☝️Ҳуқиқий мәсләҳәт: Ҳуқықыңызды қорғаң!
❗️Егер биреўге исеним билдирип, ҳеш қандай рәсмий келисимсиз қаржы тапсырған болсаңыз ҳәм нәтийжеде сизге ўәде етилген хызмет әмелге асырылмаса ҳәм пул қайтарылмаса, төмендеги шараларды ислеп көриў мүмкин:
1. Прокуратураға мүрәжат етиң. Бундай жағдайларда Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) тийкарында ис қозғатылыўы мүмкин. Егер шахс пулди өз мүтәжликлерине жумсап жиберген болса, ол нызам алдында жуўап береди.
2. Егер шахс пара бериў яки они шөлкемлестириў мақсетинде ҳәрекет еткен болса, оған ҳәм басқа қатнасыўшыларға Жынаят кодексиниң 210, 211 яки 212-статьялары қолланылыўы мүмкин.
☝️Еслетпе: Бундай жағдайлардың алдын алыў ушын тек ғана рәсмий тәртипте ҳәрекет етиң ҳәм нызамсыз жолларға мүрәжат етпең. Нызамсыз ҳәрекетлер арқалы машқаланы шешиўге урыныў өзиңиз ушын да жуўапкершиликке алып келиўи мүмкин.
📍Информация бағдары @KarPressa