ЖУМА НАМАЗЫ
«Жума» сөзи «жәм болыў, топланыў» деген мәнини аңлатады. Аллаҳ таала мөминлерге жума намазын парыз қылған, буйырған: «Ҳәй ийман келтиргенлер! Жума күнинде, намазға (азан) шақырылса, Аллаҳтың зикрине (имамның хутбасын тыңлаў ушын) асығың ҳәм саўданы қойың!»
(«Жума» сүреси, 9-аят).
Ал, усы күни жәмәәт болып орынланатуғын намаз «жума намазы» делинеди. Аллаҳ таала аспанлар ҳәм жерди жума күни жаратқан, Адам Атаны усы күни жаратқан, оны усы күнде жәннетке киргизип, ол жерден шығарған. Қыямет те жума күни келеди. Бул күнде дуўалар қабыл болатуғын айрықша саат бар, мөминниң Аллаҳ тааладан жақсылықты сорап кылатуғын тилек-дуўасы сол ўақытқа туўры келип калса, Аллаҳ оны әлбетте қабыл етеди. Жума намазы мискин-пақырлардың
ҳажына теңлестириледи.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube