БУЛ МЕНИҢ МАШҚАЛАМ ЕМЕС...
Тышқан үйде жүрип баратырып үйдиң бир шетине жыланның уя салып атырғанын көрди.
Бир, еки күннен соң қораздың алдына барып: "Ҳәй қораз, үйдиң бир мүйешине жылан уя салып атыр ертең бизлерге зияны тийип жүрмейме?, - деди.
Қораз оған: "Бул мениң машқалам емес.
Кимниң машқаласы болса, өзи шешсин", - деди.
Тышқан мәйли деди де, қойдың алдына барып: "Ҳәй қой, кел мына жыланды қуўып салайық. Бул ҳәммемиз ушын қәўипли", деп мәсләҳат берди.
Қой да, қораз сыяқлы: "Буның маған байланысы жоқ.
Машқала кимдики болса өзи шешиўи керек" - деди.
Тышқан енди өгиздиң алдына барды. "Ҳәй өгиз, усы машқаланы бирге шешейик.
Бул ҳәммемизге кесент етип, зияны тийип кетиўи мүмкин, -деди.
Өгиз: "Бул мениң машқалам емес", -деди.
Күнлердиң биринде жылан сол жерде жүрген үй ийесиниң ҳаялын шағып алды.
Хожайын ҳаялын емлеўханаға алып барды.
Емлеп болған соң шыпакер хожайинге: "Биз қолымыздан келгенин қылдық.
Енди үйге алып барып, жақсы аўқатлар таярлап бериң.
Таўық сорпа болса, және де жақсы болар еди" деди.
Хожайын үйине келди де, кетектеги қоразды сойып, сорпа қылды.
Ел-халық, ағайын-туўысқан: "Пәленшеның ҳаялы аўырған екен, барып көрмесек болмас", деп избе-из зыярат қылыўға келе баслапты. Хожайын ойланып: "Бәрше жақынлар келип атыр. Енди бир иҳсан қылайын", деди де, қорадағы қойды сойыўға қарар қылды.
Арадан көп ўақыт өтпей, ҳаялдың кесели аўырласып қайтыс болды. Хожайын мерекесин өткизип болып өгизди де сойып жиберди.
Мәселениң қызық жери сонда: "Бул мениң машқалам емес", дегенлердиң биреўи де, аман қалмады. "Машқала меники", деп бас қатырған тышқан елеге шекем тири.
Жуўмақ шығарыў өзимизден...
❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati href='' rel='nofollow'>