#рамазан_жақынласпақта
Рамазанды қандай күтип аламыз?🙄 Рамазан айын тәўбени туўрылап алыў, ағайинлер менен араны үзиў, ата-анаға ақ болыў, мусылманларды наҳақ айыплаў, басқаларға қарата гийне, көре алмаўшылық, кибр сыяқлы иллетлерден қәлбти пәклеп алыў, кәмбағал ҳәм мүтәжлерге итибар көрсетиў, намазларды қайым қылыў, Рамазан айындағы тараўиҳ намазлары, сүннет намазлары, сәске ҳәм ўитр намазларын оқыўда беккем болыў менен күтип аламыз. Мине сондай, нийет пенен күтип аламыз ҳәм байрамлаймыз, себеби Роҳман болған Аллаҳ бизлерге нәзер салады. Әлбетте, Аллаҳ субҳанаҳу ўа таала усы айдағы өз ара жақсылықларға жарысыўымызды да көреди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтқанындай:
"Аллаҳға өзлериңиздеги қайыр-жақсылықты көрсетиң".
✈️
@MagzaniyshanUz