#ҳәдис
ОРАЗА ҲӘМ ҚУРАН ЕКЕЎИ АҚЫРЕТТЕ БЕНДЕНИ ШӘПӘӘТ ҚЫЛАДЫ
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген: “Ораза ҳәм Қуран (Қыямет күни) бендени шәпәәт қылады. Ораза айтады: “(Пәрўардигарым,) мен оны күндизи тағамнан, нәпси қәлеўлеринен тосқанман. Енди оны шәпәәт қылыўым ушын руқсат бер”. Қуран айтады: “(Пәрўардигарым,) мен оны түнде уйқыдан қалдырғанман. Оны шәпәәт қылыўым ушын руқсат бер”. Сонда (ораза ҳәм Қуранға бендени) шәпәәт қылыў имканияты бериледи”.
😢 Имам Аҳмад, Ҳаким, Байҳақий, Табараний раҳимаҳумуллаҳлар рәўият қылған.
✈️ @MagzaniyshanUz