⚡️
Ҳәр бир шаңарақ ийеси әпиўайы болған өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын сақлаўы тийис:
- Жас өспирим балаларды шырпы менен ойнатпаң ҳәм сыртынан қулпырып қараўсыз қалдырмаң;
- Печ морыларының жанғыш материаллардан исленген бастырмасы 40 сантиметр қашықлықта болыўы шәрт ҳәм өз ўақтында қурымлардан тазалаў керек. Морыларда жарық болмасын;
- жылытыў қазанлары морыларын тазалатып турың ҳәм сазлығына итибәр бериң;
- Ысытыў үскенелерин жағып қараўсыз қалдырмаң ҳәм ҳәдден тысқары ысып кетиўине жол қоймаң;
- Газ үскенелеринен дурыс пайдаланың ҳәм газ ийисин сезсеңиз, электр үскенелерин қоспаң, шырпы жақпаң;
- Газ үскенелерине жақын жерге кийим-кеншеклерди кептирмең;
- Газ үскенелерине резиналы шланга жалғамаң;
- Електр ток есаплағыштағы предохранительлерди сым менен орамаң, утюг, телевизор ямаса радио кабель қабыллағышларды қойып қараўсыз қалдырмаң ҳәм балаларға исенип таслап кетпең;
- Сертификатқа ийе болмаған, ислеп шығарыўы белгисиз болған жасалма электр жылытыў үскенелеринен пайдаланбаң;
- стандарт талабына жуўап беретуғын электр жылытыў үскенелерин пайдаланғанда қараўсыз қалдырмаң;
- Өрт пайда болғанда 101 ямаса 1050 телефон номерине хабар бериң.
Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.👉
@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар