❕️2025-жылда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында енгизилетуғын әҳмийетли өзгерислер ҳәм тәртиплер менен танысың:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли Пәрманына тийкарланып:
➖ 2025-жыл 1-январьдан — мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорының орынбасары лаўазымы енгизиледи;
➖ 2025-жыл 1-январьдан — район (қала)ларда кеминде биреўден таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жумысы жолға қойылады;
➖ 2025-жыл 1-январьдан баслап — мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде "Методикалық шеберлик сааты", таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде "Методикалық шеберлик күни" басқышпа-басқыш енгизиледи;
➖ 2025-жыл 1-январьдан баслап — тренер сыпатында жумыс алып барып атырған директор орынбасарларына лаўазымлық мийнет ис ҳақысының 20 проценти муғдарында қосымша ҳәр айлық үстеме ҳақы төленеди;
➖ 2025-жыл 1-январьдан — қамтып алыў дәрежеси төмен болған мектеплер бос турған жер участкаларында мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысын жолға қойыўға рухсат етиледи;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарарларына тийкарланып:
➖ 2025-жыл 1-январьдан — кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңиллетилген тийкарда қабыл етиледи;
➖ 2025-жыл 1-январьдан — мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң жумысын жолға қойыў ушын белгиленген тәртипте компенсация бериў тәртиби енгизиледи;
➖ 2025-жыл 1-январьдан баслап — мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў шөлкемлериниң хызметкерлери ушын бес жылда бир мәрте жумыстан айрылған ҳалда маманлық арттырыў курслары енгизиледи;
➖ 2025-жыл 1-январьдан — улыўма орта билим бериў мәкемелеринде "Кәсиплик раўажланыў сааты", таяныш улыўма орта билим бериў мәкемелеринде "Кәсиплик раўажланыў күни" басқышпа-басқыш енгизиледи;
➖ 2025-жыл 1-январьдан — атақлы халықаралық олимпиадаларда қатнасатуғын сайланды командалардың басшысын хошаметлеў тәртиби енгизиледи ҳәм дәрамат салығынан азат етиледи;
➖ 2025-жылдан — 5-8-класс оқыўшылары арасында өткерилетуғын олимпиадаларда жоқары нәтийжелерди көрсеткен қәбилетли оқыўшылардың базасы қәлиплестириледи ҳәм оларды халықаралық олимпиадаларға мақсетли таярлаў жолға қойылады;
➖ 2025-жылдан — тийкарғы пән олимпиадаларының аймақлық басқышында табыслы қатнасқан қәбилетли жаслар ушын "Интеллектуаллық дем алыў орынлары" шөлкемлестириледи.
📨 Адвокатқа сораў бериў
❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati