Қарақалпақ LIVE


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek


📍 Қарақалпақ LIVE –әҳмийетли ўақыяларды ҳақыйқый ҳәм тезлик пенен жеткерип бериўши жаңалықлар каналы. Биз тек ғана фактлерге сүйенип, жәмийет ушын әҳмийетли темаларды өз ўақтында шығарыўға умтыламыз.
Реклама ушын: @KKLIVE_ADMIN

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Statistics
Posts filter


Электр энергиясы тутыныўшыларының мүрǝжатлерин қабыллаў мақсетинде “Hududiy elektr tarmoqlari” AJ Қарақалпақстан аймақлық филиалының қала ҳǝм районлық электр тǝмийнаты кǝрханаларында нǝўбетши телефон номерлери ислеп турыпты.

◾️Əмиўдарья РЭТ ─ 61-515-44-52, 61-515-19-05

◾️Беруний РЭТ ─ 61-524-26-50

◾️Қанлыкөл РЭТ ─ 61-332-12-87, 61-332-12-85

◾️Кегейли РЭТ ─ 61-412-33-27, 61-412-14-30

◾️Қараөзек РЭТ ─ 61-465-42-28

◾️Қоңырат РЭТ ─ 61-312-20-45, 95-605-01-32

◾️Мойнақ РЭТ ─ 61-322-23-95

8.  Нөкис районы РЭТ ─ 61-424-42-66

◾️Нөкис қаласы РЭТ ─ 61-226-52-55, 61-226-52-56, 61-226-52-57

◾️Төрткүл РЭТ ─ 61-532-30-90

◾️Хожели РЭТ ─ 61-554-22-23, 95-605-01-46

◾️Тахтакөпир РЭТ ─ 61-435-12-82

◾️Шымбай РЭТ ─ 61-444-00-18, 61-444-02-13

◾️Шоманай РЭТ ─ 61-346-16-07, 95-605-01-57

◾️Елликқала РЭТ ─ 61-585-15-89

◾️Тақыятас РЭТ ─ 61-572-28-20, 61-572-69-54

◾️Бозатаў РЭТ ─ 61-415-34-94

◾️Филиалдың Сall-орайы 78-780-07-44, 61-222-99-91

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


⚡️⚡️⚡️Doktorantlar, ilimiy stajyorlar, ilim menen shuǵıllanıwshı bárshege ájayıp jańalıq!
Biz tómendegi xızmetlerimizdi Sizge usına alamız:

1.  “Google Scholar” bazasındaǵı basılımlarda citiruemosttı (H-index) asırıw;
2.  “Scopus”, “Web of Science” bazasına kirgen jurnallarda maqalalar basıp shıǵarıw;
3.  Joqarı impakt faktorlı xalıqaralıq jurnallarda ilimiy maqalalar basıp shıǵarıw;
4. JAK dizimine kirgizilgen Respublikalıq hám shet el jurnallarında ilimiy maqalalar basıp shıǵarıw;
5. Jergilikli hám Xalıqaralıq konferenciyalarda qatnasıw, tezisler basıp shıǵarıw;
6.  Jergilikli hám de shet el ilimiy jurnallar redkollegiyasına aǵzalıq (MKQ 1030);
7. Shet el ilimpazlarınan pikir alıp beriw (avtoreferatqa);
8. Awdarma xızmeti (avtoreferat, maqala, monografiya, sabaqlıq, oqıw qollanba, pasport hám t.b.) Awdarmanı qaraqalpaq, ózbek, qazaq, inglis, rus tillerinen bir-birine isley alamız.

☎️☎️☎️Múrájat ushın telefon nomer hám telegram:
+998 50 007 09 55
☑️☑️☑️telegram:
@Ilimge_qaray

🔥🔥🔥Tolıģıraq kanalımızda:
@ilimge_jol

Реклама


⚡️Енди жумысқа кириўде паспорт, мийнет ҳәм пенсия дәптершеси талап етилмейди

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде жумысқа қабыл етиў ўақтында шахстың паспорты ямаса ID-картасын, мийнет ҳәм пенсия дәптершесине байланыслы мағлыўматларды талап етпей, еркин түрде, соның ишинде, мәлимлеме системаларындағы уйымлараралық интеграцияласыў платформалары арқалы сорап алыў белгиленди.

Буннан тысқары, жүклилиги ямаса перзенти болғаны ушын хызметкерди жумыстан босатыўға шеклеў енгизилмекте. Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Азыў ушын қайсысы жақсы: пияда жүриў ме ямаса жуўырыў ма?

Азыў ушын улыўмалық физикалық шынығыўлар оғада әҳмийетли есапланады. Сондай-ақ, азыў делингенде ең алды менен артықша майлардан қутылыў түсинилиўи керек.

Илимпазлар нәтийжели азыў ушын жуўырыўдан гөре пияда жүриўди усыныс етпекте. Буның себебин видео арқалы билип алсаңыз болады.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


#Балалар_саламатлығы

Балалар ушын телефоннан пайдаланыў нормасы қанша?

- 1 жастан 5 жасқа шекемги балалар компьютер менен шуғылланыўы улыўма усыныс етилмейди.
- 5 жастан 7 жасқа шекемги балалар компьютер ҳәм планшет пенен 10 минут, максимум 20 минут (24 саат ишинде) шуғылланыўы усыныс етиледи.
- 1-класстан 5-класқа шекем, яғный 7 жастан 12 жасқа шекемги балалар күн даўамында 10 -15 минут пайдаланыўы усыныс етиледи.

12 жастан асқан балалар болса бир күнде 3 мезгил 20 минуттан шуғылланыўы мүмкин.

Уйқыдан 30 минут алдын балаларға улыўма телевизор көрмеў, телефоннан пайдаланбаў усыныс етиледи.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


🚀Қарақалпақ LIVE - Исенимли ҳәм оператив хабарлар!


CREDIT AVTO
АВТОКРЕДИТ еклемши базардан
Жыллык пайыз 27.99%

Мәнзил:
Амир Тимур көшеси М.Горкий
Бағдар: Голубой экран

Машынның жылы 2020-жылдан төмен болмау керек

Баслангыш толем 12%

Страхование (Қамсызландырыу) 0,7%
Машынды Бахалау 250.000сум
Нотариус
Алды сатты 500.000
Залог 1.050.000
ГАЙ 4.200.000

Рәсмий дәрамат ШӘРТ ЕМЕС!!!

📅 5-ЖЫЛ МҮДДЕТКЕ.

Егерде кредит сумманын коплеу толесениз основной суммадан дан кайтады

80 млн 2.390.000
90 млн  2.689.000
100 млн  2.988.000
110 млн  3.287.000
120 млн. 3.586.000
130 млн  3.884.000
140 млн  4.183.000
150 млн  4.482.000
160 млн 4.781.000
170 млн  5.080.000
Айма-ай  график бойынша төлеп барасыз

☎️Телефон
+998992924466
+998930002221

Адрес:
Амир Тимур көшеси М.Горкий
Бағдар: Голубой экран

Реклама


Өзбекстанда Президент олимпиадасы шөлкемлестириледи

Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор жыйналысында Өзбекстанда Президент олимпиадасының шөлкемлестирилетуғынлығы мәлим етилди, деп хабар береди Daryo.uz.

Атап өтилиўинше, жылына еки мәрте аймақларда олимпиада спорт түрлери бойынша "Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары" жарысларын өткериў жолға қойылады. Район ҳәм ўәлаяттағы сыйлы орын ийелерин ҳәкимлер хошаметлеп барады.

Ўәлаят басқышының жеңимпазлары ҳәр жылы 10-20-декабрь күнлери Олимпиада қалашасында өткерилетуғын Президент олимпиадасында қатнасады. Жарыс жеңимпазлары болса үй, автомобиль сыяқлы баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Биринши ҳәм екинши орынды алған спортшылар Республикалық олимпиада ҳәм паралимпиада орайына қабыл етиледи. Онда 1-2 курс оқыўшыларына стипендия төлеў жолға қойылады.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Кредит пенен субсидияның парқы қандай?

Кредит латынша creditum - қарыз, credo - исенемен сөзлеринен алынған болып, пул қаржылары, товар ҳәм хызметлерди келисилген үстеме (процент) төлеп қайтарып бериў шәрти менен мәлим мүддетке қарыз бериў есапланады.
Кредит айланысы қарыз бериўши ҳәм қарыз алыўшы ортасындағы экономикалық мүнәсибет есапланады.
Кредит шартнамасы бир тәреп - банк яки кредит шөлкеми (қарыз бериўши) шартнамада нәзерде тутылған муғдар ҳәм шәртлер бойынша басқа тәрепке (қарыз алыўшыға) қаржы бериўди ҳәм қарыз алыўшы алынған муғдарын қайтарыў ҳәм оған процентлер төлеў миннетлемесин алады.

Кредиттиң өзине тән өзгешеликлери. Кредит шартнамасы жазба формада дүзилиўи керек, оның бир нусқасы қарыз алыўшыға бериледи.

Сондай-ақ, кредитте гиреў тәмийнаты болады. Кредитте оны қаплаў тәртиби бар болады. Кредит бойынша есапланған процентлер ҳәм тийкарғы қарызлар банк ҳәм қарыз алыўшы тәрепинен имзаланған кредит шартнамасына қосымша қылынған кестеге муўапық әмелге асырылады.

Буннан тысқары, кредитти қайтармаўдың ақыбетлери де болады. Процент ҳәм тийкарғы қарызды төлеўдиң ҳәр бир кешиктирилген күни ушын банк пеня есаплайды.

Егер қарыздар кредитти қайтарыў миннетлемесин орынламаса, банк қарыздарға гиреўге қойылатуғын мүлкке қарата мәжбүрий өндириў тәртибинде қайтарылады.

Субсидия латынша subsidium сөзинен алынған болып, жәрдем, қоллап-куўатлаў деген мәнисти аңлатады.

Субсидия - мәмлекет бюджети, жергиликли бюджетлер қаржылары яки арнаўлы фондлардан физикалық ҳәм юридикалық шахсларға, жергиликли органларға, басқа мәмлекетлерге берилетуғын пул қаржысы яки натура формасындағы жәрдем есапланады.

Субсидиялар әдетте дәраматы жоқары болмаған шахсларға белгиленген мақсетлер ушын басланғыш төлем яки кредит процент төлемлериниң бир бөлимин қаплап бериў көринисинде мәмлекет бюджетинен ажыратылады.
Субсидия мәмлекет тәрепинен қайтарып алмаў шәрти менен ажыратылады.

Субсидия бул кредитте, қарызда емес. Яғный, сизге субсидия берилгеннен соң сизден оны қайтарыў талап етилмейди.

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Ассалаума әлейкум агайин !!!
Сизлерди жаңадан ашылған   👑ХанШашлык 👑 орайына мират етемиз
Бизде:
🔸 Фарш шашлык             12 000 сум (120 000 сум/кг 12шт)
🔸 Кусковой говядина     20 000 сум (140 000 сум/кг)                                                                             🔸 Бауыр шашлык            15 000 сум
🔸Рулет шашлык              20 000 сум
🔸 Напалеон шашлык        20 000 сум
🔸 Окорочка                        18 000 сум   (80 000 сум/кг)
🔸 Куриные крылышки  18 000 сум  (80 000 сум/кг)
🔸 Балык шашлык           18 000сум  (80 000 сум/кг)
ХАМДЕ МАРИНОВКА КЫЛЫНГАН ТАЙЫН ГОШЛЕР БАР (ФАРШ,КУСКОВЫЙ) 🤗

Манзил: Нукус каласы Боз ауыл 32-маршрут конечный (Айланба жолдын бойы, мирас маркет)
☎️Тел:
(90)-7357277 Марина

Реклама


Ендигиден былай мийнет шәртнамалары электрон тәртипте дүзиледи

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-декабрьдеги 891-санлы қарарына муўапық, жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы мийнет шәртнамалары "Бирден-бир миллий мийнет системасы" мәкемелераралық программалық-аппарат комплекси арқалы электрон тәртипте дүзиледи.

Мийнет шәртнамалары жумыс бериўши тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм тәреплер арасындағы келисимге бола электрон санлы қолтаңба (ЭСҚ) жәрдеминде қол қойылады.

Қол қойылған электрон мийнет шәртнамасын хызметкер өзиниң Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы (my.gov.uz) жеке кабинети арқалы жүклеп алыўы мүмкин.

Мийнет шәртнамаларының электрон рәсмийлестирилиўи нәтийжесинде:

▪️жумыс бериўшилерге қолайлық жаратылады;
▪️процесс әпиўайыласады ҳәм рәсмий емес бәнтлик азайтылады;
▪️мийнет шәртнамаларының нызамлылығын қадағалаў имканияты пайда болады ҳәм хызметкерлердиң мийнет ҳуқықлары бузылыўының алды алынады.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Ата-аналардың мектеп ҳәм бақшаға төлеген пулы салықтан азат етиле ме?

📄 Салық кодексиниң 378-статьясына муўапық, перзентлери ушын ата-ана (перзентликке алыўшылар) тәрепинен мәмлекетлик емес, яғный жеке меншик мектеп ҳәм бақшаларға төлейтуғын пулы дәрамат салығынан азат етиледи.

✅ Бунда салық жеңиллиги ҳәр бир перзент ушын төлемниң 3 млн сумға шекемги бөлегине қолланылады.

📌 Мысалы, ата-ана бир баласы ушын меншик мектепке айына 3 млн сумнан төлеп атырған болса, оның бул суммадан салық жеңиллиги есабынан көретуғын пайдасы ҳәр айда 360 мыңды қурайды.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


😌😋😚😉😍😋

Банклерден кредит ала алмай атырған болсаңыз, кредит историяңыз жаман болса:

▪️ ▪️ ▪️ ▪️ ▪️ ▪️ 💳 ▪️ 💳

🔴 UZUM NASIYA
🔴 ALIF NASIYA
🔴 INTEND UZ
🔴 ZOODMALL
🔴 PAY ME
🔴 ANOR BANK

🚩 Егерде сизге усы платформалар арқалы сизге лимит берилсе кредит есабында шығарып беремен.

Ўақтында төлесеңиз болғаны.

Мүрәжат ушын телефон:
📞 +998993766619
📞 +998913066619

Реклама


Муғаллимлер қанша ўақыт жумыс орнында болыўы керек?

Муғаллимниң жумыс ўақты оның жумыс жүклемесинен келип шығып анықланады. 1 ставка муғдарда (жоқары классларда 20, басланғыш класларда 18 саат) ислейтуғын оқытыўшы ҳәптесине 36 саат (жоқары класс муғаллими бир күнде 6 саат, басланғыш класс муғаллими 7.2 саат) ислеўи керек.

Улыўма орта билим бериў мәкемеси педагогларының жыллық ис жүклемеси төмендегише есапланады:

✅ 1-4-класслар ушын белгиленген бир ставка муғдарыдағы жумыс жүклемеси ҳәптелик көлемин 1 коэффициентке көбейтиў арқалы,  яғный:
18х1=18+18=36х4,3 (ҳәпте) =154
8х43 (ҳәпте)=1548 саат;

✅ 5-11-класслар ушын белгиленген бир ставка муғдарыдағы жумыс жүклемеси ҳәптелик көлеминиң 0,8 коэффициентке көбейтиў арқалы, яғный:
20х0,8=16+20=36х4,3 (ҳәпте) =154
8 х43 (ҳәпте) =1548 саат.

Атап өтиў керек, жоқарыдағы норма тек толық ставкада ислейтуғын хызметкерлер ушын тийисли. Егер оқытыўшы 10 саат сабақ берсе, онда ҳеш ким оған күн бойы мектепте болыўы кереклиги ҳаққында талап қоя алмайды.

✅Оқытыўшы неше саат сабақ берсе, оның күнлик жумыс ўақты сабақ ҳәм педагогикалық жүклемеси нормасынан келип шығып белгиленеди. Мысал ушын, 10 саат сабақ беретуғын жоқары класс оқытыўшы ҳәптеси 18 саат (сабақ ҳәм педагогикалық жүклемени қосқан ҳалда) ислеўи жеткиликли. Ямаса 30 саат сабағы бар оқытыўшы ҳәптесине 54 саат ислеўи керек.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
‼️ Алдаўшылықтың жаңа түри: өзге шахслар енди басқа пуқаралардың номеринен пайдаланбақта

Расул Кушербаев тармақтағы жеке бетине алдаўшылықтың басқа түри бойынша ескертиў видео жәриялады.

Онда басқа шахсқа тийисли болған номерден алдаўшылар пайдаланған ҳалда ИИБ хызметкеримен деп өзин таныстырмақта ҳәм телефон ийесине қарата жынаят иси қозғатылғанын айтпақта. Анық мағлыўматлар соралғанында болса алдаўшылар телефонды өширип таслады. Қайтып қоңыраў қылынғанда әпиўайы пуқара телефон номер өзиники екенин ҳәм телефон қылмағанын айтпақта.

Кушербаев қалайынша байланыс компаниялары бундай қәтеге жол қойып атырғанын да сынға алған.

Ескертиў: Алдаўшылар буған уқсас көпшилик жағдайда рус тилинде сөйлейди. Бундай алдаўшылардан сақ болыўыңызды сораймыз.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Forward from: Elmakon
📢 ELMAKON YARMARKASI! AJOYIB CHEGIRMALAR! 🎉

Elmakon do‘konlarida katta chegirmalar boshlandi! Faqat 14-15-16-fevral kunlari mahsulotlar 80% gacha chegirma bilan sotuvda!

Agar siz xohlagan mahsulot do‘konda bo‘lmasa, uni boshqa filialdan yetkazib beramiz ✅

🔥 Maxsus takliflar:

📱Smartfonlar - 1 659 000 so‘m orniga 1 499 000 so‘m

📺 Televizor2 599 000 so‘m o‘rniga 999 0000 so‘m

🔥 Ferre gaz plitalari2 799 000 so‘m o‘rniga 1 499 000 so‘m

❄️ Aux konditsionerlari5 999 000 so‘m o‘rniga 3 999 000 so‘m

🌀 Changyutgichlar1 499 000 so‘m o‘rniga 499 000 so‘m

🧺 Kir yuvish mashinalari5 999 000 so‘m o‘rniga 3 499 000 so‘m

🧊 Muzlatgichlar3 999 000 so‘m o‘rniga 2 799 000 so‘m

🔥Isitgichlar 999 000 so‘m o‘rniga 499 000 so‘m

❗️
Eslatib o'tamiz, ushbu narxlar naqd hamda muddatli to'lovga amal qiladi. Agar muddatli to'lovga xarid qilmoqchi bo'lsangiz 30% oldindan to'lab, qolgan qismini 12 oygacha bo'lib to'lashingiz mumkin!

Batafsil:
📞 71-203-1203 | Elmakon Chat

Bizning saytimiz


❗️Пенсияға шығыў бойынша жеңилликлер

Нызамға бола, жасқа байланыслы пенсияға еркеклер 25 жыллық стажға ийе болса – 60 жаста, ҳаяллар 20 жыллық стажы болса – 55 жаста шығыўы мүмкин.

➖ Мийнет стажы кеминде 15 жыл болып, оның кеминде 7 жыл 6 айында жер астындағы жумысларда, мийнет шараяты жүдә зыянлы ҳәм жүдә аўыр жумысларда толық жумыс күни даўамында ислеген пуқаралар 10 жыл алдын, яғный еркеклер 50 жаста, ҳаяллар – 45 жаста пенсияға шығыўы мүмкин.

➖ Мийнет шараяты жүдә зыянлы ҳәм жүдә аўыр жумысларда – еркеклер кеминде 5 жыл, ҳаяллар кеминде 3 жыл 9 ай ислеген хызметкерлерге пенсия жасы усындай жумысларда ислеген ҳәр бир жылына тең рәўиште қысқартырылады.

➖ Штатлар қысқарыўы ямаса кәрхананың жабылыўы себепли жумыстан босатылған ҳәм жумыссыз деп табылғанда:

🔹 еркеклер – 58 жасқа толғанда ҳәм стажы кеминде 25 жыл болғанда;
🔹 ҳаяллар – 53 жасқа толғанда ҳәм стажы кеминде 20 жыл болғанда пенсия алыў ҳуқықына ийе.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


14-15-16 kunlari ELMAKONDA MUHIM KUN! 😍

«Elmakon Yarmarka» aksiyamizga tayyormisiz?
Texnikalarni 80% gacha chegirma bilan xarid qilish uchun barchani do'konlarimizda kutib qolamiz! 🔥

Batafsil:
📞 71-203-1203 | Elmakon Chat

Bizning saytimiz | Do‘konlarimiz


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
‼️ Онлайн магазиндеги "мошенник"лерге алданып қалмаң

Бүгинги күнде көпшилик онлайн дүканлар өз өнимлерин арзан баъада усыныс етип товар суммасын алдыннан өткерип алмақта. Сумма өткеннен кейин болса товар ийесине жетип бармайды.

Бундай жағдайға түсип қалмаў ушын жоқарыда келтирилген қағыйдаларға әмел етиң.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Қамақтан азат етилген шахсларға 2,25 млн сўм муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы төленеди

«Халықты социаллық қорғаў системасын қаржыландырыў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Ҳүжжетке муўапық, 2025-жыл 1-майдан баслап еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға БЕМның 6 есеси (2,25 млн сом) муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы «Инсан» социаллық хызметлер орайлары арқалы төленеди.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


#Пайдалы

Ўақытында уйқылаў бойдың өсиўине ҳәм артықша салмақтан қутылыўға жәрдем береди

➖ Саат 22:00 ден 02:00 ге шекем организм өзинен ең көп муғдарда мелатонин ислеп шиғарады. Мелатонин бой өсиўине жуўапкер болган гормон болып есапланады.

➖ Тап усы гормон организмдеги артықша майларды еритиў ушын да жуўапкер. Қалаберсе, коллагенлерди тиклеў қәсийетине де ийе.

Буннан тысқары, бул гормон:

● терини жаңалаў;
● сүйекти беккемлеў;
● иммунитетти көтериў;
● клеткаларды тиклеў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды да атқарады.

🌐 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!

20 last posts shown.