Forward from: XALÍQ USHÍN ⚖️
❓Сатып алынған затты нуқсаны болмаса да басқасына алмастырып алыўға бола ма?
✅ Министрлер Кабинетиниң 13.02.2003-жылдағы 75-санлы қарарына тийкар, пуқара сатып алынған нуқсаны болмаған азық-аўкат емес затты 10 күнниң ишинде (егер сатыўшы оннан көбирек мүддет белгилемеген болса) тап сондай өлшем, форма, габарит, фасон, реңдеги ямаса комплектациядағы затқа алмастырып алыўға ҳақы бар.
❗️Сатып алынған затты алмастырыў ушын оннан пайдаланылмаған, ҳеш бир жерине зыян тиймеген, ыдысы пүтин, барлық қәсийетлери сақланған ҳәм чеклери және ҳүжжетлери болыўы керек.
🔄 Егер сатып алынған заттың баҳасы алмастырылып атырған заттың баҳасынан парық қылса есап-санақ қылынады. Яғный сатып алынған зат қымбат болса, сатыўшы оның үстиндеги пулын қайтарып береди, ал арзан болса, пуқара сатыўшыға оның парқын төлейди.
⚠️ Алмастырыў ушын сатыўшыда пуқара қәлеген түрдеги зат болмаса, пуқара сатып алынған затты сатыўшыға қайтарып берип, зат ушын төлеген пулын толық қайтарып алыўға ҳақылы.
☝️Бирақ, мына https://lex.uz/docs/243235#466758 дизимде көрсетилген затларды сатып алғаннан кейин алмастырыў мүмкин емес.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
👉 @XALIQ_USHIN - рәсмий ҳәм исенимли канал