Бухар әмири ҳәм Буқыш бий
Буқыш бий сарысынлыдан келген ири киси болыпты. Көбинесе басын төмен салып, ойланып отырады екен. Басын көтерсе, басқалар жүзине тик қарай алмайтуғынға усайды. Көзи өңменди тесип өткендей өткир ҳәм отлы екен. Ҳәтте, әмирдиң өзи де бийдиң алдында көзин алып қашып сөйлейтуғын көринеди.
Бир күни Бухартан әмири Буқышты бийдиң батырларға тән айрықша түр-турпатына өзинше сын берген кейипте: – Бийеке, мен Сизди Бухардың адам базарында көрмедим ғой, - деп кекесинли күледи.
Бий де егленип турмастан: – Тақсыр, Сиз адам базарында ўақтыңызда, биз ақыл базарында едик, - деп әмирдиң қунын өзине еслетип қояды. Ойланбай айтқан сөзинен опық жеген тахт ийеси Буқыш бийдиң алдында нәўийе бийжөн сөйлеместей болыпты.
✍ Сейдин Әмирлан
"Керегетаў гүрриңлери"
https://t.me/ibratli_sozler