#Рамазан_ҳайыты_2025
Үлкен саўапларға ерисиў ўақты
Ҳайыт күнине өтер түни Қуран тиләўаты, зикир, тасбиҳ ҳәм нәпил намазлар оқып өткериў менен үлкен саўапларға ерисиледи. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким еки ҳайыт түнин Аллаҳтан саўап үмитинде қайым қылса, қәлблер өлетуғын күнде оның қәлби өлмейди», – деген (Имам Ибн Мажа, имам Табараний рәўияты).
- Ғусыл қылыў. «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам питир, азҳа ҳәм арафа күнлери ғусыл қылар еди» (Имам Ибн Мажа рәўияты).
- Ең жақсы, жаңа яки таза кийимлерди кийип, хош ийис сүртиў. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳайыт намазына шырайлы тонларды кийип шығатуғын еди.
- Ҳайыт намазына шығыўдан алдын бир нәрсе жеп алыў. «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Рамазан ҳайыты күни бир неше қурма жеп (кейин мешитке) шығатуғын еди. Тақ жейтуғын еди» (Имам Бухарий ҳәм имам Термизий рәўияты).
- Мешитке илажы барынша пияда ҳәм ерте барыў. «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам еки ҳайыт намазына пияда жүрип шығатуғын еди» (Имам Ибн Мажа рәўияты).
- Мешитке жетип барғанша «Ләә иләҳә иллаллоҳу ўаллоҳу әкбәр» сыяқлы зикирлерди айтып барыў.
- Ҳайыт намазынан алдын, қуяш шыққаннан соң басқа ҳеш бир нәпил намаз оқымаў. Бул ўақытта таҳийятул масжид яки басқа нәпил намазлар оқылмайды, ал зикир етип отырылады.
- Намазға бир көшеден барып, үйине басқа көшеден қайтыў. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сондай қылар еди.
- Ҳайыт пенен қутлықлаў. Саҳабалар: «Тақоббалаллоҳ миннә ўа минкум (Аллаҳ бизден де, сизден де қабыл етсин)», деп бир-бирин байрам менен қутлықлар еди.
- Ата-ана, өмирлик жолдас ҳәм жас балаларды қуўантыў.
- Шаңарақта байрам кейпиятын пайда етиў, саўғалар бериў.
- Ағайин-туўысқан, жасы үлкенлерди зыярат етиў.
- Қоңсы-қоба, яр-дос, таныс-билислерди байрам менен қутлықлаў.
Бизди социаллық тармақларда бақлап
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz