❓ИИБ хызметкери ️пуқараның мобил телефонын тексере алама?
📄 "Оператив-излеў жумысы ҳаққында"ғы нызамның 16-статьясының биринши бөлимине бола, турақ жай қол қатылмаслығына, жазыўлар, телефон арқалы сөйлесиўлер ҳәм басқа да сөйлесиўлер, байланыс тармақлары арқалы узатылатуғын почта, курьерлик жибериўлери ҳәм телеграф хабарларының сыр сақланыўына болған ҳуқықларды шеклеўши, сондай-ақ абонентлер ямаса абонент қурилмалары арасындағы Банк сырын қурайтуғын мағлыўматларды алыўға қаратылған оператив-излеў иләжларының өткерилиўине прокурор санкциясы тийкарында жол қойылады, нызамшылықта белгиленген жағдайлар буған кирмейди.
✅ Буннан түсиниў мүмкин, пуқараның телефонын тексериў ушын прокурордың санкциясы керек. Булсыз пуқараның телефонын ҳеш ким тексериўге ҳақлы емес.
🔹Кешиктирип болмайтуғын жағдайларда, усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған оператив-излеў илажларын өткериўге оператив-излеў жумысын әмелге асырыўшы уйымның басшысы тәрепинен тастыйықланған тийкарланған қарар тийкарында жол қойылады, бул ҳаққында прокурор жигирма төрт саат ишинде мәжбүрий түрде хабардар етиледи.
🔸Яғный бул жерде де еки шәрт болыўы керек, бириншиси, кешиктирип болмайтуғын жағдай болыўы керек, екиншиси, оператив-излеў илажларын өткериўге оператив-излеў жумысын әмелге асырыўшы уйым басшысы тәрепинен тастыйықланған тийкарланған қарар болыўы керек. Яғный егер кешиктирип болмайтуғын жағдай болса да, хызметкердиң қолында тийкарланған қарар болыўы шәрт.
Дерек
🌐 Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!