Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
#рамазан_2025 #ораза #рәўият
ОРАЗА ТУТҚАН АДАМНЫҢ ДӘРЕЖЕСИ!
Муўса алайҳиссалам Рәббисине жалбарынып:
«Я Рәббим! Ҳеш бир бендеңди мени ҳүрметли қылғаныңдай ҳүрметли қылдың ба? Өйткени, Сен маған өзиңниң кәламыңды еситтирдиң», – деди.
Сонда Аллаҳ таала: «Ҳәй Муўса! Мен сен менен сөйлескен ўақтымда арамызда жетпис мың перде бар еди. Бирақ, ақыр заман болғанында Мениң сондай бенделерим болады, Мен оларды Рамазан айы менен ҳүрметли қыламан, оларға Мен бул мүбәрек айда оғыры жақын боламан. Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның үммети ораза тутып, ерини ағарып, реңи сарғайып аўыз ашарға отырған пайытларда Мен сол перделерди көтеремен. Ҳәй Муўса! Рамазан айында қарны аш қалып, баўыры күйгенлерге Жәннет болсын. Мен оларды жамалымды көриўдей үлкен бахытқа жеткиземен”.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz