Forward from: ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
#салт_дәстүр
ТӨРКИН, ТӨРКИНЛЕЎ.
ТӨРКИН~атлық, туўысқанлық атама.
Қыз ержетип, ата-анасы қутлы орнына қондырып, узатқаннан кейин, қыз ушын ата-анасының үйи "төркин" деп аталады. Тек ғана өз үйи төркин болып қалмастан, туўылған аўылы, ели қыздың төркини болып есапланады.
Мине, соның ушын да "төркин" сөзи тек ҳаял адамға қолланылады. Оң жақта отырған [турмысқа шықпаған] қыз ушын бул сөз қолланылмайды, егер де жаңсақлық ямаса билип турып қыз балаға бул сөз қолланылса, онда бул уят ҳәм ерси болып табылады. Бурынлары бул сөзди қыз бала ушын қолланғанларға, қызды жәбирледи деп айып пул төлеткен.
Төркин~узатылған қыздың ет-баўыры елжиреп, мийримлилик пенен қатнас жасайтуғын қәдирли журты. Қыз узатылған жеринде қанша бахытлы болып жасаса да, жүрегиниң бир бүйиринде төркини турады. Бул қыздағы туўысқанлық сезимлерди, мийримлиликти билдиреди. Төркин тәрепи тыныш, аманлық болса, қыз ушын буннан артық бахыт жоқ. Егер де төркининде ата-анасы аўырыў, қарайтуғын ул перзенти я басқа қәўендери болмаса, кеткен қыз артына қарайлай береди, ата-анасын ўайымлап ишкен асы бойына тарамайды. Гейде бундай жағдайды қыздың ата-енеси түсинип, оның қарасып турыўына жәрдемлеседи. Ҳәттеки, оның туўған балаларының биреўин ата-анасының баўырына салыўды кеңес еткен.
--деген нақыл сөз де усындай турмыслық жағдайлардан келип шыққан. Буннан басқа "Жаман қатын төркиншил", "Төркини жақынның төсеги жыйылмас",--деген нақыл сөзлер турмыслық тәжирийбелерден алынып, шаңарақтағы гейпара өкпешил, салақ, үйине, бала-шағасына дурыслы күтим жасамайтуғын ҳаяллардың ғыйт етсе, болар-болмасқа төркинине қарап шаба бериўине қарап айтылған.
Турмыстағы усындай ҳаяллар ҳаққында, ҳаялдың төркиншил болыўының себепли ҳәм себепсиз түрлери ҳаққында биз бурын деген темада мақала жәриялаған едик.
,---деп айырым келте пәсли қызлардың турмысқа шыққаннан кейин төркини менен дурыслы қатнасықта болмаўына, ямаса бардамлылыққа, баршылыққа көкиреги өсип, өз аўылының адамларына менсинбеўшилик көрсетиўи, танымаслық етиўине қарата айтылған.
Бир аўылдан, бир елден узатылған қызлар "төркинлес" деп аталады.
~сөзиниң аўыспалы мәниде қолланылыўы~түп негизи, түпки мәниси, түбири--деген мәнилерге ийе. Истиң төркини, сөздиң төркини ҳәм т.б.
Мыс: Әбдирейим сөздиң төркинине түсинбеди. [Қ.Досанов]. Бул сөзлердиң төркининде ҳақыйқатлық бар еди. [К. Каримов].
ТӨРКИНЛЕТИЎ, ТӨРКИНЛЕЎ~ (дәстүр). Турмысқа шыққан қыздың туўысқанларына, ели-журтына қыдырып барыўына айтылады. Қыз турмысқа шыққаннан кейин, бирден өзлигинен ата үйине келе алмайды. Оны ата-енеси өзлери апарып, жол ашып береди. Ата--енеси таза түскен келиншекти төркинлетип қайтыўы ушын арнайы таярлық көреди. Қуда-қудағайына, сол үйдеги басқа адамларға сарпай, базарлық алып ғамланады, қасына ағайын туўысқанлардан бирге ерип баратуғын адамларды хабарландырады. Олар да өз гезегинде базарлықларын түйип, дәстүрханларын сазлайды. Келинниң ата-анасына "пәлен ўақытта қызыңызды апарып қайтыўды нийетлеп отырмыз",--деп хабарландырады. Қыздың үйи де қуда тәрептен келетуғын адамларды күтиўге таярлық көреди. Төркинлеп келген қызды, қасындағы адамларды қоңсы-қобалар, аўылы ҳүрмет пенен күтип алып, тийисли сый-сыяпатын көрсетеди. Аўыл адамлары, қоңсы-қоба, ағайинлер "қызымыз келди",--деп иззет, ҳүрмет көрсетип үйлерине шақырып күтеди.
Буннан кейин қызға төркинлеп келип турыўға жол ашылып, ендиги жағында қәлеген ўақытта өзи келип-кетип турыўына болады.
Бундай сән-салтанат пенен төркинлетиў келин биринши перзентин жас босанғаннан кейин де болыўы мүмкин. Бирақ, биринши рет төркинлеткендей көп адам жыйнамай-ақ енеси ямаса абысынларының бири өзи алып келиўине де болады. Кейинги перзентлерин туўғанда арнайы "төркинлетиў" болмайды, бурынғыша барып-келип жүре бериўине болады.