Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
#рамазан_2025
#рамазанның_пазыйлети #зәкат
#сораў_жуўап
❔Сораў: Зәкаттың мәнис-мазмуны не?
💬 Жуўап: Бисмилләҳир Роҳманир Роҳийм. Зәкат бул – Ислам дининиң бес парызынан бири болған зәкат қаржылай ибадат есапланады. Оның “өсиў” “пәклеў” деген мәнилери бар. Шәриятымызда бай деп есапланған адам белгили бир мал-мүлкинен өзине ўәжиб болған муғдарды кәмбағалға мүлик қылып бериўи зәкат деп айтылады. Зәкат бериўде нысаб ҳәм жыл толыўы әҳмийетли.
Зәкат бериўдиң парыз екенлиги аяты кәриймалар ҳәм ҳәдислерде келтирилген. Аллаҳ таала Қураны кәриймде:
“Намаз оқың ҳәм зәкат бериң...” деген. (Бақара сүреси, 43-аят). Усы буйрық Аллаҳ тааланың кәламында сегиз мәрте тәкирарланған.
Пайғамбарымыз алайҳиссалам Ислам дини бес сүтнниң үстине қурылғанын айтып, соның ишинде зәкатты да айтты.
Пайғамбарымыз алайҳиссалам әтираптағылардан зәкат алыў ушын адамларды жиберетуғын еди. Буған мысал ретинде Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳуды Яманға жиберип:
“Оларға Аллаҳ таала мал-мүлкинен белгили бир бөлегин алып, кәмбағалларға берилетуғын бир садақа бар екенлигиниң хабарын бериң” деген (Имам Бухарий рәўияты).
Аллаҳ таала зәкат бермейтуғынларға қатты азап бар екенин ескертип:
“... алтын ҳәм гүмислерди жасырын ғәзийне қылып, оларды Аллаҳтың жолында сарпламайтуғынларға қатты азап бар екениниң хош хабарын бериң” (Тәўбә сүреси, 34-аят)
Ўаллаҳу аълам
Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz