Басланғыш партия шөлкеминде Мәмлекетлик бағдарламасының жойбары додаланды
"Басланғыш партия шөлкеми бул
– пуқараларды өз-ара мәплер,
көз-қараслардың улыўмалығы
тийкарында жергилкли, кәрхана,
шөлкем ҳәм мәкемелерде
бирлестирген сиясий партия
шөлкемлериниң басланғыш
буўыны болып есапланады".
Өзбекстан ХДП Мойнақ районлық кеңесине қараслы “Мойнақ СЭС” басланғыш партия шөлкеминде “Өзбекстан – 2030” стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылында әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламасы жойбарының мазмун-мәнисин түсиндириўге бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти.
Ашық пикирлесиў тийкарында өткен илажда Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясы басшысы Х.Ешимбетов сөзге шығып “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылы”нда әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламасы жойбарының мазмун-мәниси ҳақында кеңнен түсиник берип өтти.
Атап айтқанда, “Партия депутатлық топарларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында”ғы партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Атқарыў комитетиниң қарарынде белгиленген “басланғыш партия шөлкеми-депутатлық топар-сессия” системасы тийкарында кең жәмийетшилик додалаўына усынылған “2025-жыл – Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылы” Мәмлекетлик бағдарламасы жойбарына партияның Сайлаўалды бағдарламасында бегиленген ўазыйпалар келип шығып биринши гезекте Басланғыш партия шөлкемлеринен усынысларды қәлиплестириўди жолға қойылыўы арқалы партия электораты мәплерин қорғаўға қаратылған әҳмийетли мәселелер бойынша усыныслар билидирилиўин атап өтти.
Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова, Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы К.Насырова, “Мойнақ СЭС” басланғыш партия шөлкеми баслығы З.Утегеновалар сөзге шығып “2025-жыл – Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылы” Мәмлекетлик бағдарламасы жойбарына өз усынысларын билдирди.
Соның менен бирге, және бир әҳмийетли мәселе 47-“Санаат” сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Рустам Сапарбаев тәрепинен ислеп шығылған “Барлық жаңа туўылған балалар ушын балалар депозитин ашыў бойынша жойбар” ҳаққында кеңнен түсиник берип өтти.
Бул жойбар бойынша депутатлар ҳәм партия белсендилери өз пикирлерин билдирип өтти ҳәм қоллап-қуўатланды.
Күн тәртибиндеги барлық мәселелер көрип шығылып тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Каналға ағза болыў: https://t.me/xdp_qr