Forward from: Xojelirk.uz/Рәсмий каналы
Бүгин 2025-жыл 4-февраль күни Хожели районы "Мәденият" мәҳәллесинде жайласқан 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жаңа қосымша имәраты пайдаланыўға тапсырылды. Ашылыў салтанатына район ҳәкими Ж.Ермашев, билимлендириў тараў ўәкиллери ҳәм мектеп жәмәәти қатнасты. Заманогөй имәрат 510 орынға мөлшерленген болып, Президентимиздиӊ 25.12.2023-жылғы «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-404-санлы қарары тийкарында 3,8 млрд.сўмлық қаржы есабынан қурып питкерилди. Иләж даўамында, мийманлар мектептиң ишки шәраятлары менен жақыннан танысып, оқыўшылар ушын жаратылған бәрше қолайлылықларды жоқары баҳалады.