Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы Министриниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы Министри Қ.Айтбаев баянат жасады.
Қарақалпақстанда 2024-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың рейтинг баҳалаў көрсеткишлери, әмелий режелери ҳәмде бул бағдарда анықланған машқалаларды сапластырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Министрлик, оның қала ҳәм районлық бөлимлери, министрлик қурамындағы кәрханалар тәрепинен 2024-2025-жыллар даўамында көп квартиралы үй-жай фондын сақлаў, олардың техникалық жағдайларын монторинг етиў, соның ишинде, үй-жай фондын ири ҳәм жеңил оңлаў, үй-жайларды басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў, ыссылық тәмийнаты системаларын раўажландырыў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.
Республикамыздың қала ҳәм районлары аймақларында жәми 1634 көп квартиралы турақ жайлар бар болып, соннан, 1156 жайға 31 басқарыў шөлкемлери ҳәм 91 жайға 10 турақ-жай ийелери шерикликлери хызмет көрсетип келмекте.
Усы жыл даўамында көп квартиралы турақ жайларға хызмет көрсетиўши басқарыў шөлкемлериниң 931,3 млн. сумлық мәжбүрий төлемлери есабынан 86 көп квартиралы турақ жайларға жеңил оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube