ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Law


Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов
Байланысыў: +998 90 574 44 47
Группамыз: @adillkadvokatigroup

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Law
Statistics
Posts filter


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
⚡️Абдуқодир Хусанов "Манчестер сити"де сумда күнине 130 миллион сум алады👏👏👏

Жылына - 47 миллиард сум.

Айына - 3 миллиард 9 миллион сум.

Ҳәптесине - 904 млн сум.

Күнине - 128 млн 800 мың сум.

Саатына (ҳәттеки уйқылап та) - 5 млн 366 мың сум пул табады.

Бурынлары бизге топ ойнаған тозар дейтуғын еди...

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

4.1k 0 44 14 29

⚡️Әзиз ўатанласлар!

✅ «Жыл мектеби–2024»
таңлаўы жәрияланғанынан бери көпшилик мектеплер жәмәәтлери белсенди қатнасып жоқары нәтийжени көрсетип келмекте.

🏆Көпшиликтиң сораўларына көре, таңлаўдың 22-январь күнги жағдайына ең жоқары нәтийжени көрсетип киятырған 20 мектеп дизимин нәзериңизге усынамыз.

1.  35-санлы мектеп (Хожели) – 6297;
2.  19-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 6252;
3. 2-санлы мектеп (Қанлыкөл) – 3893;
4. 27-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 3616;
5.  21-санлы мектеп (Қараөзек) – 2557;
6.  14-санлы мектеп (Шымбай) – 2526;
7.  12-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 2300;
8.  2-санлы мектеп (Қараөзек) – 2080;
9. 36 ИДУМ (Шымбай) – 1870;
10.  31-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1709;
11.  37-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1655;
12.  4-санлы мектеп (Мойнақ) – 1576;
13.  23-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1544;
14. 1-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1482;
15.  26-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1376;
16.  3-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1213;
17.  19-санлы мектеп (Кегейли) – 1121;
18. 11-санлы мектеп (Қанлыкөл) – 1105;
19.  38-санлы мектеп (Шымбай) – 924;
20. 24-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 911.

☝️Ескертип өтемиз, таңлаўда ең көп даўыс топлаған 3 мектеп жәмәәтине қымбат баҳалы саўғалар (Моноблок, принтер ҳ.т.б.) бериледи. Сондай-ақ, таңлаўда даўыс бериўде белсенди қатнасқан пуқараларға да саўғалар қойылған. Таңлаў  2025-жыл 10-февралға шекем даўам етеди.

Мектепке даўыс бериў


❓Ҳәр жыллық мийнет дем алысы бөлеклерге бөлингенде қандай ҳақы төленеди

▫️Жыллық мийнет дем алысы бөлеклерге бөлингенде ҳақы бөлеклерге бөлинген дем алыс ушын ғана төленеди. Мысалы, хызметкер жыллық мийнет дем алысының 7 күнин бөлеклерге бөлип алды. Дем алыс пулы нызамшылықта белгиленген тәртипте 7 күн ушын төлеп бериледи.

▫️Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 14-ноябрьдеги 758-санлы қарарына 5-қосымша "Айырым жағдайлар ушын хызметкерлердиң орташа мийнет ҳақысын есаплаўдың өзине тән өзгешеликлери ҳаққында"ғы Режениң 11-бәнтине бола, дем алыс бөлеклерге бөлингенде сақлап қалынатуғын орташа ис ҳақысы белгиленген тәртипте ҳәр бир бөлим ушын өз алдына есапланады.

▫️Сондай-ақ, "Жыллық мийнет дем алысы ўақтында сақланып қалынатуғын орташа ис ҳақысы муғдарын анықлаў тәртиби ҳаққында"ғы Қолланбаның 21-бәнти 2-хатбасына бола, дем алыс бөлеклерге бөлингенде сақланып қалынатуғын орташа мийнет ҳақысы усы Қолланбада белгиленген тәртипте ҳәр бир бөлеги ушын айрықша есаплап шығылады.

📨 Адвокатқа сораў бериў

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Жаңа алдаўшылықтан абайлы болың: Енди "QR" кодтың ишине жасырынған қәўиплер пайда бола баслады!

Жақынларға жиберип ескертип қойың.

❇️ Каналға ағза болыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati



8.9k 0 58 13 48

Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Көпшилик адамлар жансыз деп билетуғын китап оларға қаншелли саўатсыз екенлигин дәлиллей алады.

❇️ Каналға ағза болыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
❓ Қандай жағдайларда жумыс бериўши хызметкерге ис ҳақы сақланбаған мийнет дем алысын бериўге мәжбүр?

✅ Мийнет кодексиниң 242-статьясына муўапық, хызметкердиң қәлеўине көре:
➖ 1941 — 1945 жыллардағы урыс қатнасыўшыларына ҳәм имтиязлары бойынша оларға теңлестирилген шахсларга;
➖ I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға;
➖ еки жастан үш жасқа шекем болған баланы күтимине қарап атырған баланың ата-анасынан бирине (қәўендери), апасы, атасы яки басқа туўысқанларына;
➖ он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланы яки он алты жасқа толмаған майыплығы болған баланы тәрбиялап атырған ата-анассының бирине (ата-ананың орнын басыўшы шахсқа) — ҳәр жылы он төрт календарь күнге шекем мәжбүрий тәртипте ис ҳақы сақланбаған мийнет дем алысы бериледи.

❇️ Каналға ағза болыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
⚡️Ташкентте такси айдаўшысы қарыйдарды суў берип уйқылатып оның атына 12 миллион микрокредит рәсмийлестиргени айтылған хабарлар тарқалды

Ол пулларды танысының пластик картасына өткерип, пулларды банкомат арқалы нақластырған.

Негизинде болса мәс қарыйдар такси шофёрына локацияны көриў ушын телефонын берип, өзи уйықлап қалган ҳәм такси шофёры оның атына телефонынан пайдаланып кредит шығарып алған.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


My.gov.uz порталы арқалы мәмлекетлик хизметлерден онлайн пайдаланың!

💻 my.gov.uz/oz/service/308 — Такси айдаў ушын лицензия алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/913 — Туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/853 — Автотранспортты онлайн қамсызландырыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/412 — Өзбекстан Республикасынан шығыўға ўақтыншалық шеклеў қойылғанлығы жағдайын анықлаў;

💻 my.gov.uz/uz/service/491 — Өз-өзин бәнт еткен шахсларды дизимнен өткериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/263 — Есапланған ис ҳақы сўммалары ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/486 — Напақа тайынлаў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/378 — Паспортты ID картаға алмастырыў ушын арза жибериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/498 — UzAuto Motors AJ арқалы автомобил сатып алыў ушын нәўбетти тексериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/418 — Сырт елге шығыў паспортын рәсмийлестириўге арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/745 — "Ҳаяллар дәптерин"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/748 — "Жаслар дәптерин"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/743 — "Темир дәптер"де  пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/587 — “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри”не кириў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/654 — Aвтотранспорт қуралларының тыйымды тексериў;

💻 my.gov.uz/oz/service/938 — Кредит тарийхы үйренилгенлиги бойынша ескертиўши «СМС-хабарнама» алыў.

💻 Oilakredit.uz — шаңарақлық исбилерменлик бойынша кредит алыў ушын арза бериў;

💻 online-mahalla.uz — бул дизимде көрсетилген жөнелислер ушын субсидия алыў мүмкин;

💻 ipoteka-bozori.uz — жаңа тәртиптеги ипотека кредитлери;

💻 Subsidiya.mf.uz — субсидия рәсмийлестириў бойынша;

💻 smart-market.uz — ири ислеп шығарыўшы, көтере саўда, жеткерип бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлер ушын өз өним ҳәм хызметлерин еркин сатыў және кредит алыўшылар ушын өним жеткерип бериўши фирманы еркин таңлаў имканияты бар.

💻 talim-krediti.uz яки talim-krediti.mf.uz тәлим кредитин алыў ушын;

💻 Infokredit.uz ёки my.gov.uz — кредит тарийхын билиў ушын;

💻 bank-kredit.uz  —"20 исбилермен - 500 мың маман қәнийге" дастүри шеңберинде кредитге арза бериў;

💻 portal.infokredit.uz — Юридик шахслар кредит тарийхы ҳаққындағы мағлыўматты алыў ушын.

📱my.gov.uz қосымшасын жүклеп алыў: Google Play яки App Store

💫Бул постты жақынларыңызға тарқатың.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Концертлердиң алдынғы қатарында отырыў ушын ерниңиз "ботекс" яки сиз "гей" болыўыңыз керек

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

9.3k 0 33 17 53

❗️2025-жыл 21-24-январь күнлери белгиленген реже график тийкарында Өзбекстан Республикасы Жоқары суды, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлиги, Орайлық банк, Бажыхана басқармасы, Салық комитети, Кадастр агентлиги ҳәм басқа да мәкемелер басшылары қатнасында көшпели қабыллаў өткериледи.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
⚡️Жақында жумыс бериўшиниң талабы бойынша арзасы алынып, жумыстан босатылған хызметкерди, қайта жумысқа тиклеўге еристик!

🔰Олий суд Пленумыныӊ 2023-жыл 20-ноябрьдеги 26-санлы Қарарыныӊ 21-бəнтинде, судлар даўагердиӊ мийнет шəртнамасын бийкар қылыў ҳаққындағы арзаны жумыс бериўшиниӊ басымы нəтийжесинде бергенлиги ҳаққындағы ўəжлерин анықлық пенен тексерилиўи шəрт.

✅Бунда судлардыӊ итибары, хызметкерди арза жазыўға ғана мəжбүрлеў, басым яки зорлық өткизиў емес, ал хызметкерде мийнет қатнасықларын тамамлаўды қәлеместен турып, жумыс бериўши тəрепинен оны арза жазыўға актив рəўиште көндириў ҳəрекетлери де басым сыпатында баҳаланыўы лазымлығына қаратылыўы нəзерде тутылған.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Японияда жумысқа ерте келетуғын хызметкерлер машинасын «стоянка»да жумыс орнынан узағырақ жерге қояды екен.

Себеби жумысқа кейин келгенлер автомобилин жақынырақ жерге парковка қылып, жумысқа кеш қалмай үлгериўи ушын...

Бул япон миллети ўәкиллериниң бир-бирине болған өз-ара ҳүрмет белгиси саналады.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

11.6k 0 34 41 128

⚡️Әзиз ўатанласлар!

✅ «Жыл мектеби–2024»
таңлаўы жәрияланғанынан бери көпшилик мектеплер жәмәәтлери белсенди қатнасып жоқары нәтийжени көрсетип келмекте.

🏆Көпшиликтиң сораўларына көре, таңлаўдың 19-январь күнги жағдайына ең жоқары нәтийжени көрсетип киятырған 20 мектеп дизимин нәзериңизге усынамыз.

1. 35-санлы мектеп (Хожели) – 4244;
2. 19-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 4193;
3. 2-санлы мектеп (Қанлыкөл) – 3724;
4. 27-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 3329;
5. 14-санлы мектеп (Шымбай) – 2305;
6. 12-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 2294;
7. 2-санлы мектеп (Қараөзек) – 2047;
8. 21-санлы мектеп (Қараөзек) – 1893;
9. 31-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1704;
10.  37-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1650;
11.  1-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1473;
12.  23-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1446;
13. 36 ИДУМ (Шымбай) – 1407;
14. 26-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1369;
15. 4-санлы мектеп (Мойнақ) – 1175;
16. 3-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1113;
17. 11-санлы мектеп (Қанлыкөл) – 1104;
18. 24-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 906;
19. 3-санлы мектеп (Тахтакөпир) – 878;
20.  2-санлы мектеп (Тахтакөпир) – 871.

☝️Ескертип өтемиз, таңлаўда ең көп даўыс топлаған 3 мектеп жәмәәтине қымбат баҳалы саўғалар (Моноблок, принтер ҳ.т.б.) бериледи. Сондай-ақ, таңлаўда даўыс бериўде белсенди қатнасқан пуқараларға да саўғалар қойылған. Таңлаў  2025-жыл 10-февралға шекем даўам етеди.

Мектепке даўыс бериў

12.3k 0 107 10 45

Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Күнделикли машқалалар деп өтип атырған өмирди умытпайық...

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

11k 0 47 3 45

❓Турмыс қурыў ўақтында өмирлик жолдасының үйине берилген қалыңмал пулын (некеден ажырасқанда) қайтарып алыўга болама...

☑️Шаңарақ кодексиниң 44-статьясына көре, суд тәрепинен некеден ажырасыў туўралы иси көрилип атырғанда той өткериўге кеткен қәрежетлерди өндириў ҳаққындағы талаплар қанаатландырылмайды.

◾️Бул жерде ҳеш қандай жуўапкерлик жоқ. Қалыңмал ҳеш қандай нызам менен тәртипке салынбайды.

◾️Пуқаралық Кодексиниң 234 ҳәм 235-статьяларына бола, ҳәр еки тәреп арасында шәртнамалық миннетлемелер болса, ис даўа тәртибинде көрип шығылады ҳәм суд жуўмағында усы миннетлемелерди орынлаў ҳаққында шешим шығарады.

◾️Бирақ қалыңмал берген ямаса алған еки тәреп арасында ҳеш қандай миннетлеме жоқ еди. Қалыңмал - бул саўға. Соның ушын, оның "ақланыўы яки ақланбаўы" - бул саўғаны берген адамның тәўекели.

📨 Адвокатқа сораў бериў

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


❔️Айдаўшылық гүўалығы паспорттың орнына жүреме

Министрлер Кабинетиниң "Ишки ислер уйымлары системасында мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасын буннан былай да жетилистириў ҳәм тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары 6-бәнтине муўапық,

Пуқаралар паспорт пенен бир қатарда идентификация ID-карталары ямаса миллий айдаўшылық гүўалықларын көрсетип, банк хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин.

Жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығы шахсын тастыйықлаўшы рәсмий мәмлекетлик ҳүжжет статусына ийе болғанлығы себепли, ол банк хызметлерин көрсетиў процессинде паспорттың орнын баса алады.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Дүнья жүгин арқасына тийеген,
Инсан деген уллы атқа ийемен.
Базбиреўлер адамлықты умытып,
Ҳайўан исин ислегенге күйемен.

✍Тилеўберген Жумамуратов

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

13k 1 71 12 87

Forward from: XALÍQ USHÍN ⚖️
⚡️Әзиз ўатанласлар!

✅ «Жыл мектеби–2024»
таңлаўы жәрияланғанынан бери көпшилик мектеплер жәмәәтлери белсенди қатнасып жоқары нәтийжени көрсетип келмекте.

🏆Көпшиликтиң сораўларына көре, таңлаўдың 18-январь күнги жағдайына ең жоқары нәтийжени көрсетип киятырған 20 мектеп дизимин нәзериңизге усынамыз.

1. 19-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 3990;
2. 35-санлы мектеп (Хожели) – 3718;
3. 2-санлы мектеп (Қанлыкөл) – 3593;
4. 27-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 3206;
5. 12-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 2288;
6. 14-санлы мектеп (Шымбай) – 2250;
7. 2-санлы мектеп (Қараөзек) – 2017;
8. 21-санлы мектеп (Қараөзек) – 1808;
9. 31-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1680;
10. 37-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1643;
11. 1-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1463;
12. 23-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1372;
13. 26-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1367;
14. 11-санлы мектеп (Қанлыкөл) – 1102;
15. 36 ИДУМ (Шымбай) – 1109;
16. 3-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1091;
17. 4-санлы мектеп (Мойнақ) – 981;
18. 24-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 904;
19. 2-санлы мектеп (Тахтакөпир) – 869;
20. 3-санлы мектеп (Тахтакөпир) – 860;

☝️Ескертип өтемиз, таңлаўда ең көп даўыс топлаған 3 мектеп жәмәәтине қымбат баҳалы саўғалар (Моноблок, принтер ҳ.т.б.) бериледи. Сондай-ақ, таңлаўда даўыс бериўде белсенди қатнасқан пуқараларға да саўғалар қойылған. Таңлаў 2025-жыл 10-февралға шекем даўам етеди.

Мектепке даўыс бериў


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
❗️Ашшы ҳақыйқат: Ата-аналарға арналады.

Балаларыңызға жетерлише меҳир берип атырсызба?

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

20 last posts shown.