Toqpaq_ata_uz


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Religion


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Мойнақ районы "Тоқпақ ата" жаме мешитиниң Telegram каналы!

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Religion
Statistics
Posts filter


#рамазан_2025 #ораза_ўақты
02.03.2025 жыл

АЎЫЗ
ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:
«Нәўәйт
у ән асуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби хоолисол лилләҳи тәъааләә».

МӘНИСИ: Рамазан айының оразасын таң атқаннан Қуяш батқанға шекем қалыс Аллаҳ ушын тутыўға нийет еттим.

☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:
«Аллооҳ
уммә ләкә сумту ўә бикә әәмәңту ўә ъаләйкә тәўәккалту ўә ъаләә ризқиқә әфторту фәғфирлий йәә ғоффәәру мәә қоддәмту ўә мәә әххорту».

МӘНИСИ: Аллаҳым Сениң ушын ораза туттым. Саған ийман келтирдим, Саған тәўеккел еттим ҳәм Сениң берген ырысқың менен аўызымды аштым. Ҳәй гүналарды кешириўши Аллаҳ, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды кешир

МОЙНАҚ РАЙОНЫ ЎАҚТЫ МЕНЕН

АЎЫЗ Ж
АБЫЎ 06:15
АЎЫЗ АШЫЎ 18:56

Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

Telegram
https://t.me/Toqpaq_ata_uz


#Рамазан

   ОРАЗАНЫ БУЗБАСА ДА ПАЗЫЙЛЕТИН КЕТКИЗЕТУҒЫН ӘМЕЛЛЕР

   Айырым әмеллер оразаны бузбайды, бирақ ораза тутыўшыға берилетуғын пазыйлетлерди жоқ қылып жибереди. Олар төмендегилер:

  1.  Нәмәҳрамға қараў;
  2.  Ғыйбат қылыў;
  3.  Фаҳш сөзлерди айтыў;
  4.  Өтирик сөйлеў;
  5.  Ғыйбат ҳәм өтирик сөзлерди еситиў;
  6.  Сатып бериў
(шағымшылық);
  7.  Биреўге азар бериў (тил ямаса қол менен);
  8.  Қәлбти қарайтатуғын қосықлар тыңлаў;
  9.  Ўақытты кеткизетуғын бийкаршы ойынларды ойнап Аллаҳтың зикиринен шалғып қалыў;
  10.   Шаҳўаты күшли инсанлар ҳаялын сүйип қушақлаўы.


   Бизлер ораза болып турып усы нәрселерден сақланбайды екенбиз, онда тек аш жүргенимиз қалады. Солай екен, бар жоғы бир ай даўамында усы нәрселердиң айырымларынан узақ болсақ, және айырымларынан пүткиллей узақлассақ, Аллаҳтың қәлеўи менен өмиримизге қут-берекет кириўи анық.

🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹

https://t.me/Toqpaq_ata_uz


#Рамазан_сораў_жуўап

   СОРАЎ:
Рамазанда қандай зикирлер уллы, қайсысын көп айтыў керек?

   ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим.
   Рамазан - Қураны кәрийм нәзил болған ай болғаны ушын, Қураны кәриймди басқа айларға қарағанда көбирек оқыў усыныс етиледи. Өйткени, Қураны кәрийм ең уллы, ең абзал зикир. Буннан басқа тасбиҳ (Субҳаналлоҳ), таҳлил (Ләә иләәҳә иллаллоҳ), истиғфар (Астағфируллоҳ), ҳәмд (Әлҳамдүлилләҳ), тәкбир (Аллаҳу әкбәр) ҳәм Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыў да ең абзал зикирлер есапланады. "Аллаҳ, Аллаҳ", деп жүриў де зикирдиң ең тилге аңсат көриниси. Ўаллаҳу әъләм.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы пәтиўа орайы.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/Toqpaq_ata_uz


Садақа бендениң мал дунясын азайтпайды керисинше Аллаҳ Таьала ол бендесиниң мал дунясына берекет береди.

Пайғамбарымыз с.а.у. кимде ким бир мусылманның ауырын жеңил қылса, Аллаҳ Таьала ол бендесиниң да бир қыйыншылығын жеңил қылады, дейди.
Мүбәрек Рамазан айының сауабынан бос қалмай жәннет есиклери ашылатуғын айда көбирек жақсы әмеллерди ислеуде жарысайық.

Пайғамбарымыз с.а.у. айтады кимде ким рамазан оразасын ийман менен сауап нийетинде тутса, оның алдынғы гүналары кешириледи деген.

Аллах Тьала тутқан оразамызды хәм ийгиликли ислеримизди қабыл етип Рамазан айынан Рамазан айына аман есен жеткере бергей.

Рамазан айы қутлы мүбарек болсын !

Рахимжан ТЛЕУБАЕВ, Мойнақ районы бас имамы, "Тоқпақ ата" жәмәә мешити имам-ҳәтиби.

https://t.me/Toqpaq_ata_uz


Ҳүрметли Мойнақ районы халқы!

Сиз әзийизлерди айлардың султаны болған мүбәрек Рамазан айына уатанымызды, халкымызды, мумин-мусылманларды аман –есен жеткерген Аллаҳ Таьалаға есапсыз шүкирлер болсын.

Сизлерди мумин мусылманлардың уллы айы болған Рамазан айы менен шын жүректен қутлықлайман.

Хәр бир шаңараққа ауыз биршилик хәм Аллаҳ Таьала рахметин және берекетин тилеймен.

Рамазан айы жақсы әмеллерди қылыу да жарысатуғын ай. Өйткени Аллаҳ Тағала қураны кәримде (Бакара сүресиниң 148 аятында былай дейди, солай екен жаксы ислерди қылыуда асығың ) дейди.

Ийгиликли әмеллердиң сауабы бир неше есеге көбейтип берилетуғын мүбарек Рамазан айында, кем тәмийнленген шаңарақларға хәм жетимлерге, көп балалы шаңарақларға жәрдем бергенимиз абзал.


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🌙 Ўзбекистон мусулмонлари идораси раиси, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратларининг
РАМАЗОН ОЙИ ТАБРИГИ

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Матбуот хизмати


#tabrik #qutlov #ramazon #2025
MUSLIM.UZ GA 😎 OBUNA BO'LING ✅ VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


Муборак Рамазон ойи кириб келиши муносабати билан Ўзбекистон халқига табрик

Поздравление народу Узбекистана с наступлением священного месяца Рамадан

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X


#рамазан_2025 #ораза_ўақты
01.03.2025 жыл

АЎЫЗ
ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:
«Нәўәйт
у ән асуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби хоолисол лилләҳи тәъааләә».

МӘНИСИ: Рамазан айының оразасын таң атқаннан Қуяш батқанға шекем қалыс Аллаҳ ушын тутыўға нийет еттим.

☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:
«Аллооҳ
уммә ләкә сумту ўә бикә әәмәңту ўә ъаләйкә тәўәккалту ўә ъаләә ризқиқә әфторту фәғфирлий йәә ғоффәәру мәә қоддәмту ўә мәә әххорту».

МӘНИСИ: Аллаҳым Сениң ушын ораза туттым. Саған ийман келтирдим, Саған тәўеккел еттим ҳәм Сениң берген ырысқың менен аўызымды аштым. Ҳәй гүналарды кешириўши Аллаҳ, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды кешир

МОЙНАҚ РАЙОНЫ ЎАҚТЫ МЕНЕН

АЎЫЗ Ж
АБЫЎ 06:17
АЎЫЗ АШЫЎ 18:54

Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

Telegram
https://t.me/Toqpaq_ata_uz


Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🌙Рамазан қутлықлаўы

🕌Ҳүрметли ўатанласлар!

Кеўиллеримизди қуўанышқа бөлеп, муқаддес Рамазан айы кирип келмекте. Усы мүнәсибет пенен сизлерди, гөззал журтымыздағы бәрше мөмин-мусылманларды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты жәмәәти атынан, республикамыздың бәрше имам-хатиблери атынан, сондай-ақ ислам билим журтымыз устаз ҳәм талабалары атынан шын қәлбимнен қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Мине, усындай пайызлы ҳәм уллы күнлерде бәршемиз дәслеп Аллаҳ таалаға шүкирлер айтыўымыз тәбийий.

Қәдирли ўатанласлар!

Бәршеңизди мүбәрек Рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети  менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман!

Жанажан ўатанымыз, елимиз, шаңарақларымыздан тынышлық, аўызбиршилик, қут-берекет ҳеш қашан тәрк етпесин!
Ийгиликли мақсетимиз ҳәм ислеримизде Аллаҳ Өзи ҳәмийше яр болсын!

🤣Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Forward from: Muslim.uz
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🌙 Ўзбекистон мусулмонлари идораси раиси, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратларининг
РАМАЗОН ОЙИ ТАБРИГИ

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Матбуот хизмати


#tabrik #qutlov #ramazon #2025
MUSLIM.UZ GA 😎 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


#Тараўиҳ #Рамазан_2025

🌙 БҮГИН ЕЛИМИЗДЕГИ ҲӘММЕ МЕШИТЛЕРДЕ ТАРАЎИҲ НАМАЗЫ ҲӘМ ҚУРАНЫ-КӘРИЙМ ХАТМЛАРЫ БАСЛАНАДЫ!

😐ЕСЛЕТПЕ: ТАРАЎИҲ НАМАЗЛАРЫ БАРЛЫҚ МЕШИТЛЕРДЕ 😵21:10 ДЕ ОҚЫЛАДЫ.

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
🙄 РАМАЗАННЫҢ БАСҚА АЙЛАРДАН ҚАНДАЙ ПАРҚЫ БАР?

🔸Бул айда Қураны Кәрийм нәзил болған;
🔸Бул айда (сол себепли) хатмы Қуран қылынады;
🔸Бул айда Аллаҳ тааланың мийрими жаўылады;
🔸Бул айда мусылманлар оразадар болады;
🔸Бул айда мың айдан абзал болған Қәдир түни бар;
🔸Рамазан айы сабыр айы;
🔸Дуўалар қабыл болатуғын ай;
🔸Ораза тутыў себепли тақўа пайда болады;
🔸Ораза инсанға нәпсини тыйыўды үйретеди;
🔸Ораза себепли инсан руўхыяты пәкленеди;
🔸Ораза себепли инсан денеси пәкленеди;
🔸Оразадардың тили ғыйбат, дөҳмет, шағымшылық киби гүналардан тыйылады;
🔸Оразадарда хожа көрсинлик болмайды;
🔸Оның қулағы бул айда гүналарды “еситпейди”;
Оның көзлери гүнаны «көрмейди»;
🔸Оразадардың қоллары гүна қылмайды;
🔸Оның аяқлары гүна жерлерге бармайды;
🔸Оразадар сәҳәрлик етип берекетке ериседи;
🔸Оразадардың аўызынан келетуғын ийис Аллаҳтың нәздинде мушки анбардан да жағымлы;
🔸Ораза қәлбти басық, иззетли етеди;
🔸Бул ай тәўбелер қабылланыўшы ай есапланады;
🔸Бул ай мағфират айы;
🔸Жәннет есиклери ашып қойылған ай;
🔸Дозақ есиклери жаўып қойылған ай;
🔸Шайтанларға кисен салынып қойылған ай;
🔸Рамазан – бендени Аллаҳға жақынластыратуғын ай;
🔸Бул ай – сахыйлық айы;
🔸Бул айда қылынған жақсылықлар саўабы он еседен жети жүз есеге шекем көбейтип жазылады;
🔸Рамазан – садақа ҳәм иҳсанлар қылынатуғын ай;
🔸Мүтәжлерге жәрдем қолы созылатуғын ай;
🔸Бул айда зәкат берип, ҳақылылар бахтияр етиледи;
🔸Питир садақасы берилип, мискинлер дуўасы алынады;
🔸Зәкат бериўшиниң мал-дүньясы пәкленеди;
🔸Зәкат бериўшиниң мал-мүлкине берекет бериледи;
🔸Бай менен кәмбағал арасындағы кек, гийне жоқ болады;
🔸Әғайин-туўысқанлық байланыслары беккемленеди;
🔸Оразаның сыйлығын Аллаҳтың Өзи береди, яғный Оразадарға берилетуғын саўап ҳәм жақсылықлар муғдарын Аллаҳтан басқа ҳеш ким билмейди;
🔸Оразадар Райян атлы есиктен Жәннетке киреди.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
#мағлыўмат

ТАРАЎИҲ НАМАЗЫ

🌱 Тараўиҳ сөзи «тарўиҳа»ның көплиги болып, "рәҳәтлениў", деген мәниде.

🌱 оның шәрияттағы ҳүкми – сүннет;

🌱 тараўиҳ намазын үйде жалғыз оқығаннан мешитте жәмәәт болып оқыған абзал;

🌱 тараўиҳ намазы қуптан намаздан кейин, ўитр намаздан алдын оқылады;

🌱 тараўиҳ намазы жигирма рәкаттан ибарат;

🌱 Рамазан айында бир мәрте хатм етилип, Қураны кәрийм бастан ақырына шекем оқып шығылады;

🌱 Ҳәдиси шәрийфте: «Ким Рамазан айында ийман менен, саўап үмитинде түнди қайым қылса (тараўиҳ оқыса), өткен гүналары кешириледи» делинген.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
#Тараўиҳ #Рамазан_2025

🌙 БҮГИН ЕЛИМИЗДЕГИ ҲӘММЕ МЕШИТЛЕРДЕ ТАРАЎИҲ НАМАЗЫ ҲӘМ ҚУРАНЫ-КӘРИЙМ ХАТМЛАРЫ БАСЛАНАДЫ!

😐ЕСЛЕТПЕ: ТАРАЎИҲ НАМАЗЛАРЫ БАРЛЫҚ МЕШИТЛЕРДЕ 😵21:10 ДЕ ОҚЫЛАДЫ.

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Forward from: Toqpaq_ata_uz
28—ФЕВРАЛЬ 2025—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 

🕌    ТАҢ — 06:21

🕌    ҚУЯШ — 07:42

🕌    ПЕСИН — 13:16

🕌    НАМАЗЛЫГЕР — 17:05

🕌    ШАМ — 18:54

🕌    ҚУПТАН — 20:13

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:👇

👉  https://t.me/Toqpaq_ata_uz


Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🤣 Руўхый-ағартыўшылық мазмундағы үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылды

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Хүрметли Мойнақ районы турғынлары 2025/1446-жыл ушын РАМАЗАН календары шыққанлығын хабарлаймыз. Календар алыўшылар "Тоқпақ-ата" мешитнен алсаңыз болады.

https://t.me/Toqpaq_ata_uz


Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
РАМАЗАН АЙЫ 1-МАРТТАН БАСЛАНАДЫ

✍️Өзбекстан Республикасы Президенти "Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳаққында"ғы қарарына қол қойды.

🌙 Усы қарарға бола, 2025-жылғы мүбәрек Рамазан айының басланыўы 1-март күнине туўры келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары басқармасының мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилди.

🤲 Алла таала Рамазан айында қылатуғын ибадат, дуўа ҳәм барлық жақсы әмеллеримизди қабыл етсин, саўабын еселеп берсин.

🤲 Жаратқан халқымызға тынышлық, турақлылық ҳәм аманлық несип етсин. Рамазан мүбәрек болсын!

✅ Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспасөз хызмети

#хабар #рамазан

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Мойнақ районы Тоқпақ ата жәмәәт мешитинде, мешит уәкиллери хәм хызметкерлери қатнасында Рамазан айын мүнәсип күтип алыу бойынша жыйналыс болып өтти.

https://t.me/Toqpaq_ata_uz


27—ФЕВРАЛЬ 2025—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 

🕌    ТАҢ — 06:22

🕌    ҚУЯШ — 07:44

🕌    ПЕСИН — 13:17

🕌    НАМАЗЛЫГЕР — 17:04

🕌    ШАМ — 18:53

🕌    ҚУПТАН — 20:11

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:👇

👉  https://t.me/Toqpaq_ata_uz

20 last posts shown.