#тарийх
Евгений БЕРЕДИКОВ:
ЖИПЕК ЖОЛЫ
2-бөлим
Саўда кәрўаны жолы сол дәўирдиң улыўма инсаныйлық нызамлары тийкарында ҳәрекет еткен, деген менен өз нызамлары ҳәм әдетлерин де жаратқан. Мысалы, орта әсирлерде кәрўанлардың қурамвнда түрли тайпадағы адамлар болып, мысалы, саўдагерлер, айдаўшылар, кәрўан сақшылары да хызмет еткен. Айырымлары диний топардағы адамлар еди. Кәрўан жолларынан әсиресе будда ўәкиллери ҳәм хызметкерлери тез-тез өтип турған. Олар, әлбетте, бир мақсетти гөзлеген, яғный динди экспорт еткен. Соның ушын да Жипек жолы өткен мәмлекетлерде будда динине дыққат күшли болғанлығын көремиз. Ақыр соңында, буддийлик Жипек жолы өткен мәмлекетлерге өз тәсирин тийгизеди. Егерде диний картаға нәзер салсақ, Ҳиндистаннан басланған будда орайларына көзимиз түседи. Буддизмниң раўажланған орны Тёрге жақын жердеги Дальварзинтепе екен. Бул жерден археологлар тәрепинен буддаға хызмет ететуғын бас комплекс табылды. Қазыў ислерине қарап, пикир жүритетуғын болсақ, аталған комплекс Азияның қубласындағы қудиретли ҳәм ең ири будда орайы болғанына исеним пайда етемиз.
Буддизм дини оның ўәкиллери кәрўан жолы арқалы әстелик пенен Қытай қалалары тәрепке барғаннан соң Япония ҳәм қубла шығыс Азия ҳәм Ҳиндистан, Қытай мәмлекетлерине де жайылады. Усылай етип, буддийлықтың аталған мәмлекетлерде терең тамып урғанлығын көремиз.
Усы динниң орайы Қытай ҳәм Япония мәмлекетлери болып есапланатуғыны мәлим. Аталған жерлерде будда ибадатханалары ҳәм басқа да диний имаратлар көплеп табылады. Буларға қарап будда орайларына сол жерде жасаўшылардың исеними артқанын көремиз. Буддаға исеним Монголия, Япония ҳәм Қытайда ҳәзирде де күшли. Дәлиллеўлерге қарағанда биз Европа континентине будда дини Жипек жолы арқалы келип кирген деген жуўмаққа келемиз, себеби, Европада буддизмниң айырым жергиликли, жеке орынлары, орайларын билмеймиз.
Демек, буддизмниң кеңнен ен жайыўында Уллы Жипек жол айрықша хызмет атқарған.
Бирақ, Жипек жолын бойлап буддизмди қоллаўшылар ғана емес, ал, мусылман моллалары, дәрўишлери де жүрген, ислам дини көплеген мәмлекетлерге тарқалған. Оның бир тәрепи Волңа бойларында, екиншиси Қашқарға дейин барып жеткен. Қытайдың араб халифатларынан бир қанша қашық екенлиги, оның үстине жүдә қудиретлилиги бул мәмлекетте исламның кеңнен раўажланыўына тосқынлық етеди. Ҳиндистан ҳәм Қытай арасында ен жайып, буддийлик орын алған ҳәр еки мәмлекетти бир-биринен бөлеклеп таслады.
Уллы Жипек жолы кесип өткен мәмлекетлер халықларының музыка мәденияты, миллий музыка әсбапларының ҳаўазы бир-бирине үнлес, жақын, бирин-бири толықтырады, яғный өзлерине тән уласыўлар бар. Мәселен, Орта Азия ҳәм Иран халықларының музыкасын дерлик айырыў мүмкин емес, ырғақлары уқсас, даўысларында тәкирарланбайтуғын сыпатлар бар.
Жипек жолы бойында орналасқан халықлардың өзлерине тән қәсийетлери, әсиресе, кәмалатқа дейинги реңлер, көбирек тынық реңлер, японлар, қытайлылар, монголлар, аўғанлар ҳәм ҳинди халықларына да тән. Шамасы, булардың ҳәммеси Уллы Жипек жолының шарапаты менен жүзеге келген болса керек.
Қулласы, ҳәр қандай шараятта да Жипек жолы кәрўанлары өткен жолдың жағасында жасағанлардың үрип-әдети, мәденияты уқсас, олардың тәсири бир-бирине өткен.
Изертлеўимизден анықланыўына қарағанда Жипек жолы ҳеш бир адамды шетке шығарып тасламайды, керисинше, ҳәммени бирлестирген, өз панайындағыларды, сондай-ақ, басқа халықларды да бирин екиншисинен үстин қоймаған. Жипек жолы Қара қурым таўлары арқалы өткенликтен Сватқа дейинги арқа тармақтағы ҳәр тәреплеме ҳәрекет ҳаққында Ҳинд дәрьясы бөлиминен табылған көплеген жазба дереклерде жеткиликли мағлыўматлар бериледи. Бул таўхат I-VIII әсирлерге де қатнаслы болып, бир қаншасы I-II-III әсирлерге де қатнаслы, Ҳинд, Бактрия, Парфияна жазыўларында ҳәм басқа жазыўларда да өз көринисин тапқан. Соғд жазыўлары да оның гейпара бөлимлерин қурайды. Бул жазба дереклер кушан, соғд жаўынгерлери, Қытай саўдагерлери, будда монахлары тәрепинен сызып қалдырылған. Булар Жипек жолынан өткен халықлардың өзине тән дәптерин ядқа түсиреди.