❓Муғаллимлер қанша ўақыт жумыс орнында болыўы керек?
Муғаллимниң жумыс ўақты оның жумыс жүклемесинен келип шығып анықланады. 1 ставка муғдарда (жоқары классларда 20, басланғыш класларда 18 саат) ислейтуғын оқытыўшы ҳәптесине 36 саат (жоқары класс муғаллими бир күнде 6 саат, басланғыш класс муғаллими 7.2 саат) ислеўи керек.
Улыўма орта билим бериў мәкемеси педагогларының жыллық ис жүклемеси төмендегише есапланады:
✅ 1-4-класслар ушын белгиленген бир ставка муғдарыдағы жумыс жүклемеси ҳәптелик көлемин 1 коэффициентке көбейтиў арқалы, яғный:
18х1=18+18=36х4,3 (ҳәпте) =154
8х43 (ҳәпте)=1548 саат;
✅ 5-11-класслар ушын белгиленген бир ставка муғдарыдағы жумыс жүклемеси ҳәптелик көлеминиң 0,8 коэффициентке көбейтиў арқалы, яғный:
20х0,8=16+20=36х4,3 (ҳәпте) =154
8 х43 (ҳәпте) =1548 саат.
Атап өтиў керек, жоқарыдағы норма тек толық ставкада ислейтуғын хызметкерлер ушын тийисли. Егер оқытыўшы 10 саат сабақ берсе, онда ҳеш ким оған күн бойы мектепте болыўы кереклиги ҳаққында талап қоя алмайды.
✅Оқытыўшы неше саат сабақ берсе, оның күнлик жумыс ўақты сабақ ҳәм педагогикалық жүклемеси нормасынан келип шығып белгиленеди. Мысал ушын, 10 саат сабақ беретуғын жоқары класс оқытыўшы ҳәптеси 18 саат (сабақ ҳәм педагогикалық жүклемени қосқан ҳалда) ислеўи жеткиликли. Ямаса 30 саат сабағы бар оқытыўшы ҳәптесине 54 саат ислеўи керек.
🌐 Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!