#зәкат
БАЙЛЫҚҚА БЕРЕКЕТ БЕРЕТУҒЫН ИБАДАТТЫ БИЛИП АЛЫҢ!
“Зәкат” сөзликте «арттырыў, пәклеў, берекет» мәнилерин аңлатады. Ҳақыйқаттанда, зәкаты берилген мал-мүлк пәкленип, оған берекет киреди.
Шәрият термининде болса, мал-дүньясы нысабқа жеткен адамның ҳәр қамарий жылда бир мәрте малының қырқтан бир бөлегин Аллаҳ таала парыз қылған ҳақ ийелерине бериўи «зәкат» делинеди.
Зәкат динимиздиң бес тийкарғы үстининен бири болған матеряллық ибадат саналады. Қуран ҳәм сүннет пенен беккем тастыйқланған болып, ким оны жалған десе диннен шығады, ал исенип орынламаған адам үлкен гүна қылған болады.
Зәкат ҳижраттың екинши жылы парыз қылынған. Ол балағатқа жеткен, ес-ақылы пүтин, мүтәжлигинен ҳәм қарызларынан тысқары жыл толған, нысаб муғдарындағы көбейетуғын мал-мүлки бар мусулманға парыз болады.
Зәкат берип атырғанда, яки мүлкинен ажырап атырғанда оның зәкат екенин нийет қылыў лазым.
Зәкатты алып атырған мүтәж адам оның зәкат екенлигин билиўи шәрт емес.
Бирақ, зәкат бериўши оны нийет қылып бир жарлы яки жетимниң қарнын тойдырса, ол зәкат орнына өтпейди.
Зәкат Қуран ҳәм сүннетте «садақа» деп те аталған. Салық төлеў зәкат орнына өтпейди, себеби зәкат мүтәж болғанларға, оның мүлки қылып берилиўи шәрт.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz