Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
🙄 ҚӘДИР ТҮНИ ҚАНДАЙ ТҮН ЕКЕНИН БИЛЕСИЗ БЕ?
📕 Бул түн — Қураны кәрийм нәзил етиле баслаған. "Әлбетте, Биз оны (Қуранды Лаўҳул-маҳфуздан биринши аспанға) Қәдир түни нәзил еттик" (Қодр сүреси, 1-аят).
🧎♂️ Бул түн — Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам уйқыламай, түнди ибадат менен өткерер еди.
🌙 Бул түн — "...мың айдан жақсырақ" (Қодр сүреси, 3-аят).
🟢Бул түн — қылынған әмеллер 1000 айда қылынған әмеллерден абзал ҳәм саўабы көп.
🗣Бул түн — периштелер тынымсыз мөмин-мусылманлар ҳақына салаўат ҳәм сәлемлер айтады.
🤲 Бул түн — ҳаққында Расулулдаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким Қәдир түнин ийман ҳәм ықлас пенен уйқысыз өткизсе, оның сол түнге шекемги қылған бәрше гүналары мағфират қылынады", (Имам Бухарий, Имам Муслим, Имам Термизий рәўияты) деген.
✅ Бул түн — Аллаҳ таала уйқысыз болыўшы бенделерин басқа айлардан көре көбирек сый-саўаплар менен сыйлықлайды.
🔵Бул түн — ыссы да, суўық та болмайды. Оның таңында қуяш қызғыш болып шығады.
💧 Бул түнде — қуяш шығаман дегенше тынышлық ҳәм қәтержамлық ҳүким сүреди. "Ол (түн) – таң атқанша саламатлық" (Қодр сүреси, 5-аят).
🤲 Бул түн — ҳаққында Айша разыяллаҳу анҳа: “Я Расулуллаҳ егер Қәдир түнин таўсам не деп дуўа қылайын?” деп сорады. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Сен: “Аллооҳуммә иннәкә ъафуўўун, туҳиббул ъафўә фаъфу ъанний”, деп айт”,– деди”.
Мәниси: “Ҳәй Аллаҳ, әлбетте, Сен кешириўшисең, кешириўди жақсы көресең. Мени (гүналарымды) кешир” (Имам Термизий рәўияты).
👁Бул түнде — қылынған әмеллер дерлик 84 жыл тоқтаўсыз қылынған ибадатқа тең. Ал, 84 жыл шама менен 30 мың 295 күнге тең. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Үмметимниң өмири алпыс пенен жетпис ортасында. Азлары ғана оннан тысқары болады", деген (Имам Термизий рәўияты).
🤝 Бул түн — гийне-душпаншылық, жек көриўшилик, қапашылықлар умытылатуғын, ҳәмме бир-биринен разылық ҳәм де кеширим сорайтуғын түн.
🗣 Бул түн — бәршемизге мүбәрек болсын!
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz