❓Кимлер пенсияға еки жыл алдын шыға алады?
✅ “Мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы Нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер, хызметкерлер санының (штатының) өзгериўине ямаса жумыс қәсийетиниң өзгериўине алып келген жумыс көлеминиң қысқарғанлығы ямаса кәрхананың сапластырылғанлығы себепли жумыстан босатылған ҳәм жумыссыз деп тән алынған пуқаралар:
🔸еркеклер – 58 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 25 жыл болғанда;
🔸ҳаяллар – 53 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 20 жыл болғанда.
❗️Яғный, пенсия жасынан еки жыл бурын пенсияға шығыў ушын кәрханада штатлар қысқарса ямаса кәрхана улыўма жабылса, мийнет стажы кеминде еркеклер ушын 25 жыл ҳаяллар ушын 20 жыл болыўы керек.
🔰 Бундай жағдайда ертерек пенсияға шығыў ушын не ислеў керек?
1. Хызметкер “сокращение”ге түскен күннен баслап 30 күнниң ишинде бәнтликке көмеклесиў орайына (биржа труда) барып жумыс излеўши ретинде дизимнен өтеди.
2. Бәнтликке көмеклесиў орайы бул пуқараға 3 айдың ишинде еки мәрте туўры келетуғын жумысты усыныс етеди. Туўры келетуғын жумыс - бул хызметкердиң қәнигелигине, ден саўлығына туўры келетуғын, жасаў жерине узақ болмаған жумыс.
3. Туўры келетуғын жумыс табылмаса, бул пуқара жумыссыз деп дизимге алынады ҳәм тийисли формадағы усынысты 5 күнниң ишинде Пенсия қорына жибереди.
4. Пенсия қоры усы усыныс тийкарында пуқараға ўақтынан бурын пенсия тайынлайды.
☝️Егер пуқара жумыс ислеп атырған болса, ўақтынан бурын тайынланған пенсия пуқара улыўма пенсия жасына (еркеклер 60 жасқа, ҳаяллар 55 жасқа) толғанға шекем төленбейди.
🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
Каналға ағза болың
👉@Xaliq_ushin👈🏻