Адам деген...
Кишипейил болып жүрсең, үлкен менен де, киши менен де бирдей сөйлесе берсең, т.б. әпиўайылық, адамгершиликти сақласаң, тап министр болсаң да, көпшилик сени сыйламайды. Ал менменсип, көкирекке урып жүрсең, жумысын, өтинишин бирден орынламай, қатнаттырып, қәдирин өткерип, питирсең, ҳәтте, питирмесең де ҳә дегеннен «сыйлайды».
Адам деген мақлуққа түсинбедим.
Баплай алмайсаң ба?
Егер бир бийкеш жәнжеллесип үйине қайтып келсе, яки қалада ушырасып қалғанда: «Күйеў балаң менен келиспей жүрмиз», деп айтса, қыздың жеңгелери:
–Ҳәй, бийкешжан-әй, бир күйеўиңди баплай алмайсаң ба? Қойш, сен-әм? – дейди. –Бизлер ғой, сениң тирсек әжағаң менен де оңысып отырмыз, нешше жылдан берли.
Бул жердеги «баплаў» деген сөз – «кеўлин табыў» деген мәниде қолланылғаны менен де ҳақыйқатында, тийкары «қатырып бапладым ғой», «алдадым ғой» дегендеги «алдаў», «алдастырыў» деген мәнини билдиретуғыны аян. Яғный «баплай алмайсаң ба?» дегенде «бир күйеўге қарай алмайсаң ба?» дегени менен де бул сөздиң астында «алдастыра алмайсаң ба?» деген де мәни жасырынып жатырғаны сыр емес.
✍А.Абдиев
👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler