❓ Пенсия тайынлаўда "жумыс стажы аз шығыў" машқаласына дүс келмеў ушин не ислеў керек?
Мәселен, сиз бир шөлкемде ислегеңсиз, бирақ пенсияны есаплаў ўақты келгенде усы ислеген дәўирдеги жумыс стажыңыз системадан шықпай атыр.
Бул машқала сол ўақытта ислегениңиз ҳаққындағы мағлыўматлар Бирден-бир миллий мийнет системасына (my.mehnat.uz) киргизилмегенинен келип шығады.
Бундай жағдайларда сиз шөлкемнен жумысқа қабыл етиў ҳәм жумыстан босатыў ҳаққындағы буйрықлардан көширмелер алған ҳалда ҳәм усы жерде усы дәўир даўамында мийнет жумысын алып барғанлығы фактын тастыйықлаўыңыз керек болады.
☝️ Соның ушын, қандайда бир шөлкемге жумысқа орналасып атырғаныңызда яки оннан босап атырғаныңызда ҳәр дайым шөлкемниң кадрлар бойынша хызметкеринен мағлыўматларыңыз my.mehnat.uz базасында толық санластырылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматларды сорап алың.
📍Информация бағдары @KarPressa