Шымбай районында суў тармағындағы насазлық жеделлик пенен сапластырылмақта
Шымбай районы "Оржап" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында, С.Нуримбетов көшесиндеги диаметри 160 мм болған ишимлик суўы тармағында насазлық жүзеге келген еди.
"Қарақалпақ суў тәмийнаты" АЖ Шымбай районы филиалының жумысшы хызметкерлери машқаланы сапластырыў ушын жедел ҳәрекет баслады ҳәм ҳәзирги ўақытта оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Бул жағдай бойынша мағлыўмат каналымызға жайластырылмастан, тиккелей тийисли қәнигелерге жеткерилгенин атап өтемиз. Бул арқалы машқаланы тез ҳәм нәтийжели шешиўге ерисилмекте.
📍Информация бағдары @KarPressa