⚡️Мектеп ҳәм бағшалардың хызметкерлери ушын жақсы жаңалық!
📑 Министрлер Кабинетиниң "Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына педагогларды аттестациядан өткериў, кәсиплик сертификатлаў ҳәм хошаметлеў системасын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.
✅ Қарарда педагогларымызға төмендеги жақсы жаңалықлар бар:
1️⃣ енди министр қорынан ҳәр айлық үстеме алыў ушын сынақларда барлық пән оқытыўшылары ҳәм бағша тәбияшылары қатнасыўы мүмкин.
❕Алдын сынақларда қатнасыўшы талабанлардың дизими аймақлық кеңеслердиң усынысы тийкарында қәлиплестирилетуғын еди.
2️⃣ педагог кадрларға тариф ставкаларының әмелдеги муғдарларына салыстырғанда 70 процент муғдарында қосымша ҳақы төлеў тәртиби тастыйықланды;
3️⃣ маманлық категориясы тест сынақларында қатнасып (еки басқышта), жоқары ҳәм биринши маманлық категориясына ерискен (ямаса сақлаған) және 86 ҳәм оннан жоқары балл топлаған педагогларға бериледи;
4️⃣ енди Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги тәрепинен берилетуғын улыўма билим бериў пәнин билиў дәрежеси ҳаққындағы сертификатқа ийе болған педагоглар гезектеги мәжбүрий аттестацияның биринши басқышы (қәнигелик пәни ҳәм кәсип стандарты) бойынша маманлық сынағынан азат етиледи.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!