Картошка жетистириўди раўажландырыўға 400 миллиард сум қаратылады - Президент
Быйыл картошка жетистириўди раўажландырыў ушын Аўыл хожалығы қорынан 400 миллиард сум қаратылады. Бул ҳаққында Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында болып өткен аўыл хожалығы жерлеринде өним жетистириўдиң жаңа системасын енгизиўге байланыслы мәжилисте мәлим етилди.
Атап өтилиўинше, сырт елден алып келинетуғын туқымлық картошка үш жылға бажыхана бажысынан азат етиледи. 2027-жылдан картошкаға талап толық ишки имканият есабынан қапланыўы режелестирилген.
Сондай-ақ, өним жетистириў ҳәм қайта ислеў ушын техникалар жеткерип бериў, дийқанларға қолайлы лизинг өнимлерин усыныў бойынша тапсырмалар берилди.
📍Информация бағдары @KarPressa

"Елимизде ең көп пайдаланылатуғын өнимлерден бири картошка болып есапланады. 290 мың гектарда егилсе де, талабының бир бөлеги импорттан қапланбақта. Себеби сорт ҳәм өнимдарлық жақсы емес.
Сол себепли Картошка жетистириў илимий-изертлеў институтына ықлымға сай, өнимдарлы сортларды жаратыў, "ин-витро" усылында жылына 3 миллион дана түйнек жетистирип тарқатыў ўазыйпасы қойылды," – дейди мәмлекет басшысы.