⚡️Жумыссыз пуқаралар қанша муғдарда алимент төлейди?
✅ Шаңарақ кодексиниң 140-статьясына бола, егер алимент төлеўши усы дәўирде ислемеген болса ямаса оның ис ҳақы ҳәм (яки) дәраматын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер жоқ болса, алимент қарызы өндирилип атырған ўақытта Өзбекстандағы орташа айлық ис ҳақы муғдары бойынша есаплап шығарылады.
☝️Яғный, алимент төлеўши ҳеш жерде рәсмий (приказной) ислеп атырған болмаса ямаса ҳүжжетсиз ислеп жүрген, бирақ дәраматының анық есабын шығарыў имканы болмаса (мысалы, фирма ашпастан үй-жай «ремонты» менен шуғылланып жүрген пуқара айлығын нақ пулда алса оның есабын анықлаў имканы болмайды), оның төлейтуғын алимент муғдары Өзбекстандағы орташа айлықтан келип шығып есапланады.
📈 Статистика агентлигиниң мағлыўматына қарағанда, Өзбекстанда орташа айлық муғдары көтерилген болып, бүгинги күнде ол 5 357 200 сумды қурайды.
❗️Демек бүгинги күнде жумыссыз пуқара өзиниң перзентлери ушын ҳәр айда төмендеги муғдарларда алимент төлейди:
🔸бир бала ушын — 1 346 798 сум;
🔸еки бала ушын — 1 795 731 сум;
🔸үш ҳәм оннан артық балалар ушын — 2 693 597 сумнан кем болмаған муғдарда.
🧮 Егер пуқараның жумысы болып, турақлы дәраматы (айлығы) болса, ол мына калькулятор арқалы төлейтуғын алимент муғдарын анықлап алыўға болады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!