ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: not specified


От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Statistics
Posts filter


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Умытпаң... Инсан таңға түн арқалы  ғана жетип барады.

Алла ҳәрбир бендени бахыт қуяшы нур шашқан таңларға жеткизсин.

Қайырлы түн, Қәдирданларым...

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналымызды гүзетип ықлас пенен қарап отырғанларға еки дүнья бахтын тилеп қаламыз!

https://t.me/ibratli_sozler

5.2k 0 40 42 99

Сораў❓ ✅ НАҒЫС ОЙЫЛҒАН КИЙИЗ НЕ ДЕП АТАЛАДЫ?
Poll
  •   1⃣ Шыпта
  •   2⃣ Текиймет
  •   3⃣ Алаша
  •   Сораўлар М. Нызановтың "Қарақалпақлар" китабынан алынып дүзилди.
518 votes

4.6k 0 13 51 43

Сорау❓ ✅ ЕСКИДЕ ПОЛАТТАН ИСЛЕНГЕН КИШКЕНЕ ҚАЗАН НЕ ДЕП АТАЛҒАН?
Poll
  •   1⃣ Шәўгим
  •   2⃣ Дүмше
  •   3⃣ Таба
589 votes

4.4k 0 17 46 43

Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#Ақыл_нәсият
📜 Қарақалпақ халық нақыл - мақаллары
🎙Журналист                  
  Феруза Қожықбаева.
💻 Б. Қалиева
📝📝📝
https://t.me/ibratli_sozler


НӨКИСИМ ГҮЛЛЕНИП, КӨРКЕЙИП АТЫР

Ана жер тамыры – Әмиўдәрьядан,
Алған Дослық канал нәўпир сағасын.
Қуўанар жүректе оты бар адам,  
Ески Қызкеткенниң көрип жағасын.

Ғәрезсизлик байрамының тойында,
Әжайып келбетке енбекте жаға.  
Мийнет ғыжламақта канал бойында,
Бой тиклеп көринди сулыў бир қала.

Бир неше мезгиллер көрмеген инсан,
Танымас кешеги көше бойларын. Көшесин безеген имарат мыңсан,
Заўықлы атқарар Нөкис тойларын.

Фонтаны атқылап нама шалады, Қырғаўыл қанатлы - нағыш салады,
Ақшамлары қыдырсаңыз Пайтахтты,
Каналдың бойлары нурға толады.

Мәрт инсанлар мийнетиниң жемиси,
Нөкисим гүлленип, көркейип атыр.
Ғәресизлик алған елдиң жеңиси,  
Ерискен табыслар жүз жылға татыр.

Ул - қызың тил алғыш, алғыр билимге,
Тыңлайды кексениң даналық сөзин.
Мәденият, спорт, илим - билимде,
Жасларың дүньяға танытты өзин.

Пайтахт турғынлары - Дослық орденли,
Балаңыз баҳадыр - қызың көргенли.
Азадалық, елдиң бирлиги менен,
Таңлантып қояйық сырттан келгенди.

✍ Сали Қудайбергенов
https://t.me/ibratli_sozler


ГҮЛЛЕР АҢЛАМАС

Тобынан айрылған торала ғаздың,
Ғаңқылдысын айдын көллер аңламас.
Гүл ышқында күйген бүлбүл наласын,
Бәҳәрде ашылған гүллер аңламас.

Биреўге айралық, биреўге сайран,
Дүньяның исине қаларсаң ҳайран.
Суў излеп ылақса жаралы жәйран,
Өзи суўсап атқан шөллер аңламас.

Қастың бардай сонша қыйнап жанымды,
Аяўсыз шертерсең кеўил тарымды.
Мениң сен деп шеккен азапларымды,
Қудайға мың шүкир, еллер аңламас.

Гүл мәўсими өтер бәҳәри-жазы,
Биймезгил урмағай қазан аязы.
Ашық Аяз сен деп питкен баязы
Бийдәрт жанлар, алшақ диллер аңламас.

  ✍ И. Юсупов.

https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

4.9k 0 192 12 71

Forward from: ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
"ОДАНБАСЫ" Сөзиниң мәниси қандай?
Poll
  •   1️⃣ Биринши жүриўши.
  •   2️⃣ Басқарыўшы, меңгериўши.
  •   3️⃣ Жалғыз.
4646 votes


ТЕСИК ҚАЛТА

Тәҳәрет қыласаң да, суўды көп ысырап қыласаң
(Тесик қалта).

Хиджаб орайсаң да, бирақ бет-жүзиңди бояп аласаң
(Тесик қалта).

Нәпил намазына турасаң да, лекин, жаныңдаға адам менен аразласасаң
(Тесик қалта).

Ораза тутасаң да, бирақ, басқаларды ғыйбат қыласаң
(Тесик қалта).

Садақа бересең-аў, бирақ артынан миннет қылып, айтып отырасаң
(Тесик қалта).

    Көзиңди аш, ҳей тақўа инсан! Ислеген жақсы әмеллериңди тесик қалтаға салып, саўабынан бос қалма!

   Шайх Муҳаммед Арифий.

https://t.me/ibratli_sozler

6.2k 0 127 15 100

ҚАРТАЙЫЎДА  БАХЫТ

Әже, апа  болдыңызлар қатар қурбылар,
Сизлерсиз мениңде кеўлим шалқымас,
Елиң абат болса өмириң қулпырар
Шад болсаң артады жасаўға ықлас.

Туўрылық нышаны - оқыдық намаз,
Әўелден кеўлиң пәк болса пәксең,
Кеўил хошлықтанда болмағыл араз
Нәпс- шайтан, алдар болмасан  сақ сен.

Билсең: қартайыўда адам әрманы,
Бахыт: жетистик деп етсек  жәрия,
Бизге алып берди "өмир тарланы"
Байрағымыз деген " Жаса қарыя"

Ғаррылық дәрт емес сақлан инсапты,
Билдирейик елге миннетдаршылық,
Рети келсе күш ғайратты  жумсап қал,
Қартайсаң да ақыл - хуўшың баршылық.

Сенбир гүжим терек шақалы нәрўан,
Мазмунлы жасай бил, қалмасын әрман.
Картайсаң да жүректеги мәргияң,
Жаслар кеўлин тартпағы шәрт қариям.

✍ Гүлбахар Қарабаева.
16 - февраль.2025 ж. Шымбай

https://t.me/ibratli_sozler
👉 https://t.me/ibratli_sozler

6.5k 0 101 19 53

РАЎАЖЛАНЫЎДЫҢ 7 ҚАҒЫЙДАСЫ

📖 Алған билимиңиз сизиң өсип, камалға келиўиңиз ушын еле кепиллик бермейди. Тийкарғысы, оны турмыста қолланып көриў болып есапланады.

📖 Ҳәрекет болмаса, тек ғана жақсы пикирдиң ҳеш  пайдасы жоқ.

📖 Имканиятларды излегенше, оны өзиң пайда ет.

📖 Бизиң өмиримиздиң 10 пайызында басқарып болмайтуғын жағдайлар болыўы мүмкин. Ал, қалған 90 пайызын утымлы пайдаланыў өзимизге байланыслы.

📖 Биз бүгин басламаған нәрсемизди ертең тамамлай алмаймыз. Ертең нәтийжесин көргиң келген исти бүгин басла.

📖 Режелериңизди әмелге асырыў ушын идеал жағдай күтип отырғанда ҳәммесинен бос қалаўыңыз мүмкин.

📖 Ислеп атырған жумысларыңызды даўамлай берсеңиз, әлбетте нәтийжеси қолыңызға тийеди.

"Өмиримниң мазмуны"нан аўдармалаған:
Қуўанышбаева Гүлайым.

https://t.me/ibratli_sozler


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ, ӘЗИЙЗЛЕР!

Ҳүт айының 18 - сәнеси   2025 ж

    ЕРТЕ ТАҢНАН ОЯНЫП, ЖАҚСЫ НИЙЕТКЕ БЕТ БУРҒАН ҚЫМБАТЛЫ КАНАЛ ЫҚЛАСБЕНТЛЕРИ!
    БҮГИНГИ  КҮНИҢИЗ ҚАЙЫРЛЫ ИСЛЕРГЕ ТОЛЫ БОЛСЫН!
     Жаратыўшы ийемиз сизлердиң ҳәр бириңиздиң шаңарағыңызға аманлық,өзлериңизге беккем ден, саўлық, ислериңизге  раўаж ҳәм мол несийбе инәм етсин!!
    Алға қойған мақсетлериңиз орынланып,  күниңиз әўметли болсын!

https://t.me/ibratli_sozler

10.4k 0 151 17 90

💫 #қайырлы түн

  Өмирде жасаў аңсат емес...
Онда ҳақыйқый мәниде жасап өтиў ушын әлбетте гүресиў керек. Биз онда адасамыз, қәте-кемшиликлер ислеймиз, жығыламыз, сүринемиз, гейде жалғыз қаламыз, ҳәтте ашшы көз жас та төгемиз, қыйналамыз ҳәм ақырында өмирдиң усы соққылары бизди күшли инсанға айландырады...

ТҮНИҢИЗ ТЫНЫШ ӨТСИН ӘЗИЗЛЕРИМ!!!


https://t.me_ibratlı_sózler

6k 0 59 22 48

Қарақалпақ нақыл-мақаллары

Жан қыйнамай жумыс питпес,
Талап қылмай муратқа жетпес.

Көпке жуўырған,
Аздан бос қалады.

Ислегенниң аўызы асқа толады,
Жалқаўдың жумысы даў болады.
Айтатуғыны заң болады.
Көрмеген адамға таң болады.

Қазыўшының жаманы бел сайлайды.

Суўды сағасынан тый.

Тама-тама көл болар,
Бир тамбаса шөл болар.

Жылай-жылай жап қазсаң,
Күле-күле суў ишесең.

Егин ексең ерте ек,
Ағаш тиксең бәҳар тик.
📖

Бизди турақлы турақлы түрде бақлап барың!

https://t.me/ibratli_sozler

Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.


ӘЙЛЕР

Болымсыз жигит сәл жерде
Паңсып, тәкаббарлық әйлер.
Жақсы жигит жаман елди
Жәмлеп аўызбирлик әйлер.
Бул дуньяның иси әрман,
Алды қызық, кейни ўайран,
Қәўипли жерде қонса кәрўан,
Кәрўан басы серлик әйлер.
Курық таслар дурмеқ етип,
Каўын ексең тәрнек етип,
Пәлек бизди ермек етип,
Катты устемкерлик әйлер.
Дәўран бағьшдағы бадам,
Ақыл егер, татар надан.
Мал қәдирин билген адам,
Тутыш рузигерлик әйлер.
Шарқы пәлек қоймас аман,
Гәрдишине дунья ҳайран.
Еки сөзли бузық жанан,
Сыр берсең, ҳайярлық эйлер.
Жол узақдур, қисқа емириң,
Көрип сум пәлектиң жәбирин,
Жаратқанда уллы тәңирим
Ҳәр кимге бир қылық әйлер...

