Ҳүрметли ата-аналар!!!
Қарақалпақстан медицина институты Университет Клиникасында наўқасларды емлеў ушын медициналық стандартларға толық жуўап беретуғын шараятлар жаратылған. Клиника туўма нуқсан менен туўылған балаларға кең түрде диагностика ҳǝм жоқары технологиялық операция арқалы жәрдем көрсетип келмекте.
Атап айтқанда, усы жылдың сентябр-октябрь айларында Академик В.Вахидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия орайының хирург шыпакерлери, Республика балалар ортопедия орайының жоқары дәрежели травматолог-ортопедлери, Ташкент медицина Академиясының жүз-жақ хирурглары республикамыздағы туўма нуқсаны бар болған балаларды операция жолы менен емлеў ушын ҚМИ Клиникасына келип бийпул операцияларды ǝмелге асырды.
Усындай қайырқомлық акцияларды даўам еттириў мақсетинде усы жылдың 2-ноябрь сǝнесинде Балалар миллий медицина орайы хирурги Султанов Ҳошимжон, 11-ноябрь сǝнесинде Республика қәнигелестирилген хирургия илимий әмелий медицина орайының Кардиохирурги Умид Мурадовтың командалары ҚМИ клиникасына келеди.
Егерде ишки қурылыс кесселиклери (аномалия) ҳǝм туўма жүрек нуқсаны бар болған балалардың операция ислениўине ҳǝм емлениўине мүтәжлиги бар болса, ҚМИ Клиникасына 29-октябрь сǝнесинен баслап регистрациядан өтип, Клиникада жатып тексериўден өткерилиўи ҳǝм таярланыўы керек.
Барлық медициналық хызметлер бийпул ǝмелге асырылады!
Мағлыўмат ушын телефон:
+998913955644
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube