#Қарақалпақстан Республикасы Шанарақ ҳам Ҳаял-қызлар Комитети жанында Жәмийетлик Кеңес дузилдыУсы жылдың 28-январь күни Жәмийетшилик кеңесиниң «Маърифатли аёл – фаровон жамият таянчи» атамасында илимий-дөретиўшилик конференциясы Жаслар орайында болып өтти. Усы конференцияға ЗООМ платформасы арқалы 30 алыма, дөретиўши ҳаял-қызлар қатнасты. Конференцияны модератор Баймурзаева Саодат Ораковна алып барды. Конференцияны Өзбекстан Республикасы Бас министр орынбасары Маҳкамова Зулайхо Бахриддиновна ашып берди. Ол өз сөзинде жәмийетте жаңа ағартыўшылық орталық жаратыўда илимий-дөретиўшилик тараўлардағы ҳаял-кқызлардың искерлигин қоллап-қуўатлаў, руўхый-жетик жәмийетти қурыўда үлгили аналардың ролин кең нәсиятлаў, перзент тәрбиясы, шаңарақты беккемлеў, ҳаял-қызлардың мәнаўиятын раўажландырыў жумысларының нәтийжелигин асырыў мақсетинде Комитет жанында «Аёл маърифати» атамасында илимий-дөретиўши тараў ўәкиллеринен ибарат жәмийетлик кеңес хызмет алып барып атырғанын айтып өтти.
Өз гезегинде, конференцияда озлериниң мазмунлы баянатлары менен сөзге шыккан Жана Өзбекстан университети проректоры, Абу Райхан Беруний атындағы Шығыстаныўшылық институты илимий хызметкери, тарийх пәнлери бойынша философия докторы (PhD) Хилола Назирова «Тарихни кимлар ёзган?» баянаты конференция қатнасыўшыларына үлкен ой салды. Әсиресе, ол өз сөзинде ҳаяллар тымсалы перде атынан сүўретленгени, олардың образлары ҳаяллардың өз дәрежесинде берилмегенин айтты.
Шараф Рашидов атындағы Самарқанд мәмлекетлик университетиниң профессоры Маҳкамой Турсунова өзинин «Медресе қурдырган маликалар» атлы мақаласында Амир Темурдың некесине алған маликалар ҳаққында келтирген мағлыўматлар тийкарында қызықлы фактлерди айтып өтти.
Амир Темур некесинде болған 18 ҳаялына атап сарайлар салдырған. «Боғи Бехишт», «Боғи Дилкушо», «Боғи Шамол» бағлары булардың айқын дәлийли. Сондай-ақ,Амир Темур уллы алым Мырза Улуғбектиң анасы Гаўхаршадбегимге арнап медресе қурғызған, Балх қаласында, Самарқандта, Қоқанда маликалар медресе қурып, мектеп сыпатында пайдаланған. Бул медреселерде маликалар медресе имамларына, мударриске ҳәм басқа да хызметкерлерге пул муғдарын берип отырған.
Тарийх пәнлери бойынша докторы Олимова Дилором Агзамовна Абдурауф Фитраттың «Оила» шығармасы ҳәм оның ҳәзирги дәўирдеги әҳмийети ҳаққында айтып өтти. Алым өз сөзинде Абдурауф Фитраттың «Оила» шығармасы 1914-жылы жазылган. Абдурауф Фитрат Туркистан ҳәм Бухара жадидшилериниң ўәкили еди. Оның пикиринше, "Шаңарақ тийкарын туўры қурмастан ҳәм жас аўладты толық туўры тәрбияламай турып, жәмийетти дүзиў мүмкин емес ҳәм ақыбетинде миллет тәғдири оның шаңарағының жағдайына байланыслы" деген сөзлери аймақлық конференция қатнасыўшыларын терең пикирлесиўге себепши болды.
Буннан басқа да Колумбия университети профессори Шоназарова Азиза Абдумаликовнаның «Ўзбекистон тарихида олима аёллар», Филология пәнлери бойынша философия докторы,«Зия арт» мектеби оқытыўшысы Ачилова Нурхон Нормухаммедовнаның «Хорижда таълим олаётган қизлар тарбиясида миллий қадриятларнинг роли» атамасындағы баянатлар өз мазмуны менен ядымызда қалды.
Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ҳәм шаңарақтағы ролин беккемлеў, олардың ҳуқықларын қорғаў, раўажланыўы ушын мүмкиншиликлерди жаратып бериў ҳәм де олардың мәнаўиятын жетилистириў нәтийжелигин асырыў барысында
Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар Комитети жанынан дүзилген Жәмийетлик Кеңес ағзалары өзлериниң мазмунлы, илимге тийкарланған усыныс, пикир, тилеклери менен Республика ҳаял-қызлары менен нәтийжели жумыс ислейди,деп исенемен.
Сапарова Оралхан ДжолдасбаевнаӨзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы,Халық депутатлары Нөкис қалалық кеңеси депутатыhttps://t.me/shanaraq_ham_hayalqizlar_komitet