Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: not specified


Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз.
Байланыс ушын:
@Allamuratova1512

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Statistics
Posts filter


Video is unavailable for watching
Show in Telegram


Жакында фейсбукта ,70-80 жыллары жазылган каракалпак косыкларынын заманагой форматта айтылып шыккан вариантларын сорап едим, себеби сол косыклар текстти хам намалары жуда жаксы жазылган. Сол посттан кейин маган "Саудигим" косыгынын кавер версиясын Маманбий Даулетбаев тарепинен аткарылган аудиожазбасын жиберипти подписчиклеримнин биреуи. Енди сол аудиожазба менен фейсбукта болисейин десем, негедур дауысын оширип таслай береди. Себеби алдында сондай 1-2 ситуация болып еди, бизин каракалпакша косыкларга кимлердур "авторское права" хукыкын ийелеп алган уксайды, бирак ким екенин аныклай алмай журмен. Сонын ушын телеграммдада болисип кормекшимен, косыктын заманагой варианты менен, бул жердеде дауысын оширип таслайма екен, ямаса еситилерме екен, соны аныклау ушын!))


Мен ҳүрметли дем алысқа шығаман дегенше жәмәәтимиз бенен дәстанлардың дерлик барлық вариантлары таяр ҳалына келди. Қарақалпақ фольклорының 100 томлығының илимий басшысы мен. Бул жумысларыңыздың нәтийжеси қандай болды, оған қанаатланасызба деген сораўыңызға айтар жуўабым – қанаатланбайман.
Фольклордың 100 томлығының академиялық басылымын қазақлар да шығарып болды. Ѳзбеклер еле шығарып атыр. Әне, академиялық басылым деген сондай болады. Бизде я редколлегиясы жоқ, я текстологиялық таллаў жоқ. Терең илимий таллаў жасалыўы керек еди. Қала берсе, жыраўлардың ҳәм оннан жазып алғанлардың ѳмир баянлары, жыраўдың устазы, ол қайсы мектептен шыққан, дәстанды жазып алған адамның билими, дәстанды жыраўға жырлатып отырып жазып алды ма ямаса кѳширип алды ма деген сыяқлы кѳплеген әҳмийетли мағлыўматлар жоқ. Мен 100 томлықты жобаластырған ўақтымда алдыма қойған мақсетим, бизиң қол жазба фондымызда турған дәстанлардың барлық вариантларын бастырыў еди. Олардың ҳәр варианты ҳәр түрли мектептен шыққан таптырмайтуғын байлығымыз. Дәстанлары жоқ халықлар бар. Биз бул мийрасларымызға итибарсыз болмаўымыз керек.
Қарақалпақ фольклорының 100 томлығында белгисиз себеплер менен атым кѳрсетилмеген. Анығында халық дәстанларының илимий басшысы мен.
– Сарыгүл апа, ҳәзир қаншадан-қанша жас илимпазлар жетилисип киятыр. Оларға айтар тилеклериңиз.
– Ҳәзир заман басқа. Қарақалпақ тилин жетик билгениң менен алға илгерилей алмайсаң. Илимниң шегарасы жоқ. Шет ел илимпазлары менен байланысыў, излениў, олардан үйрениў ушын заманагѳй технологиялар жетерли. Тек дүнья тиллерин меңгериў керек. Бизлер шет тиллерин билмегенликтен кѳп нәрселерден утылдық. Сырт мәмлекетлердиң оқыў орынлары ректорлары талай мәрте жумысқа шақырды, тил билмеймен. Жаслық тил үйрениў ушын таптырмайтуғын дәўир, оннан барынша пайдаланып қалыў керек. Илим кийели. Онда ҳадаллық баслы талаплардың бири. Кисиниң мийнетин ийелеўди тарийх кеширмейди, ўақты келгенде қалқып шығады. Буны ҳеш қашан умытпаўыңыз керек.

Сәўбетлескен: Пердегүл
Хожамуратова,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.

t.me/kketnografiya


Халықаралық кѳлемдеги конференцияларды ѳткериўдеги тәжирийбемниң азлығы пәнт берген жерлери де болды. Мен усы конференцияға БМШ тың бас хаткери Халик Маликти де мирәт етпекши болдым ҳәм Гүлбәҳәр деген институт хызметкериниң сырт елде оқыйтуғын, дем алысқа келген баласына Х.Маликтиң атына жазылған мирәтнама менен конференцияның бағдарламасын берип: «Мына хатты БМШ ға алып барып аўыздағыларға таслап кетпе. Халик Малик жумысқа келген ўақтын аңлып турып, ѳзиниң қолына услат» деп тапсырдым. Ол усылай ислеген, мирәтнаманы оның қолына услатқан. Анығында ҳүкиметти атлап БМШ менен байланысыўға ҳақым жоқ екен.
Мирәтнаманы оқып кѳрген Х.Малик тәртип бойынша Ѳзбекстан ҳүкиметине Нѳкиске конференцияға баратуғынын билдирген. Ташкент болса, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине… Мени Министрлер Кеңеси Баслығының сол ўақыттағы орынбасары Ә.Тәжибаев шақырып «Сарыгүл ойласпастан не ислеп жүрсең? Халықаралық конференция ѳткериў ушын рухсатнамаң қәне? Қаржың барма?» деп сорады. Мен тийисли уйымнан алған рухсатнамамды кѳрсеттим, бирақ ажыратылған қаржы жоқ еди. Енди кейинге қайтыўға жол жоқ екенин түсинген Ә.Тәжибаев қолынан келген жәрдемин аяған жоқ.
Конференцияға бир ҳәпте қалған ўақытта Ѳзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалының баслығы Т.Ещанов конференцияға шекем «Едиге» дәстанын китап етип баспадан шығарасаң деген тапсырма берди. Китап шығаратуғын пул жоқ. Илажсыз Ташкентке ЮНИСЕФ ке атландым. Барып «Едиге» дәстанының әҳмийетин, бурын китап болып басылмағанын, жағдайларымды түсиндирдим. Шѳлкем тезлик пенен китапты басып шығарыў ушын қаржы ажыратып, туўры «Қарақалпақстан» баспасының есап бетине ѳткерди. Баспа директоры М.Нызановтың тиккелей жәрдеми менен «Едиге» дәстанының Ѳтенияз жыраў варианты үш күнниң ишинде китап болып баспадан шықты.
Ҳақыйқатында да конференциямыз басланып атырған ўақытта Х.Малик аўдармашысы менен жетип келди ҳәм шығып сѳйледи. Ол қуры қол келмей, институтымыз ушын 8 мың долларды Министрлер Кеңесиниң есап бетине ѳткергенин айтты…
Буннан кейин Соппаслы Сыпыра жыраў ҳаққында халықаралық конференция ѳткериў ушын ҳүкиметке усыныс пенен шықтым. Бирақ, қәнигелер Соппаслы Сыпыра жыраў аңызларда ғана бар, оның орнына «Қарақалпақ халық творчествосы ҳәм искусствосы» деген темада халықаралық конференция шѳлкемлестириў мақсетке муўапық деген шешимге келди. Бул конференцияға да шет мәмлекетлерден мийманлар шақырылып, жоқары дәрежеде ѳткердик.
– Қарақалпақ фольклорының 100 томлығын баспадан шығарыў ушын жан күйдирип баслама кѳтергениңизден, дәстанларды баспаға таярлағаныңыздан кѳпшиликтиң хабары бар еди. Бундай басламаға не түртки болды? Кейин ҳүрметли дем алысқа кеттиңиз. Жетик фольклорист сыпатында кең жәмийетшиликтиң қолына тийген 100 томлық туўралы пикирлериңиз бенен ортақлассаңыз.
– Қарақалпақ фольклорының 100 томлығын баспадан шығарыў мәселесин ҳүкиметимиздиң алдына қойыўымның ең тийкарғы себеби қарақалпақ фольклоры ең бай фольклорлардың биринен саналады. Дәстанларымыз қол жазба фондында бир данадан сақланып киятыр еди. Ҳеш ким тәбийғый апатлар болмайды деп кепиллик бере алмайды, сонша қол жазбаға зыян келген жағдайда олардың тәғдири не болады деген сораў мени бәрҳа қыйнар еди. Бул машқаланың шешимин устазымыздан таптым. Ташкентке ҳәр барғанымда атақлы ѳзбек фольклористи Тѳре Мырзаның алдына барып ислеп атырған жумысларымыз, жаңалықларымыз туўралы әңгимелесер едик. Бир барғанымда ол фольклордың 100 томлығының академиялық басылымын таярлап атырғанын айтты. «Китап басып шығарыў аўыр машқала болып турған ўақытта 100 томды қалай шығарасыз?» деп сорадым оннан. «Асықпай таярлап қоя беремиз, ўақты келеди» деди ол. Мен қуўанып кеттим. Себеби, мени ойландырып жүрген машқаланың шешимин тапқан едим. Оған жан берген Тѳре Мырзаның усы гәпи болды. Сол жердиң ѳзинде Қарақалпақ фольклорының 100 томлығының академиялық басылымын баспадан шығарамыз деп алдыма үлкен мақсет қойдым. Нѳкиске келип асықпастан оның барлық тийкарларын хатқа түсирдим ҳәм ҳүкиметимиздиң алдына мәселе етип қойдым.


Ол дәўирлерде миллий машқалалар тартыслы түс алған еди. «Ҳәзирги заман қарақалпақ романлары» деген докторлық диссертациямды жазыў барысында мен тийкарды қарақалпақ фольклорынан изледим ҳәм таптым. 1984-жылы «Фольклор және қарақалпақ совет прозасы» атлы монографиям рус тилинде басылды. Бул мийнетимди қоллап-қуўатлаған З.С.Кедринаның «Сизлер ѳзи турысыңыз бенен фольклорсыз ғой» дегенин елеге шекем умытпайман. Солай етип, 1987-жылы жақлаған докторлық диссертациямда қарақалпақ романларының тамыры фольклорда екенлигин дәлилледим. Илимий жумысларым бойынша москвалы атақлы илимпаз, әдебиятшы Т.Т.Давыдова «Вопросы литературы» журналында «Бул изертлеў жумысы тек қарақалпақ әдебияттаныў илиминде ғана емес, ал, дүнья филология илиминдеги жаңалық» деп жоқары баҳа берди. Фольклорист болып қәлиплесиўиме усы жағдайлар себеп болды ҳәм мени институтымыздың фольклор бѳлимине ѳткерди.
– Институт директоры лаўазымында ислеген ўақтыңызда қарақалпақ халық дәстанлары «Қырқ қыз», «Едиге»ге бағышланған ҳәм «Қарақалпақ халық творчествосы ҳәм искусствосы» атамасында үш халықаралық конференция ѳткердиңиз. Бул конференциялардың илим, қарақалпақ фольклоры, келешек ушын әҳмийети қай дәрежеде болды? Нәтийжелерин нелерде кѳрдиңиз?
– Бул халықаралық конференциялар биринши гезекте қарақалпақ халық дәстанларын дүньяға танытыўда, илимий байланыслардың күшейиўинде үлкен әҳмийетке ийе болды. «Қырқ қыз» дәстаны тек қарақалпақ халқында ғана бар екенлиги мойынланды. Келген мийманлар халқымыз ѳз дәстанларын қай дәрежеде сүйетуғынын, улығлайтуғынының гүўасы болды. Дүньяның түрли мәмлекетлеринен илимпазлар жыйналған бул конференцияның изи улыўма халықлық байрамға айланып кетти. Арал теңизиниң үш мәрте қурыўына байланыслы үш мәрте қоныс жаңалап қайта оралыўдай дәрбедәрликти басынан кеширген қарақалпақлар таптырмас миллий байлығы болған дәстанларын, фольклорын кѳзиниң қарашығындай сақлап, келешек әўладларға жеткергенин дүнья илимпазлары тән алды. Орайлық Азиядан, Туркия, Кипр, Азербайжан, Қазақстаннан келген мийманлар бизиң аймағымыздағы тарийхый естеликлерди, музейлеримизди тамашалаў ушын саяхатлар шѳлкемлестирилди. Қала сыртындағы ипподромға халық лек-лек болып ағылып, миллий спорт ойынларын – гүрес, ат шабыс, қошқар дүгистириў, сондай-ақ 40 торы атта қурал-жарағын асынған 40 қызды, қара атларға минген қалмақларды, олардың қылышласыўларын кѳргенлер ҳақыйқый майдандағыдай қыйқыў салысты. Булардың бәри шет еллердиң баспасѳз бетлеринде жәрияланды. Бул тек мен ушын емес, пүткил халқымыз ушын үлкен жетискенлик болды.
Усындай ири халықаралық кѳлемдеги илажды ѳткериўге Қарақалпақстан ҳүкимети кѳп жәрдемлер кѳрсетти.
«Қарақалпақ халық дәстаны «Едиге» және оны изертлеў мәселелери» деген темада халықаралық конференцияны шѳлкемлестириўимиздиң де ѳз алдына тарийхы бар. Бул дәстан татар, ноғай, башқурт, қазақ халықларында да бар. Бирақ, «Едиге»ниң биздегидей толық варианты ҳеш бир халықта жоқ. Аты дүньяға белгили тюрколог В.М.Жирмунскийдиң «Едиге» дәстанының толық варианты қарақалпақларда» деген баҳасы бийкарға айтылмаған. Буны дүнья билиўи керек еди.
«Едиге» дәстаны бурынғы аўқамның тийисли қарары тийкарында ярым әсирге жуўық изертленбеди. Дәстанды жыйнаў да қадаған етилди. 2001-жылы биз халықаралық конференция ѳткизген ўақытта сол қарар еле бийкарланған жоқ еди. Бул надурыс қарар болғанлығын, «Едиге» дәстаны халқымыздың бийбаҳа мүлки екенин халықаралық дәрежеде тән алдырыўды алдымызға мақсет етип қойдық. Конференцияға Япония, Туркия, Германия, Орайлық Азия, Қазақстан мәмлекетлеринен илимпазлар қатнасты. Олар шығып сѳйлегенде конференцияның әҳмийетине жоқары баҳаларын берди. Мысалы, Қазақстан Илимлер академиясының академиги Рахманқул Бердибаев трибунадан «Едиге дәстаны бизлерде де бар. Бирақ, сизлер бул мәселени биринши болып кѳтердиңиз, түркий тиллес халықларға үлги болдыңыз. Мәрт екенсизлер, сизлерге рахмет» деген еди.


Усы жылы 14-июль күни Ташкент қаласына барғанымызда Сарыгүл апаның шаңарағында болдық. Саатлап сәубетлестик. Естеликке сүуретлерге түстик.Бизлерди мазалы тағамлары менен мийман қылған келинине рахмет. Соның нәтийжесинде Пердегүл апа жақсы мақала таярлады. Оны газетаға бердик. Мине, соны сизлерге де усынып отырмыз.

Профессор Сарыгүл Баҳадырова 80 жаста

Қарақалпақтың мәрт қызы

Қарақалпақстан илими, әдебияты тарийхында ѳшпес из қалдырып киятырған алым ҳәм жазыўшылардың бири, филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Беруний атындағы Ѳзбекстан мәмлекетлик, К.Рерих атындағы халықаралық сыйлықлардың ийеси Сарыгүл Баҳадырова быйыл 80 жастың асқарынан кѳринди. Ол фольклор ҳәм әдебият бойынша 400 ге жақын илимий мақала ҳәм мийнетлердиң, жазыўшы сыпатында «Анама хат», «Ҳаяллар», «Адамды адам бахытлы етеди», «Адам қәдири», «Кешиккен солдат», «Рәўшан», «Тәғдир» (роман дилогия), «Тумарис ҳәм Кир», «Избасар Фазылов жѳниндеги эссе», «Суңқар еди қанатынан қайырылған» сыяқлы бир қатар повесть ҳәм романлардың авторы. Ол ҳәзир де дѳретиўшилик ислери менен бәнт. Жақында оның «Қарақалпақ қандай халық?» ҳәм «Қарақалпақ халық дәстанлары» атлы китаплары баспадан шықты.
С.Баҳадырова педагогикалық институтын тамамлаған 1966-жылы Ѳзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бѳлиминиң Н.Дәўқараев атындағы Тарийх, тил ҳәм әдебият институтына лаборант болып жумысқа қабылланған болса, мийнет жолы даўамында барлық басқышлардан ѳткеннен соң 2001-жылдан баслап узақ жыллар усы институттың директоры лаўазымында жемисли мийнет етти. Ол 2007-жылдан бери Ташкент қаласында жасап атыр.
Дѳретиўшилер қай жерде жүрсе де қәлемин тасламайды. Жақында журналист Арыўхан Турекеева менен «Дүрмен» сапарымыз даўамында Сарыгүл апаның шаңарағында болдық. Әңгимемиз оның ѳмир ҳәм мийнет жоллары, ѳз басламасы менен ѳткерген үш халықаралық конференциясының әҳмийети, Қарақалпақ фольклорының 100 томлығын таярлаўға қосқан үлеслери, соңғы жыллардағы дѳретиўшилик жумыслары дѳгерегинде болды.
– Сарыгүл апа, «Еркин Қарақалпақстан» газетасында ислеп жүрген гезлеримде сиз бенен кѳп сәўбетлес болдым. Булар изсиз кетпеди. Ѳзиңиздиң илимий мақалаларыңыздан басқа да сиз бенен сәўбетлеримиз, ѳтинишимизге бола жазылған халқымыз тарийхында аты қалған барлық қарақалпақ ҳаяллары ҳаққындағы қунлы мийнетлериңиз газетамызда жарық кѳрди. Ѳмириңиз туўралы сораўларымызға «мениң ѳмир баяным ярым бетке де жетпейди-аў» деп гәпти қысқадан қайырар едиңиз. Юбилей мүнәсибети менен усы сораўды сизге және бермекшимиз.
– Мен әдебиятшы едим. Педагогикалық институттың тарийх, тил ҳәм әдебият факультетин тамамлағанман. Ѳзим ислеген институтта лаборант, киши, үлкен илимий хызметкер болып иследим. Соңынан «Қарақалпақ совет әдебияты» секторына басшылық еттим. Рус тилинде баспадан шыққан «Қарақалпақ совет әдебияты» атлы китаптың авторларының биримен. Сол мийнетим ушын Беруний атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болдым.
Мен илим жолы кийели деп түсиндим ҳәм оған ѳмирим даўамында садық болдым деп екиленбестен айта аламан. Кандидатлық ҳәм докторлық диссертацияларымда дүнья тән алған илимпазлардың илимий басшы болыўы мениң бахтым еди. «Ҳәзирги заман қарақалпақ гүрриңлери» деп аталған кандидатлық диссертацияма академик М.Нурмухаммедов басшылық етип 1970-жылы жақлаған болсам, докторлық диссертациямды москвалы атақлы тюрколог, профессор З.С.Кедринаның илимий басшылығында жаздым.
Илим иркилмей кете берерликтей айдын жол емес. Оның қыйыр-шыйыр соқпақлары, бийик асыўлары кѳп. Мен докторлық диссертацияға қол урған 1970-жыллардан кейин бурынғы аўқамның жоқарғы аттестациялық комиссиясы тәрепинен докторлық диссертациялар рус тилинде жазылыўы ҳәм рус тилинде китап болып баспадан шығыўы керек деген қатаң талап қойылды.Бул талап қарақалпақ тилинде оқыған, барлық илимий жумысларын қарақалпақ тилинде жазған мен ушын аңсат кешпеди. Илимий жумысларыма қоса тил үйрениўге шынтлап киристим. 1978-жылы «Роман ҳәм дәўир» атлы монографиям баспадан шықты.




ДӘМЕХАН СОТ

       ДӘМЕХАН СОТ [1920-2001жж]. Халқымыз ҳүрметлеп лақабы менен тек деп атаған Дәмехан Әбдижалиева 1920-жылы Тахтакөпирдиң 6-аўыллық кеңесинде туўылған. 1938-жылы Ташкент юридика мектебиниң толық курсын питкерген. Соннан баслап ҳуқық қорғаў уйымларында Тахтакөпир, Қараөзек районларында прокурор жәрдемшиси, прокурор лаўазымларында хызметлер ислеген. Соның ишинде 1942-44-жыллары нашар басына Тахтакөпир районы прокуроры лаўазымын атқарғанын айрықша атап өтиў мүмкин.

          1947-1959--жылларда Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларының халық судьясы болып ислеген. Усы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы да болған.

        1959-жылы Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районлары бириктирилгенде Дәмехан Әбдижалиева Қараөзек поселкалық кеңесиниң баслығы болып тайынланады ҳәм ҳүрметли дем алысқа шығаман дегенше 15-санлы ҚМҚ да кадрлар бөлими баслығы болып ислеген.
        Ол 1951-1955-жыллары ҚР Жоқарғы Кеңесине депутат болған. Бир неше мәртебе Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районлық кеңеслериниң депутаты болған.

