CO зәҳәрли газ пайда болыў итималлығы сезилерли дәрежеде кемейеди.
Углерод оксиди (CO) зәҳәрли гази менен зәҳәрлениў қурбанларының көпшилиги ысытыў үскенелеринде жетерли дәрежеде ҳаўа алмасыў мүмкиншлиги жаратылмағанлығы нәтийжесинде келип шығады.
✅ Сиз турар жайларда ысытыў үскенелеринен пайдалансаңыз, төмендегилерге әмел етиўиңиз керек:
➖ Ысытыў үскенесин турар жай имаратынан бөлек жайластырыў;
➖ Ысытыў үскенеси орнатылған ханада ҳәм де үскенениң өзинде тийисли самаллатыў илажын ислеў;
➖ Ысытыў үскенеси туўры орнатылыўы, яғный ысытыў үскенесиниң морысы 600 мүйеш астында ямаса тик етип қурылыўы ҳәм де турар жай имаратының төбесинен 50 см шығып турыўы;
➖ Ҳәр жылы, ысытыў мәўсиминен ҳәм де пайдаланыўдан алдын ысытыў үскенесине техникалық хызмет көрсетилиўи, яғный ысытыў үскенесиниң морысы ҳәр түрли шығындылардан тазаланыўы;
➖ Егер сиз көп қабатлы турар жайларда хананы ысытпақшы болсаңыз, онда ишки ысытыў үскенеңиздиң орнына көп қабатлы турар жайға келип турған орайластырылған ямаса локал ыссылық системасына жалғаныўыңыз керек ямаса заводта ислеп шығарылған (қәўипсизлик талапларына туўры келетуғын) ысытыў үскенесинен пайдаланыўыңыз керек.
👉 @Karakalpak24