✍ Мақтымқулы

https://t.me/ibratli_sozler
👉 https://t.me/ibratli_sozler


"БИР БҮЙИРЛЕЎ"
Poll
  •   1⃣ Өзин шетке алыў
  •   2⃣ Ағайиншилик етпеў
  •   3⃣ Айтқанға жүрмеў
877 votes

5.5k 0 13 41 52

"ЕДЕН"
Poll
  •   1⃣ Үлкен, үй
  •   2⃣ Ҳәўли
  •   3⃣ Аяқ басатуғын жер, пол
69 votes

5.5k 0 14 45 55

Бухар әмири ҳәм Буқыш бий

Буқыш бий сарысынлыдан келген ири киси болыпты. Көбинесе басын төмен салып, ойланып отырады екен. Басын көтерсе, басқалар жүзине тик қарай алмайтуғынға усайды. Көзи өңменди тесип өткендей өткир ҳәм отлы екен. Ҳәтте, әмирдиң өзи де бийдиң алдында көзин алып қашып сөйлейтуғын көринеди.
Бир күни Бухартан әмири Буқышты бийдиң батырларға тән айрықша түр-турпатына өзинше сын берген кейипте: – Бийеке, мен Сизди Бухардың адам базарында көрмедим ғой, - деп кекесинли күледи.
Бий де егленип турмастан: – Тақсыр, Сиз адам базарында ўақтыңызда, биз ақыл базарында едик, - деп әмирдиң қунын өзине еслетип қояды. Ойланбай айтқан сөзинен опық жеген тахт ийеси Буқыш бийдиң алдында нәўийе бийжөн сөйлеместей болыпты.

✍ Сейдин Әмирлан
"Керегетаў гүрриңлери"
https://t.me/ibratli_sozler


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
"АЛЛАҲЫМ БЕР"
✍ Қудайберген Наўрызбаев
🎙 Баҳадыр Дәўлетниязов

https://t.me/ibratli_sozler


#ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ❗️

Дыққат таӊлаў!!!  «Устаз жолы» газетасы халқымызға бәҳәр паслы қарсаңында әжайып кейпият ҳәм мотивация үлесиў мақсетинде 8-март «Ҳаял қызлар байрамы» мүнәсибети менен «Жәҳән маған ҳәўес етип қарасын» атлы таңлаўын жәриялайды!
Таӊлаўға барлық кәсип ийелери ҳәм студент жаслар қатнасыў имканиятына ийе. Таӊлаўға ис-тәжирийбеси, жетискенлиги қабылланады.
Таңлаў жеңимпазлары редакция тәрепинен:
1.🏅 Көкирек белгиси
2.📕Арнаўлы гуўалық
3.📜Алғыснама тапсырылады.
Толығырақ: + 90 5767459
90.701-65-03
Жуўмақ: 8-март

https://t.me/USTAZ_JOLI


Адам деген...

Кишипейил болып жүрсең, үлкен менен де, киши менен де бирдей сөйлесе берсең, т.б. әпиўайылық, адамгершиликти сақласаң, тап министр болсаң да, көпшилик сени сыйламайды.  Ал менменсип, көкирекке урып жүрсең, жумысын, өтинишин бирден орынламай, қатнаттырып, қәдирин өткерип, питирсең, ҳәтте, питирмесең де ҳә дегеннен «сыйлайды».
Адам деген мақлуққа түсинбедим.

Баплай алмайсаң ба?

Егер бир бийкеш жәнжеллесип үйине қайтып келсе, яки қалада ушырасып қалғанда: «Күйеў балаң менен келиспей жүрмиз», деп айтса, қыздың жеңгелери:
–Ҳәй, бийкешжан-әй, бир күйеўиңди баплай алмайсаң ба? Қойш, сен-әм? – дейди. –Бизлер ғой, сениң тирсек әжағаң менен де оңысып отырмыз, нешше жылдан берли.
Бул жердеги «баплаў» деген сөз – «кеўлин табыў» деген мәниде қолланылғаны менен де ҳақыйқатында, тийкары «қатырып бапладым ғой», «алдадым ғой» дегендеги «алдаў», «алдастырыў» деген мәнини билдиретуғыны аян. Яғный «баплай алмайсаң ба?» дегенде «бир күйеўге қарай алмайсаң ба?» дегени менен де бул сөздиң астында «алдастыра алмайсаң ба?» деген де мәни жасырынып жатырғаны сыр емес.


А.Абдиев
👉
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

5.6k 0 20 25 41
20 last posts shown.