         Жергиликли ҳаял-қызларымыз арасынан шығып, ҳуқық қорғаў уйымларында белсендилик пенен мийнет еткен., халықтың сый-ҳүрметине ылайық болған. Дәмехан сот ӨзР Жоқарғы Кеңесиниң, ҚР Жоқарғы кеңесиниң , медалы менен сыйлықланған. Елимиздиң ғәрезсизлиги дәўиринде оның өңирине медалы тағылды.
         Дәмехан апамыз елге белгили азаматлардың бири Изимбет Арзуовқа өмирлик жолдас болған. Олардың перзентлери Мақсет Арзуов, Асқар Арзуов ҳәм Зарафшан Арзуовалар халқымызға пайдасы тийген алым-илимпазлар, өндирис алдыңғылары болып жетилисти.

Алланазар ӘБДИЕВ, Аллашбай РЕЙМОВ:
китабынан, Ташкент: , 2019.

t.me/kketnografiya




Forward from: ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
Қорақалпоғистон байроғини эслатадиган ажойиб манзара

Шохиста Абдурахманова
Facebookтен алынды.

t.me/shahzoda_allamuratova


Миллий бас кийимимиз ҚАРА
ҚАЛПАҚ күнин кашан белгилеймиз?

Илгериде басымызға ҚАРА ҚАЛПАҚ кийип, қарақалпақтың ҚАРА ҮЙИНДЕ, миллий тағамымыз ЖУЎЕРИ ГҮРТИКТИ алдымызға алып ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ГИМНИН, ҚАРАҚАЛПАҒЫМ, ҚАРАҚАЛПАҚТА қосықларын айтып отырыў қандай бахыт, --деп халкымызға шақырық таслап едим, сонда Қарақалпақстан халык жазыўшысы Алланазар Әбдиев ҚАРА ҚАЛПАҚ күнин 15- март сәнесинде, Наурыз әйямы қарсанында белгилеген мақул деп усыныс билдирип еди, буны қоллап-қуўатлаған бир де патриот болмады. Усыныс көрсетилген сәне жақынлап қалды! Халқымыз зиялылары сизлер не дейсизлер? Пикириңизди күтип қаламыз.

Алпысбай Султанов,
Қарақалпақстан халық жазыўшысы

Алланазар Абдиев :

Халық жазыўшысы босқа күйинип отырған жоқ. Бас кийимнен уллы, караматлы да қәстерли нәрсе барма?!
Қырғыз ағайинлерде Аққалпақ күни—5-март екен.
Бизлердики 15-март болса мәўсимлик жақтан да дурыс болады. Адамлардың бәҳәрий кейпиятына және де кейпият, йош қосар еди.

t.me/kketnografiya


н белгилеў.

t.me/kketnografiya


Tomorrow is the International Women's Day! Women of Central Asia are smart, strong, kind, talented and beautiful!

🌟Malika Sobirova (1942 — 1982), a prominent Tajik ballet dancer and instructor. Graduated from the Leningrad Choreography Academy (the Vaganova Ballet School). Malika Sobirova’s repertoire consisted of Swan Lake, Sleeping Beauty, Leyli and Majnun, Don Quixote, Bayadère, Romeo and Juliet, Cinderella and many others. During this period, her professional mentor and trainer was the famous ballet master Galina Ulanova, whom Malika periodically visited for rehearsals. Ulanova trained Malika for the 1969 International Ballet Competition in Moscow, where she won a gold medal.

🌺Marinika Babanazarova (b. 1955) – Director of Nukus Museum of Art (“Savitsky Museum”) in Karakalpakstan, Uzbekistan, 1984-2015. A philologist, translator, writer, museologist, and curator, Marinika Babanazarova is the author of many articles and books on a variety of topics, including the book Igor Savitsky: Artist, Collector, Museum Founder.

👑Kurmanjan Datka (1811–1907), Kyrgyz tribal leader, known as the Queen of Alai or the Queen of the South. "Datka" in Kyrgyz or "dadhoh" in Persian means "righteous ruler". After her husband was murdered in the course of a palace coup in 1862, Kurmanjan was recognized by the khans of Bukhara and Kokand as ruler of the Alai. Kurmanjan Datka proved to be an outstanding stateswoman, and the legends that were composed about her were passed down the generations to this day.

🌟Maya Kulieva (1920 — 2018), Turkmen opera singer (soprano) and actress, artistic and production director. People’s Artist of the USSR (awarded 1955). Maya Kulieva graduated from the Tchaikovsky Moscow Conservatory in 1941. She began performing at the recently opened Magtymguly Opera and Ballet Theater in Ashgabad and became one of the pioneers of opera in Turkmenistan. Her leading roles in Leyli and Mejnun, Onegin, Madam Butterfly, Faust, Carmen, Pagliacci, The Tsar’s Bride, Zohre and Tahir, Shasenem and Garip impressed the audience not only at home but in many other countries abroad.

♟⭐️Zhansaya Abdumalik (born in 2000) is a Kazakhstani chess Grandmaster (GM). She is the first Kazakhstani woman, and the 39th woman overall, to earn the GM title. Abdumalik has a peak FIDE rating of 2505 and has been ranked as high as No. 11 in the world among women.

Marina Abrams

t.me/kketnografiya




Ҳүрметли группамыз Ҳаял-қызлары!Сизлерди 8-март халық аралық Ҳаял-қызлар байрамы менен шын жүректен қутлықлаймыз. Шаңарағыңызға аманлық, ден саўлық, мол ырысқы несийбе тилеймиз. Жумысларыңызда табыслар болсын, Өмириңиз шадлыққа, қуўанышқа толы бола берсин!
дөретиўшилик жәмәәти.


Forward from: ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
8-март~Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы менен қызларымызды қутлықлап, Qaraqalpaqstan MTRK көрсетиўиниң қарақалпақ қызларына арналған бағдарламасын нәзериңизге усынамыз:

1. [Қарақалпақ қызларының шаңарақтағы орны, ийбелилиги, әдеби, мәртлиги, тәрийпи. Shahzoda Allamuratova авторлығында ].
2. Нақыл-мақалларда қыз тәрбиясы ҳаққында.
3. кинофильминдеги қарақалпақ ҳаял-қызларының жуўабыйлығы, тапқырлығының бир көриниси.
4.
5. Жүўериден таярланған тағамлар. Қарақалпақ қызларының қурақ қураў өнери ҳаққында.
6. Ҳаял-қызлар билиўи тийис ырымлар.
7. Кеңесбай Рахманов.

t.me/shahzoda_allamuratova


Forward from: ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
         Аўыз тийиўге байланыслы Наўрыз байрамында: -- '"Наўырызлық гөжеден аўыз тийсең, ырысың көп болып, несийбең мол болады",---деп ырымлаў, жақсы нийет тойлардан:---"мениң балларымды да жеткерсин",--деп ырымлап балаларға "аўыз тийсин",--деп  қақ ерик, баўырсақ,  соңғы ўақытлары  конфет, печенье әкелип, ырым етиў ҳәзирлери де бар.

Shahzoda Allamuratova

t.me/shahzoda_allamuratova


Forward from: ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
#салт_дәстүр

   ямаса 

     
          [И.Юсупов. ].

       Ҳәр бир халықтың салт-дәстүрлери, сол халықтың минез-қулқын, мәдениятын көрсетип, салт-дәстүрлери менен үрп-әдетлери сол халықтың турмысына, тәрбиясы менен минезине, исенимине, ырымына қарай қәлиплесип келеди. ---деп, сол дәстүрлердиң, үрп-әдетлердиң қатаң сақланыўына жуўапкершилик пенен қараған.
         Халқымызда ерте дәўирлерден бери киятырған  дәстүрлердиң бири---АЎЫЗ ТИЙИЎ.
        АЎЫЗ ТИЙИЎ~дәстүр ҳәм ырым деп белгиленип, бул дәстүрде ырымлар да қосыла араласып жүреди. Үйге келген адамға жасы үлкен-кишилигине, таныс-бийтаныс болыўына қарамай --"нан аўыз тийиң",---мирәт етиледи. Егер ол адамның асығыс болмай отырыў мүмкинлиги болса, отырып шай, аўқат ишиўге усыныс билдирип, ---деген сөзлер менен қонағының кеўлин алып, ырза етип жибериўге умтылады. Себеби, халқымыздың дәстүри бойынша келген адамға ең болмаса нан аўыз тийгизип шығарыўы керек. ---деп мирәт етпеў сол шаңарақ ушын үлкен айып деп табылып------деген гәпке қалады, адамыйлық қәсийетине мин болады. Сол ушын да қәлеген қарақалпақ шаңарағына барған адамға--- ---деп иззет-ҳүрмет көрсетеди.

        [




Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ансамблиниң тарийхы ҳаққында Qaraqalpaqstan MTRK иниң көрсетиўинде. 4-март, 2025-жыл.

t.me/kketnografiya

20 last posts shown.