Мен ҳүрметли дем алысқа шығаман дегенше жәмәәтимиз бенен дәстанлардың дерлик барлық вариантлары таяр ҳалына келди. Қарақалпақ фольклорының 100 томлығының илимий басшысы мен. Бул жумысларыңыздың нәтийжеси қандай болды, оған қанаатланасызба деген сораўыңызға айтар жуўабым – қанаатланбайман.
Фольклордың 100 томлығының академиялық басылымын қазақлар да шығарып болды. Ѳзбеклер еле шығарып атыр. Әне, академиялық басылым деген сондай болады. Бизде я редколлегиясы жоқ, я текстологиялық таллаў жоқ. Терең илимий таллаў жасалыўы керек еди. Қала берсе, жыраўлардың ҳәм оннан жазып алғанлардың ѳмир баянлары, жыраўдың устазы, ол қайсы мектептен шыққан, дәстанды жазып алған адамның билими, дәстанды жыраўға жырлатып отырып жазып алды ма ямаса кѳширип алды ма деген сыяқлы кѳплеген әҳмийетли мағлыўматлар жоқ. Мен 100 томлықты жобаластырған ўақтымда алдыма қойған мақсетим, бизиң қол жазба фондымызда турған дәстанлардың барлық вариантларын бастырыў еди. Олардың ҳәр варианты ҳәр түрли мектептен шыққан таптырмайтуғын байлығымыз. Дәстанлары жоқ халықлар бар. Биз бул мийрасларымызға итибарсыз болмаўымыз керек.
Қарақалпақ фольклорының 100 томлығында белгисиз себеплер менен атым кѳрсетилмеген. Анығында халық дәстанларының илимий басшысы мен.
– Сарыгүл апа, ҳәзир қаншадан-қанша жас илимпазлар жетилисип киятыр. Оларға айтар тилеклериңиз.
– Ҳәзир заман басқа. Қарақалпақ тилин жетик билгениң менен алға илгерилей алмайсаң. Илимниң шегарасы жоқ. Шет ел илимпазлары менен байланысыў, излениў, олардан үйрениў ушын заманагѳй технологиялар жетерли. Тек дүнья тиллерин меңгериў керек. Бизлер шет тиллерин билмегенликтен кѳп нәрселерден утылдық. Сырт мәмлекетлердиң оқыў орынлары ректорлары талай мәрте жумысқа шақырды, тил билмеймен. Жаслық тил үйрениў ушын таптырмайтуғын дәўир, оннан барынша пайдаланып қалыў керек. Илим кийели. Онда ҳадаллық баслы талаплардың бири. Кисиниң мийнетин ийелеўди тарийх кеширмейди, ўақты келгенде қалқып шығады. Буны ҳеш қашан умытпаўыңыз керек.
Сәўбетлескен: Пердегүл
Хожамуратова,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.
t.me/kketnografiya