ҚАРАҚАЛПАҚ ТОПЫРАҒЫЕлге ерсең, халыққа берсең қолыңды,
Ығбал жақтыртады өмир жолыңды,
Бунда не көгерсе бәри болымлы,
Ҳасыл топырақ Қарақалпақ топырағы.
Ески Жәйҳун бойы мәкан-турағы,
Өзлигин сөйлер ҳәр нағыс, қурағы,
Узап кетсең мергиядай тартады,
Мийрим топырақ - Қарақалпақ топырағы.
Ақшам Ай, күндиз Кун нуры егилген,
Тилинен шежире дүри төгилген,
Сыр шертер тас жазыўлы - Күл Тегиннен,
Әййем топырақ Қарақалпақ топырағы.
Шайыр-жыраўлары дәстан тоқыған,
Қәлбин заманалар қусы шоқыған,
Дүньяның көп сабақларын оқыған,
Дана топырақ Қарақалпақ топырағы.
Сөзи ырғағында толқынласар саз,
Жыршысында гүмис мәўижли ҳауаз,
Қызларында сонша сулыўлық ҳәм наз,
Сырлы топырақ Қарақалпақ топырағы.
Бул жердиң жүзине көп түскен әжим,
Халық деп шейит кеткен Аллаяр, Нәжим,
Ҳәр әўлад бас ийип, етисер тәжим,
Уллы топырақ Қарақалпақ топырағы.
Бабалар бул журтты қорғап қырағы,
Көп жанып, көп өшкен үмит шырағы,
Қанша тулғаларын бийўак жоғалтқан,
Дәртли топырақ Қарақалпақ топырағы.
Едигениң ат ойнатқан жерлери,
Ерназардың қат-қат жүрек шерлери,
Наўрыз, Пиржан, Мәтекедей ерлери,
Қайсар топырақ Қарақалпақ топырағы.
Тулпардай тапланған, бүркиттей түлеп,
Және ким буныңдек сыбанар билек,
Дуньяға бир келген Камал Қаллибек,
Сүрме топырақ Қарақалпақ топырағы.
Төлепберген, Ибрайымға шөгип диз,
Мәгар, көп әўладлар көриседи жүз,
Пирлерди бар еткен халыққа әлҳәббиз,
Ана топырақ Қарақалпақ топырағы.
Көп қалпып алынып елдиң каймағы,
Көп қулап-тикленген миллет байрағы,
Арзыў-үмит уўызын емген тайлары,
Әрман топырақ Қарақалпақ топырағы.
Ары төрлей бермей қайтайық бери,
Кән-байлық қыр-ойы, есиги-төри,
Менделеевтиң барлық элементлери,
Қат-қат топырақ Қарақалпақ топырағы.
Бунда не қәрият, бар қандай сыры,
Қуба-куп қарылмыш – жер, суў, күн нуры,
Қайта тирилтер женьшень-боян тамыры,
Шыпа топырақ Қарақалпақ топырағы.
Сүрден туқым алып әкеткен еллер,
Лекин, бундағыдай туўмаған төллер,
Көктен бир илаҳий урылмыш демлер,
Торқа топырақ Қарақалпақ топырағы.
Мийўасы, жемиси соншелли шийрин,
Көкирегинде мумдай балкыған мийрим,
Маңлайынан бир-бир келеди сүйгиң,
Қызғын топырақ Қарақалпақ топырағы.
Басында дубирлеп дәўри-дәўраны,
Бунда көш дүзеген дослық кәрўаны,
Халкымның шашланар шадлық қырманы,
Арыў топырақ Қарақалпақ топырағы.
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (394-395-б) Нөкис. “Билим” 2011.Канал:
@X_Dauletnazarov