Өткен жыллар ҳәм әсирлердеги Жипек жолы тәғдиринен мәлим болыўынша мәмлекетлер арасындағы қудиретли саўда жолы өзиниң бағдпрларын өзгертип турған. Мәселен, Қытайлы Цзюянның басламасында, Шығыс Түркистае орайларын, Қара теңиз жағалаўлары ҳәм Византия менен байланыстыратуғын жолдың шығыс бөлимин қайтадан тиклеў ҳаққында сөз етиледи. Иран сасонийлери Жипек жолының қамалға айланыўы ҳаққында пикир билдирген. Тарийхшының мәлим еткениндей, бундай жол түрк соғд еллеринен басланып, Окс [Әмиўдәрья] арқалы өткен, ҳәзирги Эмба дәрьясынае Данко [Орал] дәрьясына дейин келип жеткен, соңынан батпақлықларды кесип өтип, дәрья бойлары менен Фасиске шыққае ҳәм ҳәзирги Туркия қарамағындағы жерлерге барып жеткен.
Уллы Жипек жолының булардан басқа да айрықша тәреплери бар. Қызғын шараятларда, сиясий кескинликлер дәўиринде Жипек жолы өлим жолына айланған, оны басқыншылар гезе баслаған.
Атақлы баспашы Чи XIII әсирде Уллы Жипек жолында қанлы жеңислерге ериседи, халықларды бириниң изинен бирин сергиздан етеди, XIV ҳәм XV әсирлерде сол жоллардан Тимур әскерлери өтеди. Олар халықларды бирлестириўди мақсет етеди. Оннан сәл бурынырақ Искендер Зулхарнайн әскерлери бул жолды кесип өткен. Онда басқалардың да изи қалған.
Биз бүгинги күнде Жипек жолының хызметин, тарийхый тәжирийбесин, халқымыз тарийхы, мәдениятымыз ҳәм инсаният турмысы тарийхының үш мың жылға созылған дәўирлери арасын, турмысы тарийхын избе-из үйренип атырмыз.
Ҳәзирги пайытларда Жипек жолын үйрениў ушын экспедициялар жумыс алып бармақта.
Олар Жипек жолының тарийхый әҳмийетин тиклеўге ҳәрекет етпекте.
1982-жылы Эйн-Эйч-Кейин корпорациясы Уллы Жипек жолы бойындағы халықлар туўралы фильм шығарыў мәселеси бойынша бурынғы Совет ҳүкиметине өтиниш етип, сүўретке алыўды үш бағдар бойынша иске асырды. Биринши бағдар Өзбекстан Республикасы шегарасынан өтип, Сурхан алапларына дейин даўам етти. Екинги бағдар-- Әндижан, Марғулан, Халқабад, Наманганды жағалап өтеди. Үшинши бағдар---Ташкент, Жиззаз, Самарқанд, Қашқадәрья, Бухара, Газлы, Үргениш, Хийўа, Төрткүл, Беруний, Мойнақ қалалары арқалы өтиўи лазым еди. Японияның аталған корпорациясы Жипек жолын бойлап жүрип, усы әтирапларда жасап атырған халықлардың турмысв, мәденичтына қызығады, олар Жипек жолы пайда болғаннан тап усы күнлергк дейин сақланған тарийхый естеликлерге айрықша әҳмийет берди, аўыл адамларының үрип әдети, бузылмас беккем дәстүрлерин көзден өткерди, нәтийжеде көп сериялы фильм жүзеге келип, Эйн-Эйч-Кейн корпорациясы телевидение арқалы көрсетиў ушын жағдай дүзди.
Усылай етип, Жипек жол~инсанияттың тарийхый өмир сүриўи дәўиринде раўажланғаны, мәденияттан мәдениятқа, сападан-сапаға, бир заман басқышынан екинши дәўир басқышына өтиўи ҳәм қалай етип камал табыўының айқын үлгиси болып табылады.
ЖИПЕК ЖОЛЫ~халықлар тарийхының өзине тән дәстүрлерин, олапдың ҳәм саўда, ҳәм бир-бирине өз-ара ғамхорлығын ҳақыйқый көрсетиў, халықларды жәмлеў ҳәм жақынластырыўдың ең жақсы усылы~бул саўда, мәденият ҳәм өз-ара ғамхорлық екенлигин дәлиллейди.
журналынан [1989] Орақбай Доспанов тәрепинен қарақалпақ тилине аўдарылып, журналының 2019-жыл, 6-санында жәрияланған. 110-115-бетлер.
t.me/kketnografiya