IYMAN.UZ | Рәсмий канал


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Religion


Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты, Шымбай районы "ХАН" жаме мешитиниң телеграм каналы.

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Religion
Statistics
Posts filter


#Таңғы_сәлемнама

🍃🌹АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ🌹🍃


    ☀️ Егер сизге жаңа күн жетип келсе...

    ✨ Оны гүналар менен ренжитпең! Себеби ол ҳеш қашан қайтып келмейтуғын Қонақ...

    🌟 Ғәниймет болған Қонаққа "Хош келдиңиз!", деп айтың... Соң парызларды гөззал бежериў, сүннетлерди шырайлы ада қылыў, Қуранды тилаўат қылыў ҳәм тәўбени жаңалаў менен Оны икрам қылың! ☺️🌺

     🌞 Өйткени, қонағын қуўантып, жақсы жуўмақлар менен шығарып салыў мөминге сай қәсийетлерден!

🌸 Субҳаналлаҳ!

🌺 Әлҳәмдүлилләҳ!

🌷 Аллаҳу әкбәр!

🌹 Ләә ҳәўлә ўә ләә қүўўәтә илләә билләҳ!


🌼
күниңиз кеўилли өтсин қәдирлим🌼

🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊


Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
🤣 Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шымбай районында Жума намазын оқыды

Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов Шымбай районында хызмет сапарында болды. Райондағы «Хан», «Рахматулла мақсым» ҳәм «Юсип ата» мешитлериндеги қолайлықлар ҳәм жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты. Мешит әтирапындағы абаданластырыў, тазалаў жумысларын кѳзден кеширди ҳәм имам-хатиблерге тараўға тийисли тапсырмалар берди.
Сапар даўамында орайлық «Хан» мешитинде «Жәмийеттеги унамсыз иллетлер – дәбдебебазлық ҳәм ысырапкершилик» атамасында жума тезиси баянатын жасады ҳәм жәмәәтке жума намазын оқып берди.
Жәмәәт пенен ушырасыўда бүгинги күнде елимиздеги әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге ѳзлеримиздиң үлесимизди қосыў, перзенлеримизге илим үйретиў, ҳадал кәсип ийелеўге қызықтырыў, дәбдебебазлық ҳәм ысырапкершиликтиң алдын алыў, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиўимиз, миссионерлик иллетлерине қарсы гүресиўимиз кереклиги ҳаққында айтып ѳтти.
Жума намазынан соң жасы үлкен нураныйлер менен сәўбелесип, елимиздиң тынышлығы ҳәм қәтержамлығы ушын дуўалар қылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#Жумалық_сәлемнама

Aссаламу алайкум ҚӘДИРЛИМ!

  《Атқан таң берекетли болсын!》

  

  Allahım! Juma kúniniń húrmetine, meniń duwalarımdı, men ushın duwa qılǵanlardıń duwaların, mennen duwa kútkenlerdiń duwaların hám úmmeti MUHAMMAD (sallallahu alayhi wa sallam)dıń duwasın qabıl áyle...

  Háy meniń gózzal Rábbim!
Mahshar kúninde Payǵambarımız Muhammad sallallahu alayhi wa sallam barmaǵı menen kórsetip: "BUL MENIŃ ÚMMETIM !!!" deytuǵın qullarıńnan áyle...

  • Opalı insanlar perishte sıyaqlı,
  • Kórinbeydi biraq, gúzetedi seni,
  • Esitilmeydi biraq, tıńlaydı seni,
  • Saǵan tiyispeydi biraq, qorıqlaydı seni,
  • Saǵan aytpaydı biraq, duwada umıtpaydı seni,
  • Qıynalǵan waqtıńda keletuǵın Hızır alayhissálám sıyaqlı opalı doslarıń bolıp, opalı dos bolıwıńdı nesip etsin Allahım !!!

   *    *    *

     Juma áyyamıńız múbárek bolsın !!!

     


17—ЯНВАРЬ 2025—ЖЫЛ
ШЫМБАЙ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 

🕌    ТАҢ — 07:10

🕌    ҚУЯШ — 08:28

🕌    ПЕСИН — 13:15

🕌    НАМАЗЛЫГЕР — 16:12

🕌    ШАМ — 17:54

🕌    ҚУПТАН — 19:17


Forward from: Din ishlari bo‘yicha qo‘mita
⚡️RASMIY XABARNOMA

🔰 O‘zbekiston Respublikasi Oliy sudi tomonidan internet jahon tarmog‘idagi diniy ekstremistik, terroristik va aqidaparastlik g‘oyalari bilan yo‘g‘rilgan deb topilgan hamda Respublika hududiga olib kirish, tayyorlash, saqlash, tarqatish va namoyish etilishi taqiqlangan manba va kontentlar (materiallar) ro'yxati

📆 2025-yil 8-yanvar holatiga ko‘ra


❗️Hurmatli fuqarolar!

Qadrli ota-onalar va yoshlar!


📌 Diniy aqidaparastlik, ekstremizm va terrorizm tuzog‘iga tushib qolishdan doimo saqlaning. Ular hayotingiz va orzularingizni barbod qilishiga aslo yo‘l qo‘ymang.

❌ Sud tomonidan taqiqlangan internet manbalardan yiroq bo‘ling.

🌐 Din ishlari boʻyicha qoʻmita
Axborot xizmati

Telegram | Instagram| Facebook | Twitter


САЎДАДАҒЫ ЖАҒДАЙ

#Саўда

❓СОРАЎ: Мен телефон саўдасы менен шуғылланаман. Бөлип төлеўге де сатаман. Айырым қарыйдарлар бөлип төлеўге телефон сатып алып, бир еки ай ақшасын төлегеннен кейин телефонды қайтарып алып келип, берген ақшама разыман, телефоныңызды қайтарып алың, қалғанын төлей алмайман, дейди. Усы жағдайда оннан алған ақшамды қайтарып бермей, телефонды алып қалсам боладыма?

💬 ЖУЎАП:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Шәриятымызда дүзилген саўданы бузыў иқала делинеди. Бул ис еки тәрептиң разылығы менен болады ҳәм сатылған товар сатыўшығы, төленген ақша қарыйдарға қайтады.
وَصَحَّتْ الإقالة بِمِثْلِ الثَّمَنِ الأوّلِ
  «Иқала биринши (берилген) ақша муғдары менен туўры болады» (Фатҳи бәбил ыная» китабы). Яғный еки тәреп қанша ақшаға келискен болса, әне сол ақша муғдарында бийкар болады. Сатыўшы буннан артық ямаса кем алыўы мүмкин емес.
  Саўда бийкар болып, қарыйдарға төлеген ақшасы, сатыўшыға товар қайтарылғаннан кейин, ҳеш қандай мәжбүрлеўсиз қарыйдар өзи разы болып, кеўилден шығарып бир нәрсе (ақша) берип кетсе, бул дурыс. Себеби мал ийеси (яғный өнимди қайтарып алып келген адам) оны (ақшасын) қәлеген нәрсе қыла алады. Лекин сатыўшы бул саўғаны басым өткерип ямаса қатты сорап турып алмаўы лазым.
  Сиз бундай жағдайда сондай қарыйдарларға: «Мен телефонды сизге сатқанман. Ақшасын төлей алмай атырған болсаңыз, басқа биреўге сатып келисилген мүддетте ақшамды төлең», дең ямаса «Мен сизиң ўәкилиңиз болып сатып беремен, келискенимизден азына кетсе келискенимизге толтырып бересиз, көбине кетсе, зыятын сизге қайтараман», деген усыныс айтың. Сонда сиз де зыян көрмейсиз, қарыйдар да қарызынан қутылады.
  Жоқарыдағы гәплер қарыйдар өнимге ҳеш қандай кемшилик жеткермей қайтарып келген жағдайға тийисли.
  Егер қарыйдар өнимди саўдагерлер стандартында баҳасын түсиретуғын айып пенен қайтарып келсе, жекерилген айып муғдарын қалыс саўдагерлерге баҳалатады. Егер саўдагерлер: «Айып жеткени себепли бул телефонның баҳасы пәлен сўм түскен», деп баҳалап берсе, сатыўшы иқала ўақтында сол муғдарды услап қалады ҳәм қалған ақшасын қарыйдарға қайтарып береди. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.


БАЛАНЫ ЕКИ ЖАСТАН КЕЙИН ДЕ ЕМИЗИЎГЕ БОЛАДЫМА?

СОРАЎ: Достым баласын үш жасына шекем емизиўин айтты. Сонда оған узағы менен баланы еки ярым жасына шекем емизиў керек, деп еситкен едим, дедим. Мен айтқан гәп туўрыма? Соған анықлық киритип берсеңиз.

