Муҳаббат ҳаққында бираз жырларым,
Жыр емес, ол мениң жүрек сырларым,
Алынар ўақ келди гүллер қырманын,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң!-деп өткен әсирде хит дәрежесине шыққан бул қосықты ҳәммемиз ыңылдап айтқанбыз.
Усы қосықтың авторы, Қарақалпақстан халық шайыры, устазымыз Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВты бүгинги туўылған күни менен шын жүректен қутлықлаймыз!
Халық сүйген шайыр, устазымызға узақ өмир, беккем денсаўлық, шаңарағында аманлық, дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеймиз!
Аты-жөним қосық пенен тарады,
Бираз қызлар қызығып-ақ қарады,
Бүгин олар қыя бақпай барады,
Кеўлиңде бир гийне сақлап барасаң!
Сени ойлай берип кеўлим езилди,
Саған айталдым ба айтар сөзимди?
Шадлықка паянсыз муңлы көзимди,
Жангенем, сен бүгин жаслап барасаң!
Табалдым ба кеўлим аңсаған ярды,
Әрманлаў менен-ақ шашым ағарды,
Жүрек гүз паслынан тапты хабарды,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң.
Кеўлим сезимлерге болған тасқынлы,
Жүрек дәртсизлерге бизди қас қылды,
Алдап сөз айтпадым, тийдим нәпсимди,
Мәгар бул исимди жаклап барасаң?!
Бул жолда көп екен өткел, дығырық,
Оннан жүрип емес өттим жүгирип,
Қыл қыймас жан достым жүзиң үгирип,
Енди… ең соңғы рет лаплап барасаң.
Хош қалыңлар, арзыў-шәменлер ели,
Бүгин айнымалы тәғдирдиң жели,
Ығызып барар мен минген кемени,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң?
Журналист Қундыз Жумағулова
@X_Dauletnazarov
Жыр емес, ол мениң жүрек сырларым,
Алынар ўақ келди гүллер қырманын,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң!-деп өткен әсирде хит дәрежесине шыққан бул қосықты ҳәммемиз ыңылдап айтқанбыз.
Усы қосықтың авторы, Қарақалпақстан халық шайыры, устазымыз Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВты бүгинги туўылған күни менен шын жүректен қутлықлаймыз!
Халық сүйген шайыр, устазымызға узақ өмир, беккем денсаўлық, шаңарағында аманлық, дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеймиз!
Аты-жөним қосық пенен тарады,
Бираз қызлар қызығып-ақ қарады,
Бүгин олар қыя бақпай барады,
Кеўлиңде бир гийне сақлап барасаң!
Сени ойлай берип кеўлим езилди,
Саған айталдым ба айтар сөзимди?
Шадлықка паянсыз муңлы көзимди,
Жангенем, сен бүгин жаслап барасаң!
Табалдым ба кеўлим аңсаған ярды,
Әрманлаў менен-ақ шашым ағарды,
Жүрек гүз паслынан тапты хабарды,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң.
Кеўлим сезимлерге болған тасқынлы,
Жүрек дәртсизлерге бизди қас қылды,
Алдап сөз айтпадым, тийдим нәпсимди,
Мәгар бул исимди жаклап барасаң?!
Бул жолда көп екен өткел, дығырық,
Оннан жүрип емес өттим жүгирип,
Қыл қыймас жан достым жүзиң үгирип,
Енди… ең соңғы рет лаплап барасаң.
Хош қалыңлар, арзыў-шәменлер ели,
Бүгин айнымалы тәғдирдиң жели,
Ығызып барар мен минген кемени,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң?
Журналист Қундыз Жумағулова
@X_Dauletnazarov