❗️
Өзбекстанда 1-апрельден баслап тәбийғый газ тарифлери қымбатлайды2025-жыл 1-апрельден баслап барлық тутыныўшылар ушын 1 куб метр газ баҳасы 1800 сумға шекем, АЖҚШлары ушын 2500 сумға шекем, ыссылық электр станциялары ушын 1800 сумға шекем қымбатлайды.
Ноябрьден февральға шекем даўам ететуғын жылытыў мәўсиминде халыққа жеткерип берилетуғын тәбийғый газдиң бир кубометри ушын баҳа:
➖ 500 куб метрге шекем болғанда 650 сумнан 1000 сумға шекем артады;➖ 500 ден 2500 куб метрге шекем болғанда 1800 сум;
➖ 2500 ден 5000 куб метрге шекем 2100 сум;
➖ 5 000 ден 10 000 куб метрге шекем 2500 сум;
➖ 10 мың куб метрден жоқары болғанда 3 000 сумнан болады.
2025-жыл 1-апрельден март-октябрь айларындағы тарифлер:
➖ 100 куб метрге шекемги газ пайдаланылғанда 650 сумнан 1000 сумға шекем артады;➖ 101 кубометрден 2500 кубометрге шекем 1800 сум;
➖ 2500 ден 5000 кубометрге шекем 2100 сум;
➖ 5000 ден 10000 куб метрге шекем 2500 сум;
➖ 10 мың куб метрден жоқары болганда 3000 сум етип
белгиленеди.
Халық ушын суйылтырылған газ тарифи 1 кг ушын 2000 сумға шекем арттырылады.
🌐
Қарақалпақ LIVE —
ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!