ЖУЎАП:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Баланы емизиў Имам Әбиў Ҳанифа раҳимаҳуллаҳ еки ярым жасқа шекем, Имам Әбиў Юсуф ҳәм Имам Муҳаммад раҳимаҳумаллаҳ еки жасқа шекем деген. Бул ең ақырғы мүддет. Ерли зайып баланың жағдайынан келип шығып, өз-ара кеңесип, бул ўақытлардан бурын сүттен шығарыўға да болады. Бирақ еки ярым жастан кейин емизиўге руқсат берилмеген. Бул қәте болып есапланады. Себеби шәриятымыз көрсетпесине көре, инсанның қандайда бир бөлегинен пайдаланыў ҳарам ис. Тек ғана емизиўли бала ушын ғана айтылған мүддетлерге шекем пайдаланыўға руқсат етилген. Бул жөнинде фиқҳий дереклеримизде мынандай делинген:
وَوَقْتُ الرَّضَاعِ فِي قَوْلِ أَبِي حَنِيفَةَ - رَحِمَهُ اللَّهُ تَعَالَى - مُقَدَّرٌ بِثَلَاثِينَ شَهْرًا وَقَالَا مُقَدَّرٌ بِحَوْلَيْنِ هَكَذَا فِي فَتَاوَى قَاضِي خَانْ
«Емизиў ўақты – Имам Әбиў Ҳанифа раҳимаҳуллаҳтың сөзине көре отыз ай деп белгиленген. Имам Әбиў Юсуф ҳәм Имам Муҳаммад раҳимаҳумаллаҳ еки жыл деген. Фәтәўәий Қазыханда усындай делинген» («Фәтәўәий әләмгирия» китабы).
و في شرح المنظومة الإرضاع بعد مدته حرام؛ لأنه جزء الآدمي و الانتفاع به غير ضرورة حرام على الصحيح
  «Шарҳи манзума» китабында мынандай делинген: «Емизиўдиң белгиленген мүддетинен кейин де емизиў ҳарам. Себеби сүт инсанның бир бөлеги болып, оннан зәрүрлик болмаса пайдаланыў ҳарам. Дурысы усы». (Мәжмәъул аҳур» китабы).
  Соның ушын баланы емизиўде мүддетке әҳмийет бериў лазым. Оннан қалса, бала еки ярым жасқа шекем аўқат жейтуғын болады. Сүт емиўге зәрүрлик қалмайды.
  Егер бала нәренжан ямаса басқа кеселлик себепли тек сүт пенен азықланатуғын болса, бул зәрүрлик жағдайына айланып, сүттен басқа нәрсе жей алатуғын болғанша еки ярым жастан кейин де емизиўге болады. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.


Forward from: Аброр Мухтор Алий | Расмий канал
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#ДОЛЗАРБ

• Ҳизбут таҳрир жамоаси ташкил бўлганидан шу кунга қадар инсониятга зарра қадар фойда келтирмаган!
• Аммо келтирган зарарларининг кўлами беқиёс!

©️ Аброр Мухтор Алий

📨 Постни яқинларингизга ҳам улашинг!

📌Каналга аъзо бўлиш учун
манзил👇👇👇

https://t.me/AbrorMuxtorAliy


#сораў_жуўап

     НАМАЗ ОҚЫЙДЫ БИРАҚ ПАЛКЕРЛИК ҚЫЛАДЫ

CОРАЎ: Жаман әмел менен жақсы әмелди тең услап киятырғанларға динимиз не дейди? Мәселен бес ўақыт намаз оқыйды бирақ палкерлик қылады.

ЖУЎАП: Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм.
     Намаз оқыў парыз әмел, оны оқыў бенделердиң миннети. Ал, палкерлик динимизде қараланған, аўыр гүналардан. Ҳәттеки ол өзи ҳәм өзгелердиң де ийманына кери тәсир етиўши ис есапланады. Егер инсан намаз оқып та жаман ислерден қайтпай атырған болса, бул жақсы аўҳал емес.
Себеби, Аллаҳ таала: (Ҳәй Муҳаммад) Саған Китаптан (Қураннан) ўаҳий қылынған нәрсени тиләўат қыл ҳәм намазды кәмил қылып оқы, әлбетте, намаз бузық ҳәм жаман ислерден қайтарады. Әлбетте, Аллаҳтың зикири (бәрше нәрседен) уллы. Аллаҳ ислеп атырған ислериңизди биледи.

     Демек, қабыл болған намаз өз ийесин гүналардан қайтарыўы анық болды. Солай екен, намазды оқып турып, гүна ис қылып атырған адам – намазларын кәмил орынланыўына итибар қылыўы керек. Ўаллоҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўә кеңеси


16—ЯНВАРЬ 2025—ЖЫЛ
ШЫМБАЙ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 

🕌    ТАҢ — 07:10

🕌    ҚУЯШ — 08:29

🕌    ПЕСИН — 13:15

🕌    НАМАЗЛЫГЕР — 16:11

🕌    ШАМ — 17:53

🕌    ҚУПТАН — 19:16


Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
#сораў_жуўап

Сораў:

Assalawma alaykum ustazlar. Sorawim ku'ydegishe, er jigit o'z shan'arag'in man'lay teri menen tapkan haqli miyneti menen bagiw kerek egerde ol internet arqali(1xbet, 1win h.t.b) oyinlarg'a aksha tigip utip alsa ha'm ol pullardi o'z shan'arag'ina jumsasa bul durispa?

Жуўап:

Ўа алайкум ассалам. Пул тигип ойналатуғын ойынлар қумар, деп аталады. Бунлай етип пул табыў ҳарам.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ


Сораў: Шәриятымызда таўып алынған буйым яки пул бизлерге ҳадал емес. Еситиўимше, ким пул таўып алса, оны бир жыл сақлаўы керек, ийеси шықпаса садақа қылып жибериў керек. Сонда да, садақаның саўабы сизге жазылмас екен. Мен жолда түсип қалған пулды көрип, ислетип қойыўым мүмкин деп алмасам маған гүна болмай ма? Өйткени, ийеси шығып меннен сораўы мүмкин, ал мен гүнадан қашып гүнаға тутылып қалмайман ба?

Жуўап:
1.  Таўып алынған нәрсени ийесине қайтарып бериў ушын алмаса, ол нәрсе сол жерде қалып, оған зыян жетип, жоқ болып кетиў итималы болса, таўып алынған нәрсени алыў парыз.
2.  Таўып алынған нәрсени ийесин таўып, қайтарып бериў ушын алмаса да, ол нәрсе сол жерде оған зыян жетип, жоқ болып кетиў итималы болмаса, таўып алынған нәрсени алыў ықтыярлы болады.
Бирақ, ийесине қайтарып бериў мақсетинде алыў абзал есапланады ҳәм бул ис ушын саўап та үмит етиледи. Ўаллооҳу аълам.


Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўә кеңеси


ЗӘКАТ ТЕК РАМАЗАН АЙЫНДА БЕРИЛЕДИМЕ?

СОРАЎ: 1. Зәкат тек Рамазан айында бериледиме? 2. Ажыратылған зәкат сўммасын бир нешше адамға бөлип бериўге боладыма?

ЖУЎАП:
Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. 1. Зәкатты тек Рамазанда емес, басқа айларда да бериў мүмкин. Себеби зәкаттың парыз болыўы Рамазанға емес, жыл толыўына байланыслы болып есапланады. Көп адамлардың Рамазанда зәкат бериўи бул айда әжири көп болғаны ушын. Негизинде биреўдиң зәкатқа байланыслы мүлки (алтын, гүмис, нақ пул, саўда маллары, жайлаўдағы шарўалары) нисабқа (зәкат бериў муғдары) жетип, қамарий есапта бир жыл толғанда бериледи. Себепсиз зәкат бериўди кешиктириў гүна есапланады.
  Бул гәп барлық фиқҳий дереклеримизде айтып өтилген. «Фәтәўәий Әләмгирия»да мынандай делинген:
ومنها حولان الحول على المال العبرة في الزكاة للحول القمري كذا في القنية
  «Зәкаттың шәртлеринен бири малға бир жыл толған болыўы. Зәкатта қамарий жыл итибарға алынады».
 
«Мабсуты Сарахсий»де мынандай делинген:
وَلَيْسَ فِي أَقَلِّ مِنْ مِائَتَيْ دِرْهَمٍ زَكَاةٌ فَإِذَا بَلَغَتْ مِائَتَيْ دِرْهَمٍ وَحَالَ عَلَيْهَا الْحَوْلُ فَفِيهَا خَمْسَةُ دَرَاهِمَ
  «Еки жүз дирҳамнан аз ақшадан зәкат берилмейди. Қашан ақша еки жүз дирҳамға жетсе ҳәм бир жыл толса, оннан бес дирҳам зәкат береди».
2.Зәкатты бир неше адамға бөлип бериў мүмкин. Бирақ бир неше адамға бөлип бергенде, ҳәр бир адамның алған үлеси бир күнлик итияжға жететуғын болыўы мустаҳаб есапланады. «Мухтасарул-ўиқая» китабында: «Бир адамға зәкатта бир күнге жететуғын, және өзгелерден сораўға ҳәжет қалдырмайтуғын муғдарда бериў мустаҳаб», – делинген. Толық бир күнлик сораўдан бийҳәжет қылыў дегенде, тек зәкатты алған адамның өзи емес, бәлким оның әҳли ҳаялы да бир күнлик сораўдан бийҳәжет болыўы нәзерде тутылады. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы


15—ЯНВАРЬ 2025—ЖЫЛ
ШЫМБАЙ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 

🕌    ТАҢ — 07:10

🕌    ҚУЯШ — 08:29

🕌    ПЕСИН — 13:15

🕌    НАМАЗЛЫГЕР — 16:10

🕌    ШАМ — 17:52

🕌    ҚУПТАН — 19:15

14 last posts shown.