#тарийх
Евгений БЕРЕДИКОВ:
ЖИПЕК ЖОЛЫ
Биз тарийхтан, қаншама әсирлер өтсе де өзиниң әҳмийетин жоғалтпаған бир қатар уллы саўда жолларының болғанлығын билемиз. де әпсанаға айланған усы узақ жоллар Рус ҳәм Скандинавия мәмлекетлери арқалы өтти. Оның ҳаўазасы географиялық жағынан бир қанша алыс мәмлекетлер ҳәм халықларға да жайылған. Ҳәттеки, араб жазба дереклеринде Балтика теңизи Баҳр әл-варақ деп айтылады.
Тарийхқа, әсиресе Африка континентине Саҳрайы Кабирди кесип өткен дуз жолы да мәлим.
Деген менен, жасы, ерте дәўирлерден бар екенлиги ҳәм узынлығы жағынан шексиз баҳалысы--бул Жипек жолы. Ол пүткил Шығысты кесип өтип, Япон атаўларынан Орта Жер теңизине дейин созылады, узынлығы 12 мың километрден артығырақ. Усындай жүдә узын аралықтағы жол тап бүгинги күнимизде де поездларда, машиналар, самолётларда жүрип өтилмеген.
Бизге Жипек жолы заманымыздан бурынғы екинги мың жыллықларда пайда болғанлығы мәлим. Ол мәҳәллерде тийкарғы көликлер--ат, түйе, ғашып ҳәм тағы басқалар еди. Адамлар тийкарынан пияда жүрген. Аталмыш аралық сол дәўир көз қарасынан жүдә бир алыс деп есапланған.
1877-жылы немец саяхатшысы ҳәм тарийхшысы Ритсхофен өзиниң соңғылығында даңқы жайылған деп аталған шығармасында Шығыс мәмлекетлерин кесип өткен усы ески жолды туңғыш мәртебе деп атайды.
Улыўма алғанда, жолдың усылай аталыўына тийкарлар бар еди, бирақ, тарийх пәни ҳәм әдебиятқа немец тарийхшысының қолы менен кирип қалды.
түсинигиниң мәниси қандай? Бул әййемги заманлардан, тап шама менен XVI әсирге дейин Арқа шығыс, анығырағы Қытай, Японияны алдыңғы Азия менен байланыстырып турған саўда кәрўаны жолының улыўма атамасы. Бизди қызықтырғаны да мине усы мәселе.
Атап өткенимиздей, сөз етилген жолға заманымыздан бурынғы екинши мың жыллықта тийкар салынған. Оған қызығыўшылық кем-кемнен ҳәўиж алып, қадағалаўға алынған, себеби, көплеген мәмлекетлердиң халықларына экономикалық жағынан пайда келтирген.
Жолға тийкар салынған дәўирде Рим империясы ҳәм Парфияна арасында ғажжа-ғажжа урыс болып атыр еди. Парфияна римликлердиң Қытай менен саўда байланысының беккемлениўине қарсылық көрсетти. Қытай Европа континентин жипек пенен тәмийинлеў барысында өзиниң үстемлигин сақлап қалыўға талпынды, себеби, сөз етилген заманларда жипек өз-ара валюта алмасыўдың эквиваленти сыпатында қаралған.
Ол араб халифатлығы дүзилгенше Иран ҳәм Соғдиана саўдагерлериниң қол астында болып, Иран ҳәм Соғдиананың Қытай империясы менен шегаралас жерлерине қараслы еди.
Жипек жолы Италия, Испания, Орта Жер теңизи бойындағы басқа мәмлекетлердиң саўда кәрўанлары өтетуғын Ассирия қырғақларынан басланып, Тир, Дамаск, Анатолия, Бағдат соңынан Парфияғана арқалы шығысқа жеткен ҳәм Орта Азияның усы ўақытлардағы қудиретли, әййемги және бай Мерв қаласына дейин келген. Мине сол жерден Жипек жолы қубла ҳәм арқаға апаратуғын еки тармаққа бөлинген. Бул жағдай мәмлекетлердиң аталмыш жол менен өтиўиниң мәплеринен келип шыққан.
Усы саўда жолынан хат алып киятырған ҳәр бир саўдагердиң өз-өзине қызығыўы да жүзеге келген, олар пайда көремен деген мақсетте мәмлекетлерге сапар шексе, мәмлекетлерде де өз гезегинде түрлише затларға мүтәжлик сезилген. Саўдагерлер затларының сатылыўы ҳәм өзлерине керекли нәрсени, мәпти ойлап, әўели қара басының пайдасын гөзлеген.
Усылай етип, жолдың қубла тәрепи Балх жаққа бурылып, Жаркент, Хотанға дейин барған, бир неше мың шақырым жол басылып өтилип Дуанхқа, ал арқа тармағы болса Қаршы тәрепке бурылып, соң Бухара, Ташкент, Ферғана алабы арқалы Ош, Турфанға дейин жеткен. Ҳәр еки сала Дуанханда қыйылысқан. Жипек жолы Ланьчжоу арқалы ҳәмме Қытайды кесип өтип, Япон теңизине шыққан.
Бүгинги күнлери бизди Жипек жолының географиялық, экономикалық тәреплери қызықтырып атырған жоқ, ҳәттеки, жолдың сыпаты да. Ал, уллы Жипек жолларында орналасқан халықлар тәғдири, сол дәўирдиң ҳәр түрли жағдайларының ҳәзирги күнге қаншелли дәрежеде тәсир еткени қызықтырмақта.