KarPressa


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek


📍 KarPressa –әҳмийетли ўақыяларды ҳақыйқый ҳәм тезлик пенен жеткерип бериўши жаңалықлар каналы. Биз тек ғана фактлерге сүйенип, жәмийет ушын әҳмийетли темаларды өз ўақтында шығарыўға умтыламыз.
Реклама ушын: @TLEPOV_ISLAM

Related channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Statistics
Posts filter


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Жигитлер әскерий хызметке атланды

Бүгин Нөкис қаласы орайындағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жайласқан майданда мүддетли әскерий хызметке шақырылыўшыларды шығарып салыўға арналған салтанатлы иләж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бир қатар жаслардың мүддетли әскерий хызметти өтеўге мүнәсип деп табылып, ана Ўатан алдындағы перзентлик парызын атқарыў ушын атланғаны мүнәсибети менен қутлықлады.

Өткерилген иләжда әскерий оркестр намалары астында Ўатанды қорғаўға атланған жасларға ақ жол тиленип, мәртлер қатарына шығарып салынды.

Мағлыўмат ушын, күни кеше Karpressa телеграм каналының тийкаршысы Жасурбек Аллашов та өзиниң Ўатан алдындағы перзентлик парызын атқарыў ушын әскерий хызметке жол алды.

📍Информация бағдары @KarPressa


⚡️TEMU Өзбекстан нызамларына бойсынбағаны ушын 2025-жыл 20-марттан баслап шекленеди

Сол себепли, пуқаралардан TEMU онлайн дүканынан буйыртпа бериўди тоқтатыў соралмақта.

Егер алдын буйыртпа берилген болса, онда пулды қайтарып алыў мақсетке муўапық болады.

📍Информация бағдары @KarPressa


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
📖 "Jasaw" – turmıs haqıyqatlıqların sáwlelendirgen belgili roman! 📖

Yu Xua – dúnya tán alǵan qıtay jazıwshısı, "Jasaw" romanı bolsa ótken ásir Qıtaydıń ashshı haqıyqatlıqları hám adam táǵdiri haqqında teńi joq shıǵarma!

Tereń filosofiyalıq mazmun — ómir hám gúres haqqında ǵı gúrriń
Dúnya boylap tán alınǵan bestseller
✨ Ádebiyat ıqlasbentleri ushın teńsiz kitap!


💰 Bahası: 69 000 sum
✅ Tólemdi ónimdi qolıńızǵa alǵanıńızda ámelge asırasız!

🚚 Ózbekstan boylap jetkizip beriw xızmeti bar!

📦 Buyırtpa beriw ushın:
👉
https://100k.uz/oqim/610081
👉
https://100k.uz/oqim/610081
👉
https://100k.uz/oqim/610081

*Reklama


❗️Өзбекстан мектеплеринде бәҳәрги дем алыс 21-марттан басланады

Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланған "Улыўма орта билимлендириў ҳаққында"ғы режеге бола, мәмлекеттеги улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары ушын бәҳәрги дем алыс 21-марттан басланып, 7 календар күн даўам етиўи белгиленген.

2025-жылы 21-март жума күнине туўры келеди. 20-март, сәршемби күни мектеплерде III шеректиң соңғы күни болады. IV шерек сабақлары 28-март, жума күнинен басланады.

📍Информация бағдары @KarPressa


⚡️Рәсмий мағлыўмат: Март айында неше күн дем алыс болады?

5 күн жумыс ислеўшилер ушын дем алыс күнлери

1-2-март (Шемби, екшемби)
8-март (Ҳаял-қызлар байрамы)
9-март (Екшемби)
10-март (Қосымша дем алыс күни)
15-16-март (Шемби, екшемби)
21-март (Наўрыз байрамы)
22-23-март (Шемби, екшемби)
29-30-март (Шемби, екшемби)

6 күн жумыс ислеўшилер ушын дем алыс күнлери

2-март (Екшемби)
8-март (Ҳаял-қызлар байрамы)
9-март (Екшемби)
16-март (Екшемби)
21-март (Наўрыз байрамы)
23-март (Екшемби)
30-март (Екшемби)

❗️Быйылғы Ҳайыт байрамы 31-март (дүйшемби) күнине туўры келиўи ҳәм де усы күн де дем алыс күни етип жәрияланыўы күтилмекте.
📍Информация бағдары @KarPressa


⚡️Қарақалпақстанлы 2 қыз «Зулфия» сыйлығы менен сыйлықланды

Төремуратова Бийбиназ Кенесбай қызы ─ Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Нөкис филиалы компьютер инжиниринги қәнигелиги бойынша 1-басқыш магистранты (Қарақалпақстан Республикасы)

Ибрагимова Шахзада Алишер қызы ─ Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң көркем гимнастика бойынша тренери (Қарақалпақстан Республикасы).

📍Информация бағдары @KarPressa


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Беруний районында көп қабатлы жайдың төбеси күшли самал ақыбетинде ушып кетти

2025-жыл 3-март күни саат 06:40 шамасында 17 м/с (60 км/саат)
тезликте ескен самал ақыбетинде Беруний районы «Наўрыз» МПЖ Төрткүл шах көшеси бойында
жайласқан 102-көп қабатлы жайдың шама менен 750 кв.м. майданында туника шифер бастырмасы ушып,
жерге түскен.

Нәтийжеде көп қабатлы турақ жай алдында турған Nexia-2, Spark, Damas ҳәм Lifan электр мотоциклы үстине түсип автомобильлерге зыян жеткен.

Бул көп қабатлы жай 1973-жылы қурылған болып, 2018-жылы төбеси туника шифер менен қапланған.

Ўақыя орнында Беруний районлық АЖБ тәрепинен тазалаў жумыслары алып барылмақта. Ҳәдийсе ақыбетинде дене жарақатын алған пуқаралар жоқ.

Сондай-ақ, жағдай бойынша арнаўлы жумысшы топар тәрепинен жеткерилген зыян анықластырылып, қысқа ўақыт ишинде жәрдем бериў ҳәм тийкарғы жағдайға қайтарыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

📍Информация бағдары @KarPressa


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🔥 Ayaqlarıńızǵa ǵamxorlıq etiń - Turmalinli emlewshi shulıqlar! 🔥

Sizdi ayaqlarıńızdaǵı sharshawlıq, isiw hám awırıw máselesi qıynamaqta ma? Universal turmalinli shulıqlar menen hár kúni qolaylıq hám salamatlıq seziniń!

✅ Erkekler hám hayallar ushın ılayıqlı
✅ Bulshıq et awırıwın azaytadı
✅ Varikoz tamırlarına qarsı gúresedi
✅ Bolajaq analar ushın paydalı
✅ Kóbirek júriw hám qozǵalıwǵa járdem beredi

💰 Bahası: 54 000 sum
🚚 Ózbekstan boyınsha jetkizip beriw bar
💳 Tólem ónimdi qolıńızǵa alǵanda qılasız


📌 Buyırtpa beriw ushın usı jerge basıń:
👉
https://100k.uz/oqim/612222
👉
https://100k.uz/oqim/612222
👉
https://100k.uz/oqim/612222

*Reklama


❗️ Енди сертификаты жоқ абитуриентлер айырым бағдарларға ҳүжжет тапсыра алмайды

📑 2025-2026-оқыў жылындағы қабыллаўдан баслап пәнлер комплексинде шет тили биринши пән сыпатында белгиленген тәлим бағдарларына қабыллаў шет тилин билиў дәрежесин белгилейтуғын миллий ямаса халықаралық сертификат тийкарында әмелге асырылады.

☑️ Яғный, енди қайсы бағдарда шет тили биринши пән (3,1 балл) болса, сол бағдарға тек ғана сертификаты барлар ҳүжжет тапсыра алады.

📍Информация бағдары @KarPressa


❗️Азиз Ташпулатов Ишки ислер министри лаўазымына тайынланды

📍Информация бағдары @KarPressa


❗️Полат Бабажанов Ишки ислер министри лаўазымынан азат етилди

Ол 2017-жыл сентябрьден берли Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри лаўазымында ислеп киятырған еди.

📍Информация бағдары @KarPressa


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🔧 46 bólekli DEKECR-V ásbaplar jıynaǵı – Úyińiz hám avtomobilińiz ushın isenimli járdemshi!

🛠 Universal hám kásiplik jıynaq
🔩 Xrom-vanadiyli polat (CR-V) –
bekkem hám shıdamlı
📏 Ólshemi: 24x12 sm
💰 Bahası: 89 000 sum
🚚 Ózbekstan boyınsha jetkizip beriw bar
✅ Tólemdi – ónimdi qolıńızǵa alǵanıńızda qılasız!

Buyırtpa beriw ushın tómendegi siltemeni basıń:
➡️
https://100k.uz/oqim/611699
➡️
https://100k.uz/oqim/611699
➡️
https://100k.uz/oqim/611699

*Reklama


Өзбекстанда 2025-жыл 1-сентябрьге шекем төмендеги педагоглар мәжбүрий аттестацияға тартылмайды:

▪️жоқары маманлық категориясына (бас оқытыўшы лаўазымына) ийе болғанынан соң усы категорияны (лаўазымды) 15 жыл даўамында сақлап келгенлер ҳәм де үзликсиз жумыс стажына ийе болғанлар;
▪️педагогикалық жумыс бойынша 25 жыл ҳәм оннан көп жумыс стажына ийе болғанлар;
▪️жасқа байланыслы пенсияға шығыўына 5 жылдан көп болмаған ўақыт қалғанлар;
▪️педагогикалық жумыс пенен шуғылланып атырған пенсия жасына толған педагоглар.

Оларға әмелдеги маманлық категориясы (лаўазымы) бойынша ҳақ төленеди.

📍Информация бағдары @KarPressa


⚡️Халық аралық автомобиль жолында музғалаққа қарсы қум-дуз араласпасы себилмекте

А380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының Қанлыкөл районы аймағынан өткен 831-861-км бөлегинде қардан тазалаў, қум-дуз араласпасын себиў жумыслары алып барылмақта.

📍Информация бағдары @KarPressa


Шоманай районының пидайы адамы қайтыс болды

Шоманай районы Тоғай хожалығы директорының орынбасары, пидайы инсан Қалжанов Асқарбай Муратбаевич 2025-жыл 2-март күни қайтыс болды.

Оның шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғы билдиремиз.

📍Информация бағдары @KarPressa

8.3k 0 97 34 136

Video is unavailable for watching
Show in Telegram
‼️Дыққат! Телеграм арқалы тарқалып атырған қәўипли "APK" файллар ҳаққында ескертпе!

Соңғы күнлерде "Ўзбекистон 24" телеканалында сени көрсетип атырғаны ҳаққындағы жалған хабарлар менен бирге "APK" файллар тарқалмақта. Бул файллар телефоныңызға зиян жеткерип, жеке мағлыўматларыңызды урлаўы мүмкин.

Басқаныңызда👇:
🔸Жеке мағлыўматларыңыз урланады.
🔸Банк картаңыздағы пуллар алыныўы мүмкин.
🔸Сизиң атыңыздан досларыңызға усындай зыянлы хабар жибериледи.

❗️Ҳеш қашан гүманлы "APK" файлларды ашпаң! Ҳәттеки жақынларыңыздан болса да, алдын тексериң!

📍Информация бағдары @KarPressa


Сырт ел атамалары орнына өзбекше альтернативлер жазылыўы мүмкин

Өзбекстан Илимлер академиясының илимпазлары сырт ел атамаларын өзбекше альтернативлерине алмастырыў бойынша жәмийетшилик усынысларын көрип шықты.

📍Информация бағдары @KarPressa

7.8k 0 13 28 15

🌍 Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

🗓 2025-жыл 4-6-апрель күнлери Нөкис қаласында биринши Арал мәденият саммити болып өтеди. Бул илаж Қарақалпақстанның экологиялық, жәмийетлик ҳәм мәдений раўажланыўына үлес қосыў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

🔹 Ҳәр 18 айда бир мәрте өткерилетуғын бул саммитте жергиликли ҳәм халықаралық белсендилер, сүўретшилер, илимпазлар қатнасыўы күтилмекте. Олар Аралбойы аймағының келешеги ушын жақсы өзгерислер усынады.

🎨 Көркем өнер, мәденият, дизайн ҳәм илим – саммиттиң тийкарғы бағдарлары есапланады. Илаж шеңберинде аймақ ушын әҳмийетли болған экологиялық ҳәм жәмийетлик мәселелер додаланып, оларға шешим табыў мақсет етилген.

🔍 Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры басламасы менен шөлкемлестирилип атырған бул саммит ҳаққында Қытайдың "Синьхуа" хабар агентлиги де мағлыўмат тарқатты.

📍Информация бағдары @KarPressa


📅 Март айында өзбекстанлылар 13 күн дем алады - бул жылдың ең узақ дем алысларынан бири!

Март айы Өзбекстанда ең көп дем алыс күнлери болатуғын айлардың бири болады. Бул айда улыўма есапта 13 күн жумыс күни болмайды. Бул болса Наўрыз байрамы, Халықаралық ҳаял-қызлар күни ҳәм қосымша дем алыс күнлери менен байланыслы.

📌 Дем алыс күнлери төмендегидей болады:

🔹 1-2-март (шемби-екшемби) – ҳәптениң әдеттеги дем алыс күнлери
🔹 8-9-март (Халықаралық ҳаял-қызлар күни ҳәм екшемби)
🔹 10-март (қосымша дем алыс күни, дүйшемби)
🔹 21-23-март (Наўрыз байрамы ҳәм ҳәпте ақыры)
🔹 24-25-март (Наўрыз дем алысы даўам етеди - дүйшемби ҳәм сийшемби)
🔹 31-март (екшемби)


Бул айдың қолайлықларынан бири - дем алыс күнлери көбейгени себепли шаңарақлық дем алыў, саяхат етиў ямаса жеке ислерге ўақыт ажыратыў имканияты көбейеди. Жумыс күниниң аз болыўы болса айырым тараўларда мийнет кестесин өзгертиўи мүмкин.

📍Информация бағдары @KarPressa

13.5k 0 348 13 43

Нөкисте ҳаўа райы: бүгин ҳәм тарийхый фактлер

🌡 1-марттың орташа температурасы: -2.2°C
🔥 Ең жоқары температура (1-март): -0.9°C
Ең төмен температура (2-март азанда): -12.4°C
🌱 Топырақ бетиндеги минимал температура: -7°C
🌧 Жаўын-шашын: 2 мм

📜 Қызықлы фактлер:
🔺 1-марттың ең ыссы күни: +21.4°C (2005-жыл)
🔻 2-марттың ең суўық күни: -23.0°C (1954-жыл)

Бүгинги суўық температура тарийхый рекордлар дәрежесине жақынласты. Ҳаўа райы кескин өзгерислер болыўы мүмкин, соның ушын сақ болың!

📍Информация бағдары @KarPressa

20 last posts shown.