БАЛАНЫ ЕКИ ЖАСТАН КЕЙИН ДЕ ЕМИЗИЎГЕ БОЛАДЫМА?
СОРАЎ: Достым баласын үш жасына шекем емизиўин айтты. Сонда оған узағы менен баланы еки ярым жасына шекем емизиў керек, деп еситкен едим, дедим. Мен айтқан гәп туўрыма? Соған анықлық киритип берсеңиз.
ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Баланы емизиў Имам Әбиў Ҳанифа раҳимаҳуллаҳ еки ярым жасқа шекем, Имам Әбиў Юсуф ҳәм Имам Муҳаммад раҳимаҳумаллаҳ еки жасқа шекем деген. Бул ең ақырғы мүддет. Ерли зайып баланың жағдайынан келип шығып, өз-ара кеңесип, бул ўақытлардан бурын сүттен шығарыўға да болады. Бирақ еки ярым жастан кейин емизиўге руқсат берилмеген. Бул қәте болып есапланады. Себеби шәриятымыз көрсетпесине көре, инсанның қандайда бир бөлегинен пайдаланыў ҳарам ис. Тек ғана емизиўли бала ушын ғана айтылған мүддетлерге шекем пайдаланыўға руқсат етилген. Бул жөнинде фиқҳий дереклеримизде мынандай делинген:
وَوَقْتُ الرَّضَاعِ فِي قَوْلِ أَبِي حَنِيفَةَ - رَحِمَهُ اللَّهُ تَعَالَى - مُقَدَّرٌ بِثَلَاثِينَ شَهْرًا وَقَالَا مُقَدَّرٌ بِحَوْلَيْنِ هَكَذَا فِي فَتَاوَى قَاضِي خَانْ
«Емизиў ўақты – Имам Әбиў Ҳанифа раҳимаҳуллаҳтың сөзине көре отыз ай деп белгиленген. Имам Әбиў Юсуф ҳәм Имам Муҳаммад раҳимаҳумаллаҳ еки жыл деген. Фәтәўәий Қазыханда усындай делинген» («Фәтәўәий әләмгирия» китабы).
و في شرح المنظومة الإرضاع بعد مدته حرام؛ لأنه جزء الآدمي و الانتفاع به غير ضرورة حرام على الصحيح
«Шарҳи манзума» китабында мынандай делинген: «Емизиўдиң белгиленген мүддетинен кейин де емизиў ҳарам. Себеби сүт инсанның бир бөлеги болып, оннан зәрүрлик болмаса пайдаланыў ҳарам. Дурысы усы». (Мәжмәъул аҳур» китабы).
Соның ушын баланы емизиўде мүддетке әҳмийет бериў лазым. Оннан қалса, бала еки ярым жасқа шекем аўқат жейтуғын болады. Сүт емиўге зәрүрлик қалмайды.
Егер бала нәренжан ямаса басқа кеселлик себепли тек сүт пенен азықланатуғын болса, бул зәрүрлик жағдайына айланып, сүттен басқа нәрсе жей алатуғын болғанша еки ярым жастан кейин де емизиўге болады. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.