Forward from: ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
үй-руўзыгершилик буйымларын шебер ислеген>> [Facebook группамыздан алынды]. --деп атап өткен.
Ағаш усталары кели--келсап соғыўда ағашты уңғып оятуғын УҢҒЫ, БУРАЎ, жонып тегислейтуғын ЖОНҒЫ, ҚАШАЎ, ИЙМЕК ҚАШАЎ, ишин ысқылап тегислейтуғын ТАС, ЕГЕЎ, ағашты қыздырып қарыйтуғын ТЕМИР, КӨМИР сыяқлы затлардан ҳәм қураллардан пайдаланады.
АҒАШ ТАҢЛАЎ~Таңлап алынған ағашты қайта ислеп, өңлеў, дәнди түйип унтақлайтуғын қурал ислейтуғын ағаш усталарын бурынлары деп атаған. Усталар шыдамлы, сапалы, беккем кели-келсап ислеў ушын жумысты дәслеп ағаш таңлаўдан баслайды. Өйткени, сазлы, сор ямаса суўлы, ызғар жерде өскен ағашлар кели ислеўге жарамсыз болады. Себеби, бундай ағашларды кептириў қыйын, кепкен менен де ол жарылып кетеди. Сор жерде өсен ағаштың болмысы тығыз болғаны менен, ол да кепкеннен соң қақ айырылып, жарылып кетеди. Кели соғыўшы жаз бенен гүзде, ҳаўа райы жаўынсыз, қурғақшылық ўақытта кели ислейтуғын ағаштың доғалақларын мол етип кесип жыйнайды. Бундай ағашлардың шөлли, суўсыз жерлерде өскенин таңлап кеседи. Ағашларды түбинен кесип, ямаса түбири менен қазып, қопарып алады. Оны келиниң өлшемине ылайықлап доғалақ етип кесип, қапталларын жонып, болашақ келиниң нобайын таярлайды, кептириўге кириседи. Бундай доғалақларды кептириўдиң түрли усыллары болған. Усталар уңғы, бураў, қашаўлар менен кели исленетуғын доғалақтың ишин ойып алып таслайды.
Келини ойыўда ҳәр уста ҳәр түрли усылларды қолланады. Мәселен, бири доғалақтың ортасын бурғы менен бурғылап, бурғыланған жердиң дөгерегин қыздырылған үшкир темир менен қарыйды. Қыздырылған темир менен қайта-қайта қарый отырып, кели ойығының нобайын шығарып алғаннан соң, иймек бас қашаў менен түўел жонып, ойып шығады.
Келини ойыўдың екинши бир усылы---доғалақтың ортасын азлап ойып алып, сол жерге көмир шоғын салып, сол шоқ пенен қарып ояды. Гейде доғалақтың ишин қурал менен үңгип, ойып, қайнап турған қазанға ыссы пуўға тутып, қақпақ сыяқлы төңкерип қояды. Солайынша ағашты жибитип болып та ояды.
Бурынлары келини еки түрли усылда ойған---шуңғыл ҳәм тегис. Тары ақлайтуғын келини шуңғыл етип ойса, ал, бийдай, жүўери, арпа, гүнжи сыяқлы дәнли дақылларды түйиўге, және жарыўға пайдаланатуғын келилердиң түбин тегис етип ойған.
Келиниң ишин ойыў жумыслары тамамланғаннан соң усталар келиниң ишин қурғақ топыраққа толтырып, сыртын да қурғақ топырақ пенен көмеди. Бундай етип ислеўиниң мәниси: келиниң ишиндеги ҳәм сыртындағы топырақ ағаштағы ығаллықты ҳәм дузды сорып алады. Топырақтан шығарып алғаннан соң, жақсылап кептириледи.
ҚУРАМА КЕЛИ~ағаш аз өсетуғын жерлерде келини бөлекленген кеспелтеклерден қурастырып соққан. Бундай келилердиң сыртын темир менен қурсаўлап, ямаса түйе, қой сыяқлы малдың ийленбеген териси менен қаплап қоятуғын болған. Келиниң сыртқы ағашы қақсып жарылып кетпеўи ушын қойдың қуйрық майы менен де майлайтуғын болған.
КЕЛСАП~келиниң ишиндеги дәнли дақылды түйиўге, унтаўға, геўзеўге пайдаланатуғын түйетуғын ағашы. КЕЛСАП сөзи --"келиниң сабы" деген сөзлердиң бирикпесинен келип шыққан. Келсап салмақлы болыўы ушын жийде, қараман сыяқлы аўыр ағаштан ислейди. Оның еки басы да дәнди түйиўге қолайластырылып, жумыр етип исленеди. Келсаптың узынлығы--жоқарыда көрсетип өткенимиздей 1,40--1,60 см узынлықта болады, ҳәм еки тәрепи тегисленип жонылады, қол мен услайтуғын орта тусынан тесип, жонып, ысқылап, қолайлы тутқа исленеди.
Кели менен келсап әййемги ўақытлардан бери дийханшылық пенен шуғылланатуғын қарақалпақ елиниң ең қәдирли, ата-бабалардан қалған мийрас мүлки болып есапланып, ҳәзирги күнлеримизде де күнделикли турмысымызда кең түрде пайдаланылып киятыр.
Shahzoda Allamuratova.
t.me/shahzoda_allamuratova